Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.
Мәжилисти Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низомхўжаев ашты.
Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни жаңлады.
Биринши мәжилистиң Ўақытша секретарияты, Есап-санақ комиссиясы ҳәм Даўысларды есаплаў электрон системасынан пайдаланыўды қадағалаўшы ўақытша топары сайлап алынды ҳәм күн тәртиби тастыйықланды. Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Нызамшылық палатасына болып өткен сайлаў жуўмақлары ҳаққында мәлимлеме берди.
Сиясий партиялар ўәкиллери кеңеси усынысына бола, депутатлар жасырын даўыс бериў жолы менен Нуриддин Исмоиловты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери етип сайлады.
Буннан соң мәжилиске басшылық етиў ўәкиллиги Спикерге өтти. Спикердиң орынбасарлары да сайланды. Бес сиясий партияның фракциялары дизимге алынды, олардың келисилген усынысларына муўапық Нызамшылық палатасына он комитет дүзилди.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында депутатларды сайланғаны менен қутлықлап, бул халқымыздың жоқары исеними ҳәм ҳүрметиниң көриниси екенин атап өтти.
Быйылғы парламент сайлаўы жаңаланған Конституциямызға муўапық өткерилген биринши сайлаў сыпатында тарийхқа киргени айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, бул процесс биринши мәрте аралас сайлаў системасында өтти.
Сайлаўлар нәтийжесинде Нызамшылық палатасына 150 депутат сайланды. Олардың 57си ҳаял-қызлар, 11 и 35жасқа шекемги жигит-қызлар болды. Улыўма, быйыл төменги палатаның қурамы дерлик 60 процентке жаңаланды.
Палатаның соңғы бес жылдағы жумысына баҳа берилди. Бул дәўирде мәмлекетимиз Конституциясы жаңаланды. 130 дан артық жаңа ҳәм бир тутас нызамлар қабыл етилди. Бул – алдынғы дәўирге салытырғанда 1,5 есеге көп.
Президент парламент итибарынан шетте қалған мәселелерге де тоқталып өтти. Мысалы, тиккелей ислейтуғын ҳәм анық атқарыў механизмлерине ийе нызамлар үлеси кемлигинше қалмақта. Парламент ҳәм депутатлық қадағалаў күшинен толық пайдаланылмай атыр. Депутатлардың сайлаў округиндеги жумысы тийкарынан ушырасыўлар шөлкемлестириў, шағым ҳәм сораўларға рәсмий жуўап бериў менен шекленип қалмақта.
Мәмлекетимиз басшысы Нызамшылық палатасы алдындағы жаңа ўазыйпалар ҳаққында өз пикирлерин билдирди.
Соның ишинде, пуқаралық жәмийети институтлары менен қарым-қатнасты күшейтиў мақсетинде ҳәр бир комитет жанында олардың ўәкиллеринен ибарат жәмийетшилик кеңеслерин дүзиў усыныс етилди.
Парламент комитетлери министрликлер менен ислесиўде тек ғана қадағалаў ҳәм талап етиў емес, ал олар менен жақыннан бирге ислесиўи әҳмийетли. Партиялық ҳәм фракциялық интизамды беккемлеў мәселеси де тийкарғы итибарда болыўы керек.
Президент нызам дөретиўшилиги, ең дәслеп, жәмийеттеги әҳмийетли мәселелер шешимине қаратылыўы керек екенин атап өтип, бир қатар нызамшылық басламаларын алға қойды. Атап айтқанда, ескирген турақ-жайлардың орнында заманагөй турақ-жайларды қурыў, пуқаралардың турақ-жай қурылысына қаратылған қаржыларын кепилликли қорғаў, жеке меншик билимлендириў ҳәм электр энергетикасы тараўында инвесторларды қоллап-қуўатлаў, мәжбүрий медициналық қамсызландырыў ҳәм жасалма интеллектти қолланыў, франчайзинг, капитал базары, «стартап»лар тараўындағы мүнәсибетлердиң нызамлы тийкарларын жаратыў ўазыйпасы қойылды.
