Мәмлекетимиз басшысы дәслеп жер асты автомобиль турыў орны ҳәм пиядалар өтиў жолының қурылысын көзден өткерди.
40 мың квадрат метр майданда қурылып атырған 100 миллион долларлық автомобиль турыў орнында биринши басқышта 200 автомобиль, 30 мотоцикл ҳәм скутерди жайластырыў имканияты жаратылады. Пиядалардың қолайлы ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениўи ушын төрт тәреплемели жол қурылады.
Бул жерде автоматластырылған тоқтаў орынлары, велосипед ижарасы ҳәм электромобиллерди қуўатландырыў шақапшалары шөлкемлестириледи. Оны 2026-жылы пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Президентимиз заманагөй автомобиллер туратуғын орынларды көбейтиў, олардың халық ушын максимал дәрежеде арзан ҳәм қолайлы болыўын тәмийинлеў, электромобиллердиң үлеси артып атырғанын есапқа алып, қуўатландырыў инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў бойынша көрсетпелер берди.
Жаңа Ташкентте министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын шөлкемлестириў ушын ҳәкимшилик имаратлар да қурылмақта.
Атап айтқанда, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлигиниң жаңа модулли имараты қурылды.
1,4 гектар майданда жеңил металл конструкциялар ҳәм сендвич панеллерден таярланған, базальт пенен қапланған, улыўма майданы 5751 квадрат метр болған 5 бир қабатлы имарат қурылды.
Имарат министрликтиң орайлық аппараты ҳәм оған қараслы барлық шөлкемлерди бир жерге жайластырыў имканиятын береди, бул болса мәкемелер арасындағы бирге ислесиў ҳәм жумыс процеслериниң нәтийжелилигин арттырады.
Жеңил конструкциялар ҳәм энергия үнемлеўши сендвич панеллер, бийғәрез канализация системасы, сондай-ақ, нәтийжели орайласқан ысытыў, суўытыў ҳәм вентиляция системасы имараттан пайдаланыў қәрежетлерин азайтыў, келешекте оны кеңейтиў ямаса демонтажлаў имканиятын береди.
Ҳәзирги ўақытта жаңа имаратта министрликтиң орайлық аппараты ҳәм оған қараслы шөлкемлерде жумыс алып барып атырған 550 хызметкер жумыс ислемекте.
Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги жанындағы Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў республикалық орайы да усы имаратта жайласқан.
Ҳәзирги күнге шекем орай "Шаффоф қурилиш" миллий мәлимлеме системасы тийкарында бир қатар платформаларды иске қосқан.
Мәмлекетимиз басшысына бул платформалардың жумысы ҳаққында мәлимлеме берилди.
Атап айтқанда, қала ҳәм районлардың аймақларына тийисли барлық социаллық-экономикалық мағлыўматлар "Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қала қурылысы кадастры" географиялық мәлимлеме системасында бирден-бир санлы мағлыўматлар базасына бирлестирилди. Геопортал арқалы елатлы пунктлердиң үш өлшемли "санлы егизлери" ислеп шығылды, реконструкция ҳәм реновация зоналары белгиленди, аймақларды комплексли таллаў имканияты жаратылды.
Бас режелерди ислеп шығыў ҳәм жәмийетшиликтиң додалаўы, олар тийкарында қурылысқа руқсат бериў процесслери толық санластырылды.
Бүгинги күнге шекем 20 қала, 22 посёлка ҳәм 843 районлық халықтың санлы бас режеси ислеп шығылып, геопорталға жайластырылды.
"Рейтинг" электрон платформасы арқалы қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң жумысын баҳалаў автоматластырылған. "Тендер" электрон платформасы министрликлер ҳәм уйымлардың электрон системалары менен интеграцияланған. "Қурылыс тараўында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў" электрон платформасының жаңа версиясы ислеп шығылып, тараўдағы 9 хызмет толық қамтып алынған.
Сондай-ақ, "Жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў", "Қурылыста мәмлекетлик қадағалаў", "Мениң үйим", "Мениң аймағым", "Жыллылық тәмийнатының биллинг системасы" сыяқлы платформалар жумыс алып бармақта.
Жуўапкерлерге системаны буннан былай да жетилистириў ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Президентимиз жас қәнигелер менен де сәўбетлести.
- Бүгин кешеги билимлерге сүйенип, үлкен нәтийжелерге ерисип болмайды. Буның ушын турақлы үйрениў, анық пәнлерди, бәринен бурын, мәлимлеме технологияларын терең өзлестириў зәрүр. Бул қурылыс тараўы ушын да принципиал әҳмийетке ийе, - деди мәмлекетимиз басшысы.