Пакистанның жоқары сыйлығын мәмлекетимиз басшысына усы мәмлекет Президенти Асиф Али Зардарий салтанатлы түрде тапсырды.

Бул жоқары сыйлық көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарындағы биргеликтеги ҳәрекетлердиң мүнәсип тән алыныўы ҳәм баҳаланыўы, Өзбекстан халқына дослық қатнасықлары ҳәм терең ҳүрметиниң көриниси екени атап өтилди.

Өзбекстан - Пакистан стратегиялық шериклиги жаңа мазмун менен байып баратуғынына исеним билдирилди.

Усы жоқары сыйлыққа түрли жылларда Уллы Британия Патшасы Елизавета II, АҚШ Президенти Ричард Никсон, Қубла Африка Республикасы Президенти Нельсон Мандела, Таиланд Патшасы Пхумипон Адульядет, БАӘ Президенти Шайх Зоид бин Султон Ол Наҳаян, ҚХР Баслығы Ху Цзиньтао, Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Саудия Арабстаны Мийрасқоры Муҳаммад бин Салмон ҳәм басқалар миясар болғанын атап өтиў керек.