Кино жойбарларын қаржыландырыўдың әмелдеги мәмлекетлик буйыртпа ҳәм сатып алыў системасында да шешимин күтип атырған мәселелер бар. Ескиден қалған "мәмлекетлик буйыртпа" заманагөй кино индустрия талапларына жуўап бермей атыр.

Бир ўақыттың өзинде бир режиссёрға алтыға шекем, бир авторға жетиге шекем жойбар бириктирилген. Бундай жүклеўде ҳәр бир шығарма үстинде пуқта ислеў қыйын. Буйыртпалардың дерлик ярымы мәмлекетлик студияларға берилгени жеке меншик дөретиўшилер ушын тең бәсеки имканиятын шеклеген.

Ақыбетинде күшли сценарий ҳәм сапалы фильм жаратыў орнына тапсырманы тезирек "жабыў" тийкарғы өлшем болып қалған. Мәмлекетимиз жетекшиси дөретиўши мийнетиниң нәтийжеси тамашагөйди терең ойландырып, қәлбинде из қалдырған фильм менен өлшениўи керек екенлигин атап өтти.

Сценарий сүўретке алыў барысында байытылыўы, дөретиўшилик шешимлер өзгериўи мүмкин. Соның ушын көркем өнер шығармасын әпиўайы товар ямаса қурылыс объекти сыяқлы техникалық тапсырмалар тийкарында сатып алыў дурыс емес екенлиги көрсетип өтилди.