Мәмлекетимиз басшысы 2018 ҳәм 2022-жыллары бул мәмлекетке рәсмий сапарлары және 2023-жылғы Самарқанд саммитинде де Франция исбилерменлери менен ушырасқан еди.

Бүгинги форум мине усы ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиўдиң даўамы болды. Бул ретки ушырасыў онда Өзбекстанның жеке меншик компанияларының басшылары ҳәм ўәкиллери де қатнасқаны менен ажыралып турады.

Илажда Францияның сыртқы саўда ҳәм сырт елдеги француз пуқаралары ислери бойынша министр-делегаты Лоран Сен-Мартен, Франция раўажланыў агентлигиниң бас директоры Реми Риу, "MEDEF International" басшысы - "Orano Mining" компаниясының басқарма баслығы Клод Имовен, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң жетекши компаниялары, инвестиция ҳәм банк-финанс институтларының 60 тан аслам басшы ҳәм ўәкиллери қатнасты.

Франция бизнеси тәрепинен SUEZ, Veolia, Total, EDF, Voltalia, Orano, Meridiam, Saint-Gobain, Imerys, Natixis, Societe Generale, BPI France, Airbus, MND, Eiffage, Schneider Electric, Total Energies, Alstom, Technip Energies, Egis, ADP Group, Ellipse Projects, Assystem, АТR ҳәм басқа да компаниялар қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Франция Президенти Эммануэль Макрон менен болып өткен нәтийжели сөйлесиўлерди жоқары баҳалап, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм биргеликтеги кооперациялық жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылғанын атап өтти.

Ушырасыўдың тийкарғы нәтийжеси сыпатында Өзбекстан-Франция қатнасықларын стратегиялық шериклик дәрежесине көтериў ҳаққында тарийхый қарар қабыл етилди.

Ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўде еки мәмлекеттиң жетекши компаниялары әҳмийетли орын ийелеп атырғаны атап өтилди.

Франция исбилермен топарларының ўәкиллерине Жаңа Өзбекстандағы артқа қайтпайтуғын экономикалық реформалар стратегиясын қоллап-қуўатлап атырғаны ушын миннетдаршылық билдирилди.

Усы жылдың январь айында "MEDEF" қурамындағы ири компаниялар басшыларының Ташкент қаласына сапарының нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Франция компаниялары менен мәмлекетимиз экономикасының стратегиялық тармақларында бир қатар қоспа жойбарлар әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бул мәмлекеттиң инвестицияларын жедел тартыў ҳәм алдынғы технологияларды енгизиў, Франция кәрханаларының шешимлери, топланған үлкен тәжирийбе ҳәм билимлерин қолланыўдан Өзбекстан мәпдар.

Өзбекстан Президенти Франция менен саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Франция компаниялары менен 2027-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген инновациялық ҳәм санаат кооперациясы бағдарламасы оған хызмет етеди. Оған улыўма баҳасы 6,5 миллиард евро болған анық бағдарлар ҳәм жойбарлар киргизилген.

Бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде Францияның жетекши банк ҳәм қаржы шөлкемлерин жедел тартқан ҳалда бизнес басламаларын финанслық қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели қуралларын кеңнен енгизиў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы әҳмийетли минерал ресурслардың перспективалы кәнлерин өзлестириў ҳәм оларды терең қайта ислеў, қурылыс материаллары, химия ҳәм фармацевтика тармақлары, электротехника санааты, аўыл хожалығында заманагөй өндирислерди шөлкемлестириў ҳәм басқаларды Өзбекстан-Франция исбилерменлик бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары сыпатында көрсетип өтти.

Энергетикада энергия ислеп шығарыў ҳәм сақлаў қуўатлықларын кеңейтиў, Өзбекстан аймақларында суў хожалығы, коммунал, туризм, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў бирге ислесиўди раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

- Еки мәмлекет компанияларының қатнасыўындағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жеделлестириў мақсетинде турақлы жумыс алып баратуғын Өзбекстан-Франция инвестиция кеңесин шөлкемлестириўди усыныс етемен. Бизлер тәрептен оған Өзбекстан Бас министри басшылық етеди. Биринши ушырасыўды июнь айында Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде өткериўимиз мүмкин. Бәршеңизди шөлкемлестирилип атырған кеңестиң толық ҳуқықлы ағзасы сыпатында болажақ илажда белсене қатнасыўға мирәт етемен, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Өз гезегинде, Франция исбилермен топарларының ўәкиллери бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша анық усыныс ҳәм режелерин билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы исбилермен топарлардың ўәкиллерине табыслар тилеп, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына Өзбекстан Ҳүкимети тәрепинен тастыйықланатуғын "жол карталары" тийкарында ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.