Идеялар гүресин жанландырыў ушын парламенттеги оппозицияға кепилликленген ҳуқықларының санын 3 тен 6ға арттырыў, 1 комитет баслығы ҳәм 2 комитет баслығы орынбасары лаўазымларын кепилликли ийелеў, ҳәр шеректе «Ҳүкимет сааты» ҳәм парламент сораўы шеңберинде кеминде биреўден мәселе киргизиў сыяқлы қосымша ҳуқықлар бериў усыныс етилди.
Парламент қадағалаўынде кең көлемли, сапалы қадағалаў системасына өтиў зәрүрлиги атап өтилди. Атап айтқанда, жаңаланған Конституциямызға бола, Мәмлекетлик бюджет орынланыўының үстинен қадағалаўды әмелге асырыў Нызамшылық палатасының абсолют кепиллигине киреди. Соның ушын палатаның усы бағдардағы жумысын және де күшейтиў, соның ишинде, Ҳүкиметтиң мәмлекетлик бюджетке байланыслы барлық есабатларын палатаға тек ғана Бюджет кодексинде белгиленген аудит жуўмағы менен биргеликте киргизиў әмелиятына өтиў керек екени айтылды.
Мәмлекетимиз басшысы инвестиция бағдарламаларын таярлаўда депутатлар да қатнасатуғын, олардың пикири инабатқа алынатуғын система жаратыў зәрүрлигин атап өтти. Буннан тысқары, аймақлардың қаржы имканиятларын арттырыў мақсетинде келеси жылдан жер, мүлк ҳәм айланыс салықларын толық, дәрамат салығының болса кеминде 50 процентин район ҳәм қаланың өзинде қалдырыў усыныс етилди.
Пуқаралардың басламаларын жедел қоллап-қуўатлаў мақсетинде Нызамшылық палатасы жанында Жәмийетлик басламалар бойынша парламент комиссиясын шөлкемлестириў ҳаққында пикир билдирилди.
Парламент дипломатиясы – мәмлекетимиз сыртқы сиясатында әҳмийетли қурал. Бундай байланысларды және де раўажландырыў мақсетинде төменги палатада нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеми келисимлеринее үйлестириў, климат өзгериўи ақыбетлерин кемейтиў ҳәм «жасыл» экономикаға өтиўди тезлестириў мәселелери бойынша парламент комиссияларын шөлкемлестириў усынысы алға қойылды.
Президентимиз отыз жети миллионнан артық халыққа ийе Өзбекстандай үлкен мәмлекеттиң парламенти ағзасы болыў үлкен мәртебе екенин атап өтти.
– Депутат бул халық хызметшиси, бәршеге өрнек болатуғын, сиясий билим ҳәм санасы жоқары, өз Ўатанын шын жүректен жақсы көретуғын инсан. Шаңарақ, мәҳәлле ҳәм пүткил жәмийетте тынышлық, меҳир-ақыбет ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, халықаралық майданда Өзбекстан мәплерин исенимли қорғаўда халқымыз, бәршемиз ең дәслеп сизлерге сүйенемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте сиясий партиялар фракция басшылары ҳәм депутатлар шығып сөйледи. Президентимиз пикирлерди қоллап-қуўатлап, депутатларды жанкүйер ҳәм халықшыл болыўға шақырды.
– Сиз орынлардағы адамлардың ўәкили, халықтың ҳаўазысыз. Уллы халқымыз билдирген исенимге мүнәсип болыўыңыз керек. Ҳәр бир мәселеге қатнаста, нызамлар ислеп шығыўда узақ-жақын районлардағы инсанларды көз алдыңызға келтирип, тек ғана бүгинди емес, келешек әўлардарды да ойлап ис тутсаңыз, елимиз сизден разы болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасының қарарлары қабыл етилди.