Бул жерде алдыңғы функционал имканиятлары ҳәм техникалық өзгешеликлери менен ажыралып туратуғын бронланған ҳәм арнаўлы техникалар, сондай-ақ, аралықтан басқарылатуғын бир неше түрдеги жаўынгерлик модуллер ислеп шығарыў жолға қойылған.

Бул шешимлер көшпели ҳәм стационар нышанларды, соның ишинде, көриў имканияты шекленген шараятларда зыянлаўды тәмийинлейди, автоматластырылған басқарыў, турақластырыў, оптикалық ҳәм акустикалық бақлаў системалары, сондай-ақ, заманагөй бағдарлаў қураллары менен тәмийинленген.

Мәмлекетимиз басшысына тийкарғы бөлеклерди жыйнаў, оптикалық-электрон ҳәм турақластырыў системаларын орнатыў, герметикликти программалық түрде сазлаў ҳәм қадағалаў, қурал-жарақларды интеграциялаў ҳәм комплексли сынақлардан өткериўди өз ишине алған өндирислик цикл ҳаққында мағлыўмат берилди. Жуўмақлаўшы басқыш - таяр модуллерди жеңил бронланған техника үлгилерине орнатыў ҳәм оларды полигон шараятында тексериў.

Жаўынгерлик модуллер ҳәр қыйлы платформаларды, соның ишинде, жеңил бронланған техника, арнаўлы автомобиллер, катерлер ҳәм бронетранспортёрларды үскенелеў ушын мөлшерленген.

Жойбар бир қатар сырт ел ҳәм жергиликли бирге ислесиўшилер менен кооперация тийкарында, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң тийисли уйымлары ҳәм санаат кәрханаларының қатнасыўында әмелге асырылмақта.

Булардың барлығы жоқары технологиялық өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиў, жергиликли қорғаныў санааты кәрханаларында жумыс орынларын жаратыў, өз санаат ҳәм технологиялық базасын қәлиплестириўге хызмет етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы өнимлердиң сапасы ҳәм исенимлилиги бойынша талапларға қатаң әмел етиў, локализациялаўды избе-из кеңейтиў, инженерлик компетенцияларды раўажландырыў ҳәм санаат кооперациясын тереңлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтип, жуўапкер структураларға тийисли тапсырмалар берди.