Президент: реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық ҳәм иркиниш - бул коррупция

    Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында коррупцияның алдын алыў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған кеңейтилген мәжилис басланды.

    Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында реформалар шешиўши басқышқа кирип атырған ҳәзирги ўақытта елимизде коррупциядан жырақ орталық жаратыў бойынша жумысларға баҳа берип, келешектеги ўазыйпаларды анық белгилеп алыў зәрүрлигин атап өтти.

    "Реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық ҳәм иркиниш - бул коррупция болып есапланады. Буны дүнья тәжирийбеси де толық тастыйықлайды.

    Коррупция ақыбетинде жәҳән экономикасы жылына 3 триллион доллар зыян көрип атырғаны бул глобаллық қәўип екенинен дәрек береди.

    Коррупция сондай жаўыз иллет, ол халықтың мәмлекетке, Конституция ҳәм нызамлар исенимине зыян жеткереди, турақлы раўажланыў ҳәм қәўипсизлик ушын үлкен қәўипке айланады", - деди Президент.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates