"Санлы технологиялар тараўындағы ең жақсы стартап" таңлаўы 2023-жылдан баслап Санлы технологиялар министрлигиниң жәрдеминде Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки дирекциясы тәрепинен өткерилип келинбекте. Улыўма сыйлық қоры 1 миллион долларды қурайды.
Таңлаўда жасалма интеллект, социаллық технологиялар, MicroSaaS ҳәм AdTech, қаржы технологиялары ҳәм исбилерменлик, ойын бағдарламалары, сондай-ақ, арнаўлы бағдар - хакатон бойынша ең абырайлы жойбарлар таңлап алынады.
Дәслепки жарыста төрт мыңнан аслам адам қатнасқан болса, 2025-жылға келип олардың саны алты мыңға жетти. Командалар саны 444 тен 862 ге көбейди.
Таңлаў жеңимпазлары мәмлекетимиз басшысына өзлериниң стартап жойбарлары, олардың абзаллықлары ҳәм әмелиятта қолланылыўы ҳаққында айтып берди.
- Биз киши стартаплардың ири жойбарлар ҳәм пайдалы бизнеске айланыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыўға таярмыз. Оның ушын ҳәр бир стартап пенен сөйлесиўди жолға қойып, оларға зәрүр жәрдем бериў керек, - деди Президент.
Жаслардың қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў арқалы келешек кәсиплерине тийкар салынып атырғаны, жасларымыздың стартап жойбарларына сырт еллер де айрықша қызығыўшылық билдирип атырғаны атап өтилди.
Президентимиз стартапларды қоллап-қуўатлаўға ажыратылатуғын қаржылардың көбейтилетуғынын атап өтип, жаслардың жаңаша пикир ҳәм идеяларына және қайсы тараў ҳәм бағдарларда талап бар екенлиги бойынша өз усынысларын берди.