Сизлер менен мине усындай қызғын, көтериңки кейпиятта көрисип турғанымнан қуўанышлыман.
Бәршеңизге, кәсиплик аўқамларының көп миллионлы ағзаларына өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Биз бүгинги күнде өз алдымызға үлкен шеклер қойып, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында алға қарай исенимли қәдем тасламақтамыз.
Дүньяда геосиясий ҳәм экономикалық кескинлик күшейип баратырған ҳәзирги қыйын дәўирде елимизде тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеп, көп миллетли халқымыздың турмысын және де жақсылаўға беккем бел байлағанбыз.
Булар, әлбетте, өз-өзинен болып атырған жоқ.
Қаншелли қыйын болмасын, биргеликте қатты мийнет етип, ҳәр қыйлы сынақ ҳәм қыйыншылықлардан мүнәсип өтип бармақтамыз. Бул бағдарда мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз, ҳәр бир ўатанласымыздың орны, қосып атырған үлеси шексиз, әлбетте.
Бүгинги дөгерегимизде өз өмирин инсан мийнетин, оның нызамлы мәплерин қорғаўдай ийгиликли иске бағышлаған, тараўда узақ жыллар нәтийжели хызмет етип, ҳүрмет ҳәм итибарға ерискен көплеген адамларды көрип турман.
Инсан мийнети, оның қәдир-қымбаты қандай бийбаҳа байлық екенин сизлер ҳәммеден жақсы билесиз.
Елимизде халықшыл, социаллық мәмлекет қурыў, инсан қәдирин улығлаў барлық реформаларымыздың бас мақсетине айланған ҳәзирги күнде сиз, әзизлердиң бай билим ҳәм тәжирийбеңиз биз ушын оғада әҳмийетли.
Пурсаттан пайдаланып, ҳәр бир кәрхана ҳәм шөлкемге - жумысшылық орталығын, мийнет жәмәәтлерине - хошамет ҳәм әдиллик руўхын алып кирип атырған кәсиплик аўқамларының белсендилерине шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.
Әзиз дослар!
Уллы ағартыўшы бабамыз Маҳмудхўжа Беҳбудий: "Биз өз турмысымызды өзгертпекши болсақ, бәринен бурын, адамлардың ҳуқықын тән алыўды үйрениўимиз керек", деген еди.
Бул ҳақ гәп. Ҳақыйқатында да, ҳуқық ҳәм еркинликлер тәмийинленген, адамлары еркин жасап, мийнет етип, дәрамат табатуғын мәмлекетте мәмлекет те, жәмийет те әлбетте раўажланады. Сол себепли биз реформаларды баслаған дәслепки күнлерден-ақ "Инсан қәдири ушын" деген ийгиликли идеяны әмелге асырыў ушын, бәринен бурын, экономикалық-социаллық тараўларды раўажландырыўды тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп алдық.
Бул жолдағы ҳәрекетлеримиз себепли сегиз жылда экономикамызға 130 миллиард доллар инвестиция кирип келди, мыңлаған жаңа қуўатлықлар иске қосылды, миллионлаған турақлы жумыс орынлары жаратылды.
Жеке меншик секторға кең жол ашып, шын жүректен ислеймен деген адамларға мүнәсип мийнет шараятын жаратқанымыз ушын жан басына дәрамат 3,5 мың долларға жетти.
Ҳәр бир инсанның ҳуқық ҳәм еркинлигин тәмийинлеў, мийнетин қорғаў, кепилленген социаллық қорғаўдан пайдаланыўы ушын беккем нызамлы тийкарлар жараттық. Әсиресе, жаңаланған Конституциямыз, жаңа редакциядағы Мийнет кодекси, "Халықтың бәнтлиги ҳаққында"ғы, "Кәсиплик аўқамлары ҳаққында"ғы нызамлар қабыл етилгени бул бағдардағы әҳмийетли қәдемлер болды.
Парламентимиз жанындағы Жәмийетшилик эксперт кеңеслери қурамына кәсиплик аўқамларының ўәкиллери де киргизилди. Бул болса нызамларды қабыл етиўде хызметкерлердиң мәпи және де исенимли қорғалыўына хызмет етпекте.
Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў де биз ушын жетекши бағдар болып қалмақта. Социаллық институтларды қоллап-қуўатлаў көлеми 2017-жылға салыстырғанда 100 есеге артып, усы жылы 1 триллион 200 миллиард сумға жетти.
Соның менен бирге, пуқаралық жәмийети институтларының жумысына араласқаны, жәмийетлик қадағалаў нәтийжелерин көрип шықпағаны ушын жуўапкершилик белгиленди.
Бир сөз бенен айтқанда, миллий ҳуқықый системамыз халықаралық стандартларға бейимлесип, инсан ҳуқықлары, пуқаралық жәмийети институтлары жумысының турақлы кепилине айланды.
Өзбекстан Халықаралық мийнет шөлкеминиң стандартларын қабыл етип атырған ең белсенди мәмлекетлер қатарынан орын алып атырғаны дүнья жәмийетшилиги тәрепинен де тән алынбақта. Итибар бериң, сегиз жыл алдын бул шөлкемниң Өзбекстан тәрепинен ратификацияланған ҳүжжетлериниң саны 12 болған болса, ҳәзирги күнде 25 ке жетти.
Ҳәр бир ратификация арқалы Өзбекстан өз мойнына үлкен миннетлеме алмақта.
Не ушын ҳеш екиленбестен өзимизге бундай үлкен жуўапкершиликти алып атырмыз?
Себеби, барлық реформаларымыз тийкарында инсан қәдирин улығлаў жәмленген. Бул - мәмлекетимиз қосылып атырған халықаралық ҳүжжетлердиң мазмуны менен толық үнлес болып есапланады.
Әйне инсан қәдирине итибар - барлық жетискенликлеримиз тийкары, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз!
Қәдирли дослар!
Есиңизде болса, балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетти толық сапластырыў узақ жыллар биз ушын ең аўыр мәселе болып келген еди. Тек ғана күшли ерк-ықрарымыз, қатаң позициямыз арқалы биз бул қыйын машқаланы унамлы шештик.
Жаңа Өзбекстанның инсаныйлық принциплерине садықлығын көрсететуғын бул өзгерис социаллық турмысымызда пүткиллей жаңа бет ашпақта. Мәмлекетимиздиң балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетти сапластырыў бойынша алдынғы тәжирийбеси Халықаралық мийнет шөлкеми тәрепинен үлги сыпатында басқа мәмлекетлерге усыныс етилгени де соннан дәрек береди.
Өзбек пахтасы дүньядағы көплеген абырайлы бренд компаниялардың "қара дизими"нен шығарылды. Cotton campaign шөлкеми Өзбекстанға қойылған қадағалаўды пүткиллей бийкарлады. Европа Аўқамы Өзбекстанға усы сиясий структура мәмлекетлери базарына жеңиллетилген кирип барыў имканиятын беретуғын GSP+ системасын усынды. Миллий өнимлеримиз ушын 26 жаңа базар ашылды, Европаға экспортымыз 5 есеге артып, 1,5 миллиард долларға жетти.
Бурын бундай санларды әрман да ете алмайтуғын едик. Бүгин бул жумыслар даўам етпекте. Мәселен, келеси ҳәптеде Европа Аўқамы менен Кеңейтилген бирге ислесиў ҳәм шериклик ҳаққындағы келисимге қол қоямыз. Бул - сыртқы сиясат, қәўипсизлик, коррупция, терроризмге қарсы гүресиў ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиўди беккемлеў менен бирге, Европа мәмлекетлери ҳәм мәмлекетимиз арасында инвестиция ҳәм саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.
Ерисип атырған жетискенликлеримиз халықаралық көлемде мүнәсип тән алынып атырғаны ҳәммемизге қанаатланыўшылық бағышлайды.
