Өзбекстан Президенти Қытай сыртқы ислер министрин қабыллады

    Ушырасыў алдынан Қытай сыртқы ислер министри мәмлекетимиз жетекшисине ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-ноябрь күни еки мәмлекет сыртқы сиясий уйымлары басшыларының гезектеги стратегиялық сөйлесиў мәжилисинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Қытай Халық Республикасы Орайлық Комитети Сиясий бюросының ағзасы, Сыртқы ислер бойынша комиссия канцеляриясының баслығы, сыртқы ислер министри Ван И басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

    Өзбекстан - Қытай кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа басқышта және де беккемлеў ҳәм жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

    Ушырасыў алдынан Қытай сыртқы ислер министри мәмлекетимиз жетекшисине ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери себепли еки тәреплеме қатнасықлар мисли көрилмеген жоқары дәрежеге көтерилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Өткен жылы товар алмасыў 14 миллиард долларға жетти, қоспа кәрханалардың саны дерлик 5 мыңды қурамақта, жыл басынан берли Қытайдың дерлик 15 миллиард долларлық инвестициялары өзлестирилди. Технологиялық шериклик жойбарларының портфели 90 миллиард долларға шамаласты.

    Жоқары технологиялар, "жасыл" ҳәм атом энергетикасы, жасалма интеллект, транспорт, инфраструктура, агросектор, геология, химия ҳәм басқа да бағдарлардағы кооперацияны алға қойыўға итибар қаратылды.

    Барлық дәрежедеги байланыслар жеделлести, еки мәмлекет аймақлары нәтийжели бирге ислесип келмекте, мазмунлы билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар даўам етпекте.

    Өзбекстан жетекшиси болажақ жоқары дәрежедеги илажларға пуқта таярлық көриў ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди жаңа әмелий мазмун менен байытыў зәрүр екенлигин атап өтти.

    "Өзбекстан - Қырғызстан - Қытай" темир жолын қурыў ҳәм оны басқа транспорт жөнелислери менен байланыстырыў жойбарын жедел әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

    Аўғанстанның социаллық-экономикалық тиклениўи, қәўипсизлиги мәселелеринде муўапықласыўға айрықша итибар қаратылды. Көп тәреплеме форматларда тығыз сиясий сөйлесиў ҳәм бирге ислесиўди даўам еттириў, жоқары оқыў орынлары арасындағы кооперацияны, кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, туризмди раўажландырыў ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Усы жылы ноябрь айының ақырында Өзбекстанда Қытай мәденияты күнлери табыслы өткерилетуғынына исеним билдирилди.

    Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.