Кейинги жылларда медицина тараўына 230 триллион сум қаратылды. Бул қаржылар есабынан аймақларда 187 жаңа поликлиника ҳәм емлеўхана пайдаланыўға тапсырылды, 1 мың 244 мәкеме реконструкцияланып, заманагөй үскенелер менен тәмийинленди.
Нәтийжеде басланғыш буўын қуўатлылығы 60 процентке артып, халыққа медициналық жәрдем әдеўир жақынласты. Бурын тек ғана пайтахтта әмелге асырылған 400 ден аслам жоқары технологиялы диагностика ҳәм емлеў хызметлери аймақларда да жолға қойылды. Қыйын операциялар ўәлаят орайларында, аз инвазив операциялар районлар дәрежесинде жолға қойылды.
Елимиздиң 45 районында биринши мәрте бүйрек көширип өткериў жолға қойылды.
Бул өзгерислер миллионлаған пуқаралар тәрепинен сезилмекте ҳәм халықаралық структуралар тәрепинен жоқары баҳаланбақта.
Медициналық билимлендириўди модернизациялаў даўам етпекте. Үш жоқары билимлендириў мәкемеси негизинде Ташкент мәмлекетлик медицина университети шөлкемлестирилди, Үргенш медицина институтының жумысы жолға қойылды. 8 медициналық жоқары оқыў орны халықаралық аккредитациядан өтип, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе маман кадрлар таярлаў имканияты сезилерли дәрежеде кеңейтилди.
Инфраструктура жақсыланғаны нәтийжесинде Ташкент мәмлекетлик медициналық университетинде билим алып атырғанлардың саны 29 мың 864 ке жетти. Оқыў процеси заманагөй стандартларға өткерилип, санластырыў жедел даўам еттирилмекте.
Президентимизге денсаўлықты сақлаў тараўына санлы технологияларды енгизиў бойынша мәлимлеме берилди. Елимиз бойлап медицина мәкемелери заманагөй шешимлер менен тәмийинленип, бирден-бир санлы инфраструктура қәлиплестирилген. 2024-2025-жылларда 3 мыңнан аслам медицина мәкемеси локал тармақларға жалғанып, техникалық базасы жаңаланды.
Мәмлекетимиз басшысына DMED бирден-бир электрон медициналық мәлимлеме системасының жумысы да көрсетилди. Онда 36 миллионнан аслам пуқараның саламатлығы ҳаққындағы мағлыўматлар жәмленген. Тез медициналық жәрдем хызметинде электрон басқарыў енгизилип, бригадалардың жетип келиў ўақты 25-30 минуттан 10-15 минутқа шекем қысқарды. Жақын күнлерде аралықтан турып мәсләҳәт алыў имканиятын беретуғын "Online шыпакер" хызмети жолға қойылады.
"Электрон рецепт" системасы иске қосылып, дәри-дәрмақларды тийкарсыз жазыў жағдайлары 40 процентке азайды, дәри-дәрмақлар айланысы ашық-айдын болды. Барлық медициналық мағлыўматлар биометрикалық механизмлер арқалы қорғалады.
- Заманагөй медицина мәкемелерин қурып атырмыз, жасалма интеллектти енгизип атырмыз, ең алдынғы үскенелерди алып келип атырмыз. Бирақ, ең әҳмийетлиси, бул өзгерислер ең төменги буўынға шекем жетип барыўы керек. Ҳәр бир медицина хызметкериниң маманлығын арттырыў, оларға заманагөй билим ҳәм көнликпелер бериў зәрүр. Сонда ғана нәтийже болады, - деп атап өтти Президент.
Санлы денсаўлықты сақлаў орайының жумысы да таныстырылып, барлық медицина мәкемелериниң жумысы реал ўақыт режиминде қадағалап барылады, халықтың денсаўлығы ҳәм созылмалы кеселликлер бойынша көрсеткишлер талланады.
Президентимиз медицинаны санластырыў наўқасларға қолайлылық, шыпакерлерге нәтийжелилик, мәмлекет ушын ашық-айдынлық ҳәм ресурсларды үнемлеў имканиятын беретуғынын атап өтип, бул жумысларды жедел даўам еттириў бойынша көрсетпелер берди.
Сапар даўамында мәмлекетимиз басшысы жасалма интеллект жәрдеминде ислеп атырған оқыў лабораториялары менен танысты. Реанимация, шаңарақлық медицина, тез медициналық жәрдем, педиатрия, акушерлик ҳәм терапия сыяқлы симуляциялық ханаларда студентлер әмелий көнликпелерди үйренеди. Жаратылған шараятлар ҳәм келешектеги режелер таныстырылды.
Жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев жуўапкерлерге медицинаны халыққа және де жақынластырыў, хызметлердиң сапасын арттырыў, алдынғы технологияларды қолланыўды кеңейтиў бойынша ўазыйпалар қойды.