Өзбекстан санаўлы мәмлекетлер қатарында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң "Әдил өтиў процесслери ушын жумыс орынларын жаратыў ҳәм социаллық қорғаў бойынша глобал акселератор" басламасында қатнаспақта; Халықаралық мийнет шөлкеминиң "Социаллық әдиллик бойынша глобал коалициясы"нда қатнаспақта; мәмлекетимиз өткен жылы усы шөлкемниң Ҳәкимшилик кеңеси ағзалығына сайланды.
Халықаралық майданда Ўатанымызға ҳүрмет ҳәм исеним барған сайын артып, дүньяның барлық регионларында досларымыз, шериклеримиз көбеймекте.
Булардың барлығы реформаларымызға үлкен исеним ҳәм тән алыў көриниси емес пе?
Пурсаттан пайдаланып, мине усы мәселелер бойынша биз бенен тығыз бирге ислесип киятырған Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм басқа да абырайлы структураларға миннетдаршылық билдиремен.
Әлбетте, биз ерисип атырған нәтийжелерде 8 миллионға шамалас ағзаға ийе, ең халықшыл ҳәм ең үлкен мәмлекетлик емес шөлкем болған кәсиплик аўқамларының мүнәсип үлеси бар.
Биз Өзбекстанда кәсиплик аўқамларының еркин жумыс алып барыўы ушын барлық шараятларды жаратып бердик ҳәм мине, усы принциплерге ҳәмийше садықпыз. Кәсиплик аўқамларына бирлесиў ҳуқықын тәмийинлеў, олардың жумысына араласпаў бойынша сиясатты буннан былай да қатаң даўам еттиремиз.
Усы жерде кәсиплик аўқамларының кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнетке байланыслы ҳуқықларды қорғаўдағы жанкүйерлиги айрықша итибарға ылайық. Буны кейинги жыллары 500 мыңға шамалас хызметкердиң нызамлы ҳуқықлары қорғалып, олардың пайдасына 267 миллиард сум өндирип берилгени де тастыйықлайды. Сондай-ақ, жумыстағы бахытсыз ҳәдийселер себепли жәбирленген 1 мың хызметкерге 35 миллиард сум компенсация пулы төлеп берилген. Буннан тысқары, наҳақтан босатылған 13 мың хызметкер жумысқа тикленген.
Төрт жыл алдын сизлердиң басламаңыз бенен биринши мәрте Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясын шөлкемлестирдик. Бул кәсиплик аўқамлары жумысында жаңа бағдар болды.
Исенимим кәмил, жоқары оқыў орынларының питкериўшилери кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнет ҳуқықларының қорғаўшысына айланып, бул тараўда нызамлылықты беккемлеўге мүнәсип үлес қосады.
Улыўма алғанда, кәсиплик аўқамлары жумысының жаңа қырлары тек ғана елимизде емес, ал халықаралық көлемде де олардың орны ҳәм абырайының артып барыўына хызмет етпекте. Федерация басламасы менен 2021-жылы Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери кәсиплик аўқамлары кеңеси дүзилди. 2023-жылы Самарқанд қаласында Түркий мәмлекетлер кәсиплик аўқамлары шөлкемине тийкар салынды.
Федерациямыз өткен жылы Халықаралық кәсиплик аўқамлары конфедерациясына ағза болғаны оның дүньядағы абырайын жаңа басқышқа алып шығатуғын тарийхый ўақыя болды. Федерацияның социаллық қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў, хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын саламатландырыў, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлерин де толық қоллап-қуўатлаймыз.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Жаңа Өзбекстанда ҳәр бир инсанға мүнәсип мийнет, кәсип тараўында өсиў, дем алыў ҳәм саламатлығын тиклеў ушын зәрүр шараят жаратыў - оғада әҳмийетли мәселе.
Биз усы мақсетте социаллық мәмлекеттиң жаңа моделин жаратпақтамыз. "Күшли кәсиплик аўқамлары - күшли жәмийет тийкары" деген баслама тийкарында сизлер бул процессте алдынғы қатарда болыўыңыз керек.
Енди сизлер менен кәсиплик аўқамларының жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм мийнет қатнасықларын жақсылаў бойынша келешектеги ўазыйпаларды белгилеп алсақ, не дейсизлер?
Бириншиден, адамлардың өз мийнетинен мәпдарлығы қанша артса, реформалардың нәтийжелилиги де сонша жоқары болады.
Бәршеңиз жақсы билесиз, 2023-жылдан биринши мәрте минимал тутыныў қәрежетлерин ислеп шығып, әмелиятқа енгиздик. Жаңаланған Конституциямызда пенсия, напақа ҳәм социаллық жәрдемлердиң муғдары ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болмаўы қатаң белгилеп қойылды.
Экономикамыз турақлы өсип бармақта. Халқымыздың турмыс абаданлығын соған сәйкес түрде арттырыў ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарын да ҳәр жылы арттырып бармақтамыз.
Бирақ, ашық айтыў керек, бул мәселелер көбинесе бир тәреплеме, яғный, мәмлекетлик уйымлардың есап-санағы ҳәм усынысы менен шешилмекте. Сол себепли, келеси жылдан мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлери жойбарын ислеп шығыўға Социаллық-мийнет мәселелери бойынша үш тәреплеме республикалық комиссияны да (Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Бәнтлик министрлиги, Жумыс бериўшилер конфедерациясы) тартсақ, бул жүдә дурыс болады, деп ойлайман.
Бул - мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарын белгилеўде хызметкерлердиң мәпин кепилликли қорғаў бойынша жаңаша қатнас болады.
Усы жерде бир ҳақыйқатты жақсы түсинип алыўымыз керек: инсан қәдири, оның турмыс сапасы тек ғана мийнет ҳақы менен емес, ал социаллық орталық пенен де белгиленеди. Буның ушын хызметкерлерди турақ жай, сапалы билимлендириў, медицина ҳәм транспорт хызметлери менен кепилликли тәмийинлеп, ең әҳмийетли турмыслық талапларына жететуғын дәрамат табыўына шараят жаратыўымыз зәрүр.
Бир сөз бенен айтқанда, ҳәр бир жумысшы, ҳәр бир шаңарақ өз турмысында сапа дәрежесин сезиўи, мәмлекет ҳәм жәмийет болса оны кепиллеўи керек.
Кәсиплик аўқамлары бул жумысларда белсене қатнасады, деп исенемен.
Екиншиден, глобалласыў ҳәм санлы раўажланыў шараятында мийнет қатнасықлары тараўында жаңа түрлер де кеңнен ен жаймақта.
Имканият ҳәм шараят жаратып бергенимиз себепли бүгинги күнде 6 миллионға шамалас халық өзин-өзи бәнт етип, руўзыгершилик пенен шуғылланбақта. Мәселен, ҳәзирги ўақытта адамларымыз IТ программист, веб-дизайнер, өнермент, такси айдаўшысы, курьер сыяқлы онлаған кәсиплерде платформалы бәнтлик тийкарында ислемекте. Көплеген пуқараларымыз, әсиресе, ҳаял-қызлар аралықтан турып мийнет етиўди үйренди.
Буннан тысқары, биз мәҳәлле институтын түп-тийкарынан реформалап, барлық дәрежедеги басшылар ең төменги буўынға түсип ислейтуғын халықшыл система жараттық.
Мәҳәллелерди драйвер тараўларға қәнигелестириў есабынан 1,5 миллион шаңарақ өз шаңарағында ислеп, дәрамат алмақта.
Бүгинги күнде бул бағдарлар экономикалық раўажланыўымыздың бир бөлегине, оларда жумыс алып барып атырған адамлар болса мийнет қатнасықларының тең ҳуқықлы субъектине айланбақта.
Енди Кәсиплик аўқамлары да мәҳәллелер менен жақыннан ислейтуғын нәтийжели системаны жолға қойса, дурыс болады, деп ойлайман.
Бәнтлик министрлиги (Б.Зоҳидов) де кәсиплик аўқамлары менен биргеликте платформаларда жумыс алып барып атырған адамларымыздың мийнет ҳуқықларын қорғаў, олардың өмири ҳәм қәўипсизлигин қамсызландырыў бойынша ҳүкиметке тийкарланған усыныслар киргизсе, мақсетке муўапық болар еди.
Үшиншиден, кәсиплик аўқамлары өткен дәўирде ҳаял-қызлар мийнетин қорғаў бойынша үлкен тәжирийбе топлады.
Атап айтқанда, олар "Ҳаял-қызлар дәптери" арқалы 4,5 миллион жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген апа-қарындасларымызға жәрдем көрсетиўде бас-қас болды.
Ҳәзирги күнде ҳаял-қызлардың белсенди социаллық қатлам болып қәлиплесиўинде кәсиплик аўқамларын жетекши күшке айландырыў ушын барлық имканиятлар бар. Бул бағдарда "Кәсиплик аўқамлары - ҳаял-қызлар мәпи жолында" деген сүрен тийкарында жаңа системаны жолға қойыўды усыныс етемен.
Усы система шеңберинде Ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў бойынша комиссия ҳәм Федерация мийнет базарында ҳаял-қызлар ушын тең имканиятлар жаратыў, олардың турмыста өз орнын табыўына ҳәм социаллық белсендилигин арттырыўға жәрдемлесиў бойынша жаңа қатнасларды енгизсин; турақ жай ҳәм жасаў шараятын жақсылаўға, медициналық, психологиялық, ҳуқықый жәрдемге мүтәж, басым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларды да "Ҳаял-қызлар дәптери" арқалы қоллап-қуўатлаўды жолға қойсын; аўыллық жерлерде ҳаял-қызлардың бәнтлиги ҳәм исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарламаларын және де кеңейтсин; ҳәр жылы мийнет жәмәәтлериндеги гендер аудит нәтийжелерин додалап, жумыс бериўшилер менен биргеликте ҳаял-қызларға және де қолайлы мийнет шараятларын жаратса; 14 тармақ кәсиплик аўқамлары бойынша гендер теңликти тәмийинлеў ушын мәнзилли стратегиялар ислеп шығыў илажларын көрип барса, ҳүрметли ҳаял-қызларымыз қанаатланады, деп ойлайман.
Төртиншиден, кәсиплик аўқамлары - мийнетти қорғаў бойынша жәмийетлик қадағалаўды алып баратуғын ең үлкен шөлкем.
Кейинги бес жылда олар тәрепинен кәрхана ҳәм шөлкемлерде 152 мың нызам бузылыўы анықланған. Ҳақыйқатында бундай жағдайлар жүдә көп.
Мысал ушын, судлар тәрепинен үш жылда 48 мыңнан аслам мийнет келиспеўшиликлери көрип шығылған. Кәсиплик аўқамлары жарастырыўшы, келисимге келтириўши буўын сыпатында жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиўде белсендилик көрсеўи мақсетке муўапық болады.
Соның менен бирге, жумыс пенен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер ҳәм кәсипке байланыслы кеселликлер ҳаққындағы мағлыўматлардың тутас системасы жоқ. Мәселен, бахытсыз ҳәдийселер есабы ҳәм олардың себебин үйрениў отыз жыл алдын қабыл етилген ҳүкимет қарарындағы ескирген нормалар тийкарында қағазда жүргизилмекте.
Бүгин, барлық тараўлар санластырылып атырған бир ўақытта жасалма интеллектти енгизип, бундай жағдайларды жеделлик пенен анықлаў керек екенлигин сизлер, әлбетте, жақсы түсинесиз.
Бәнтлик министри Б.Зоҳидов, денсаўлықты сақлаў министри А.Худаяров, санлы технологиялар министри Ш.Шерматов Кәсиплик аўқамлары менен биргеликте еки ай мүддетте бахытсыз ҳәдийсе ҳәм кәсиплик кеселликлерге шатылыў жағдайлары ҳаққындағы мағлыўматларды алыўдың бирден-бир системасын иске қоссын; бундай ҳәдийселердиң есабын жүргизиў, себеплерин таллаў ҳәм оларға шешим табыў бойынша қарар жойбарын киргизсин.
Бесиншиден, ҳәзирги ўақытта Федерация қурамында 14 тармақ кәсиплик аўқамы жумыс алып бармақта.
