Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан жаңа магистраль темир жолының қурылысы басланып атырғаны менен шын жүректен қутлықлайман.
Буннан алты ай бурын усы стратегиялық трансрегионаллық жойбарды әмелге асырыў бойынша биринши толық келисимге қол қойылған еди. Өткен қысқа дәўирде техникалық ҳүжжетлерди таярлаў жумыслары жуўмақланды. Бүгин болса биз тиккелей қурылыс жумысларына старт бермектемиз.
Бул дос мәмлекетлеримиз дерлик 30 жыл даўамында умтылып келген шын мәнисиндеги тарийхый ўақыя болып табылады.
Сизлердиң қатнасыўыңызда халықаралық әҳмийетке ийе болған жаңа транспорт артериясы жаратылмақта. Ол Орайлық Азия регионын Қытай менен қысқа жер үсти жолы арқалы байланыстырады, мәмлекетлеримиздиң көп қырлы бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеўге хызмет етеди.
Және бир әҳмийетли тәрепи - бул жойбар бирге ислесиўде турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық жолында көплеген мәмлекетлерди бирлестирип киятырған "Бир мәкан, бир жол" басламасы шеңбериндеги ийгиликли мақсетлерге толық сәйкес келеди.
Усы мүнәсибет пенен ҳүрметли кәсиплеслерим - Қытай Халық Республикасы баслығы Си Цзинпин ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти мырза Садир Нурғожоевич Жапаровқа жойбарды алға қойыў бағдарындағы жеке үлеси ҳәм жедел ҳәрекетлери ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли мәресим қатнасыўшылары!
Жаңа темир жол қурылысы мәмлекетлеримиздиң экономикасы ҳәм шексиз регионымыз ушын үлкен нәтийже беретуғынын айрықша атап өтиўди қәлер едим.
Инфраструктура тараўындағы бул ири жойбар алдынғы инженерлик, инновация ҳәм санлы шешимлер тийкарында кең кооперацияны, жоқары экологиялық стандартларға әмел етиўди нәзерде тутады.
Қашғар - Торугарт - Макмал - Жалалабад - Әндижан жөнелиси бойлап 20 станция, 42 көпир, 25 тоннель қурылады. Буннан тысқары, заманагөй транзит-логистика инфраструктурасы, қоймахана ҳәм терминаллар қурылады.
Есап-санақларға бола, бул магистраль жолдың иске қосылыўы регионаллық саўда ҳәм инвестициялар көлемин бир неше есеге көбейтиў, транспорт қәрежетлерин сезилерли дәрежеде қысқартыў, Орайлық Азияның үлкен транзит потенциалын жүзеге шығарыўға хызмет етеди.
Төмендеги әҳмийетли санларға да итибарыңызды қаратпақшыман.
Бул жол арқалы жылына 15 миллион тонна жүк тасылады. Қытайдан Европа мәмлекетлерине жүклерди жеткерип бериў аралығы ҳәм мүддети бир неше мың километр ҳәм дерлик бир ҳәптеге қысқарады. Жолаўшыларды турақлы тасыўды жолға қойыў имканияты пайда болады.
Келешекте бул темир жол линиясы Трансаўған коридоры менен тутасып, Қытай, Орайлық Азия ҳәм Қубла Азия арасындағы транспорт-коммуникация тармақларын нәтийжели бирлестириў ҳәм күшейтиўге имканият жаратады.
Буннан, әлбетте, барлық мәмлекетлер экономикалық пайда алады. Жүзлеген жаңа кәрханалар ҳәм он мыңлаған жумыс орынлары жаратылады.
Әлбетте, бул жойбар Уллы жипек жолының қайта тиклениўине, мәдений-гуманитарлық алмасыўлардың раўажланыўына, халықларымыздың және де жақынласыўына хызмет етеди.
Қәдирли дослар!
Өзбекстан бар техникалық ҳәм интеллектуаллық ресурсларды толық иске қосқан ҳалда, бүгин басланып атырған қурылыстың барлық басқышларында белсене қатнасыўды өз алдына мақсет етип қойған.
Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз себепли бул темир жол тармағы бизиң беккем дослығымыз, шериклигимиз ҳәм раўажланыўымыздың және бир айқын тымсалына айланатуғынына исенемен.
Пурсаттан пайдаланып, бул стратегиялық жойбарды әмелге асырыўда қатнасып атырған барлық қурылысшы ҳәм инженерлерди, жумысшы ҳәм қәнигелерди кирип киятырған жаңа - 2025-жыл менен шын жүректен қутлықлайман. Сизлерге беккем денсаўлық, үлкен табыслар ҳәм әўметлер тилеймен.
Бүгин сизлердиң дөретиўшилик ҳәрекетлериңиз бенен басланып атырған үлкен жойбар мәмлекетлеримиз ҳәм регионымыздың улыўма келешеги ҳәм раўажланыўы ушын хызмет ецин!
Итибарыңыз ушын рахмет.