"Air Products" санаат газлерин ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериўге қәнигелескен. Компанияның базар капиталласыўы 63 миллиард АҚШ долларынан аслам. Ҳәр жылы дүньяның 50 ден аслам мәмлекетинде 200 миллион тонна санаат газлерин ислеп шығарады ҳәм 750 ге шамалас өндирис объектлерин басқарады.
Өзбекстанда жоқары технологиялы санаат кәрханаларын шөлкемлестириўге жедел инвестиция киргизип атырған жетекши халықаралық компаниялардан бири менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.
Ҳәзирги ўақытта компанияның елимизге инвестициялары 1 миллиард доллардан асты. "GTL" заводында санаат газлерин қайта ислеў, Ферғана нефтти қайта ислеў заводында водород, "Наўайыазот"та суйық карбонат ангидрид ислеп шығарыў, Шоқли музлатыў орайын шөлкемлестириў сыяқлы жойбарлар әмелге асырылды.
Бухарада газ-химия комплексин қурыў, көмирди газлестириў, экологиялық таза авиация жанылғысын ислеп шығарыў жойбарларын жеделлестириў бойынша келисимлерге ерисилди.
Ушырасыў жуўмағында кооперациялық жойбарларды алға қойыў бойынша "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.