Тилекке қарсы, тийисли тармақларда мийнет етип атырған хызметкерлердиң ҳуқықларын исенимли тәмийинлейтуғын басламаларды алға қойыўда олардың даўысы еситилип атырған жоқ.
Көрип турсызлар, экономикамызға жаңадан-жаңа тараў ҳәм бағдарлар, соған жараса жаңа кәсиплер, заманагөй технологиялар жедел кирип келмекте. Мине, усындай шараятта тармақ кәсиплик аўқамлары министрликлер ҳәм уйымлар менен бирге ислесип, олардың алдына анық ўазыйпалар қойып барыўы керек емес пе?
Соның ушын, министрликлер ҳәм уйымлар және тармақ кәсиплик аўқамлары коллегиал уйымларының қоспа мәжилисин турақлы түрде өткерип баратуғын системаны жолға қойыўды усыныс етемен.
Исенимим кәмил, бундай сөйлесиў формасы "мәмлекет - жумыс бериўшилер - мийнет жәмәәтлери" арасындағы өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўди беккемлеп, нәтийжели механизмге айланады.
Алтыншыдан, Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте Өзбекстанда мүнәсип мийнет бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген бағдарлама ислеп шығылмақта.
Буннан гөзленген тийкарғы мақсет - мийнет тараўында инсан қәдирин арттырыў, барлық пуқаралар ушын әдалатлы ҳәм қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыўдан ибарат.
Сол себепли Кәсиплик аўқамлары, Бәнтлик министрлиги, Жумыс бериўшилер конфедерациясы бағдарламада мүнәсип бәнтлик, мийнетти қорғаў, социаллық қамсызландырыў, гендер теңлик, жаслар ҳәм инклюзивлик мәселелерине айрықша итибар қаратыўы зәрүр, деп есаплайман.
Буннан тысқары, санластырыў, жасалма интеллект ҳәм "жасыл" экономика жедел раўажланып атырған шараятта мийнет қатнасықлары да соған сәйкес түрде жолға қойылыўы керек.
Ислеп шығылып атырған "Мүнәсип мийнет" бағдарламасы жедел өсип баратырған экономикамызды социаллық әдиллик пенен үнлеслестиретуғын стратегиялық "жол картасы" болады.
Жетиншиден, ҳәр қыйлы себеплерге бола жумыссыз қалған, мийнет етиў процесинде кеселлик ямаса майыплыққа ушыраған адамларды социаллық қоллап-қуўатлаў кепилликлерин күшейтиў де әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.
Сол себепли, тиккелей әмел ететуғын "Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызамның қабыл етилиўин тезлестирип, онда социаллық қамсызландырыў қорын қәлиплестириўде жумыс бериўши ҳәм хызметкерлердиң қатнасыўын анық белгилеп берсек, әдилликтен болады, деп ойлайман.
Және бир мәселе - мәлимлеме коммуникациялары жедел раўажланып баратырған ҳәзирги дәўирде адамларға исенимли мағлыўматларды өз ўақтында, дурыс жеткериў оғада әҳмийетли.
Кәсиплик аўқамларында буның ушын имканият та, шараят та, потенциал да жеткиликли.
Ең үлкен аудиторияға ийе болған кәсиплик аўқамлары ҳадал ҳәм пидәкерлик мийнетти үгит-нәсиятлаў ҳәм мийнет қатнасықларында нызамлылықты тәмийинлеўге байланыслы мәлимлемелерди жәмийетшиликке бириншилерден болып жеткерип барыўы керек.
Қәдирли мийманлар!
Кәсиплик аўқамлары системасындағы 30 дан аслам санаторий ҳәм 100 ден аслам балалар дем алыў орайлары хызметкерлер ҳәм олардың перзентлериниң саламатлығын тиклеп, дем алыўы ушын хызмет етпекте.
Соңғы бес жылда санаторийлерде 900 мыңға шамалас халық өз саламатлығын тикледи, дем алыў орайларында болса 800 мың бала дем алды.
Жақында Ыссықкөлде "Бўстон-Резорт" пансионаты иске қосылғаны ўатанласларымыз ушын және бир қолайлық болды. Соның менен бирге, бул Өзбекстан ҳәм Қырғызстан қатнасықларының беккемленип атырғанының символына айланды.
Ҳәзирги ўақытта кәсиплик аўқамлары инфраструктурасы халқымыздың талапларын толық қамтып алмай атыр, десек, бул да ҳақыйқат болады.
Бул мәселеде ҳәкимлер де шетте қалмаўы керек. Олар ҳәр жылы өз аймағында кәсиплик аўқамлары менен биргеликте ямаса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жәрдеминде заманагөй жойбарлар тийкарында биреўден санаторий ҳәм дем алыў орнын қурыў бойынша айрықша бағдарламаны тастыйықласа, дурыс болады, деп ойлайман.
Әзиз дослар!
Турмыс бир ҳақыйқатты бәрқулла тастыйықлап келеди: тарийхты пуқта билмей турып, келешекти қурып болмайды. Сол себепли, ҳәр бир шөлкем ҳәм мәкеме тарийхын үйрениў, оларда мийнет еткен инсанларды еске алыў, ийгиликли ислерин келешек әўладларға жеткериў бәршемиздиң миннетимиз.
Усы мақсетте илимпазларымыз, тараў ветеранлары ҳәм белсендилери тәрепинен өткерилген үйрениўлер елимизде кәсиплик аўқамлары ҳәрекетине 1905-жылы тийкар салынғанын дәлилледи.
Буннан төрт жыл алдын Ташкент қаласында шөлкемлестирилген Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тарийхы музейи тараўға байланыслы мағлыўмат ҳәм экспонатлар менен халқымызды таныстырыўда әҳмийетли роль атқармақта.
Сол себепли быйыл пүткил мәмлекетимиз бойлап кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллық юбилейи кеңнен белгиленбекте. Мине, усы қутлы сәне мүнәсибети менен мийнеткеш халқымызға терең ҳүрмет-иззет белгиси сыпатында ҳәр бир аймақта "Кәсиплик аўқамлары бағлары"н шөлкемлестириўди усыныс етемен.
Ҳәзир тапсырма беремен, ўәлаят ҳәкимлери сизлер менен мәсләҳәтлесип, еки ҳәпте ишинде орнын ажыратып береди. Кәсиплик аўқамлары федерациясы - Ташкент қаласында, 14 тармақлық кәсиплик аўқамлары - ўәлаят орайларында усы бағларды шөлкемлестириўге өзлери бас-қас болып, оларды сулыў орынға айландырса, бул да мийнет сүйгишликтиң рәмзий көриниси болып хызмет етеди.
Кәрхана ҳәм шөлкемлердеги кәсиплик аўқамлары да жумысханасында, хызметкерлери жасайтуғын мәҳәллелерде терек егип, жасыл аймақларды кеңейтип, тазалық ҳәм абаданлық жумысларын шөлкемлестирсе, мийнет жәмәәтлериндеги орталық пүткиллей басқаша болады, деп ойлайман.
Ҳүрметли ўатанласлар, қәдирли дослар!
Бүгинги сөйлесиўимизде билдирилген усыныс ҳәм басламалар тараўдың раўажланыўы ушын пайдалы болды, деп ойлайман.
Биргеликте баслаған жумысларымыз ҳәр бир мийнет жәмәәти, ҳәр бир хызметкер ҳәм оның шаңарағы ушын пайдалы болып атырғанына және бир мәрте исеним пайда еттим.
"Инсан қәдири ушын" деген ийгиликли идея буннан былай да Жаңа Өзбекстандағы реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады.
Пурсаттан пайдаланып, сиз, әзизлерди Өзбекстан кәсиплик аўқамларының 120 жыллық юбилейи ҳәм жақынласып киятырған Кәсиплик аўқамлары күни менен қызғын қутлықлайман.
Бәршеңизге беккем денсаўлық, жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысыңызда табыс ҳәм әўметлер, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал, қут-берекет тилеймен.
Ел-журтымыз ҳәмийше тыныш ҳәм абат болсын!