"Биринши қоңыраў" илажларынан соң оларға арнап "Президент саўғасы" сыпатында таярланған оқыў қураллары салтанатлы түрде тапсырылады. Ҳәзирги ўақытта "Президент саўғасы"н жеткерип бериў жумыслары қызғын қызғын алып барылып атыр.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мағлыўматына бола, усы жылы социаллық, өндирислик бағдарламалар ҳәм басқа да дәреклер есабынан елимиздеги 379 мектепте қурылыс-оңлаў жумыслары орынланбақта. Бул ис-ҳәрекетлер 112 мыңға шамалас оқыўшы орнын ашыўға, 73 мыңнан аслам орынға ийе оқыў имаратларының толық оңланыўына хызмет етеди. Сондай-ақ, жаңа оқыў жылында 30 дан аслам жаңа мектеп өз искерлигин баслайды.

2025-2026-оқыў жылында мәмлекетимиздеги 10 мың 200 ге жақын улыўма билим бериў мектебинде 6,7 миллион оқыўшы жаңа оқыў жылы сабақларына кириседи. Бүгинги күнге шекем 665 мың (90 процент) ул-қыз 1-классқа қабыл етилди. Қабыллаў процеси 15-августқа шекем даўам етеди.

"Президент саўғасы" қурамында өзгерислер бар ма?

Дәстүрге бола, "Президент саўғасы" қурамында 12 атамадағы оқыў қураллары - портфель, 12 бетли дәптер, ручка, әпиўайы қәлем, 12 реңдеги қәлемлер топламы, реңли қағаз топламы, пластилин, сүўрет дәптери, өширгиш, 12 реңдеги акварель бояўы, желим (клей), қәлем салғыш бар. Бул оқыў қураллары министрлик жанындағы "Билимлендириў-тәмийнат ҳәм логистика" хызмети тәрепинен 1-10-август күнлери аймақларға, 10-20-август күнлери мектеплерге толық жеткерип бериледи.

1-классқа қабыл етилип атырған ҳәр бир баланы "Президент саўғасы" менен өз ўақтында тәмийинлеў мақсетинде министрликтиң adm.maktab.uz электрон платформасы арқалы мектеплер кесиминде балалардың атпа-ат дизими қәлиплестирилди (бунда мәмлекетлик емес ҳәм басқа да министрлик жанындағы мектеплердиң оқыўшылары да есапқа алынған). Оқыў қуралларының сапасы ҳәм санитариялық-гигиеналық талапларға сәйкеслиги ҳаққында "Өзбекстан илимий-сынаў ҳәм сапа қадағалаў орайы" мәмлекетлик мәкемесиниң "Ташкент" өнимлерди сертификатластырыў уйымы тәрепинен муўапықлық сертификаты алынған. Жуўапкерлердиң атап өтиўинше, өткен жылдан баслап сумкалар ул ҳәм қыз балалар ушын бирдей ашық реңлерде, оқыў қуралларының аўырлығына, ҳәттеки баланың психологиясына сәйкеслеп таярланбақта. Қысқасы, оқыў сумкасының техникалық талаплары толық қайта исленди.

— Өткен жылы үлкен перзентим мектепке барып еди. Көплеген аналардың айтыўынша, "Президент саўғасы" сыпатында берилген мектеп сумкасы алдынғыларынан әдеўир беккем ҳәм шырайлы исленген. Реңлери де талғам менен таңланған. Быйыл екинши перзентим 1-классқа барады. Ол да "Президент саўғасы"н толқынланып күтип атыр. Балаларымызды мектеп турмысының биринши күнинен руўхландырып атырғаны, ата-аналарға жеңиллик берип атырғаны ушын мәмлекетимизге рахмет. Мениңше, ҳеш бир елде бундай саўға берилмесе керек, — дейди бектемирли Сайёра Нишонова.

Усы күнлерде мектеп муғаллимлери оқыўшыларды мүнәсип күтип алыўға таярланбақта. Әсиресе, болажақ 1-класс муғаллимлериниң қолы қолына тиймей атырғаны анық. Класс бөлмесин байрам кейпиятындай етип безеў, саўғаларды жайластырыў сыяқлы жумыслар оларды шаршатпайды, керисинше устазлық меҳирин арттырады.

— Жаңа оқыў жылында 122 баланы 1-классқа қабыл етемиз. Ҳәзирги ўақытта олардың ҳүжжетлерин қәлиплестириў үстинде ислеп атырмыз. Ҳәр жылы "Президент саўғасы"н қабыллап алыў ҳәм ийелерине жеткериўдей жуўапкершиликли ўазыйпаны мақтаныш пенен орынлаймыз. Себеби, биринши мәрте оқыў сумкасын услаған бала ҳәм ата-анасының жүзиндеги қуўанышты көрип, барлық шаршағанымыз шығып кетеди, — дейди Әндижан ўәлаяты Жалақудуқ районындағы 4-мектеп директоры Наргиза Қурбонова.

Бектемирли Сайёра Нышанованың соңғы гәпинен соң ойланып қалдым. Ҳақыйқатында да және қайсы мәмлекетте 1-класс оқыўшыларына "Президент саўғасы" бериледи екен, деп дереклерди изледим. Бул бойынша ҳеш қандай мағлыўмат шықпағаннан соң, жасалма интеллектке мүрәжат еттим. Оның төмендеги тез жуўабы (анық келтирилген) усы елде жасап атырғанымнан бахыт сезимин және де арттырды:

"Сизиң сораўыңызға туўрыдан-туўры жуўап — усы ўақытқа шекем белгили дәреклерде бир ғана мәмлекет — Өзбекстанда Президент тәрепинен 1-класс оқыўшыларына саўға, яғный оқыў қураллары (портфель, реңли қағаз, қәлемлер, дәптерлер ҳәм басқалар) берилиўи ҳаққында мағлыўмат бар. Ҳәзир басқа мәмлекетлерде усындай рәсмий мәмлекет тәрепинен берилетуғын Президент саўғасы дәстүри ямаса басламасы болыўы ҳаққында анық мағлыўматлар табылмады. Мәселен, Германия, Австрия, Швейцария ҳәм Чехияның немис тиллес аймақларында балаларға “Schultüte” — қант ҳәм ойыншықлар менен толтырылған конус тәризли саўғалар бериў дәстүри бар, бирақ бул мәмлекет басшылары тәрепинен емес, көбирек ата-аналар ямаса жақынлары тәрепинен бериледи.

Муножат МЎМИНОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы "Биринши қоңыраў" илажларынан соң оларға арнап "Президент саўғасы" сыпатында таярланған оқыў қураллары салтанатлы түрде тапсырылады. Ҳәзирги ўақытта "Президент саўғасы"н жеткерип бериў жумыслары қызғын қызғын алып барылып атыр.

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы