Бул қаланың қурылысына 2023-жылы тырнақ тасы қойылған еди. Жойбар ушын Жоқары Шыршық ҳәм Орта Шыршық районларынан жәми 19 мың 700 гектар жер ажыратылған. Концепция Британияның Cross Works компаниясы тәрепинен ислеп шығылған. Ҳәзирги ўақытта бул жерде түрли көлемдеги 100 ден аслам жойбарлар жедел әмелге асырылмақта. Ҳәр бир баслама халықаралық нормалар ҳәм заманагөй қала қурылысы трендлерине тийкарланған.

Әсте-ақырын үлкен қурылмалардың көринислери пайда бола баслайды. Жуўмақланып атырған 2025-жылы жаңа қаладағы жумыс майданы 3 миллион квадрат метрге жеткерилди.

Бир неше турақ жай комплекслериниң қурылысы жуўмақлаўшы басқышқа кирди. Инфраструктура объектлеринде жумыслар жедел алып барылмақта.

Биринши басқышта қурылыс жумыслары 6 мың гектар майданды қамтып алады. Нәтийжеде 600 мың халықтың жасаўы ҳәм мийнет етиўи ушын заманагөй инфраструктура жаратылады. Жойбар жуўмақланса, Жаңа Ташкент 2 миллион халыққа мөлшерленген үлкен мегаполиске айланады.

Бундай көлемдеги қурылыслар узақ мүддетли ҳәм турақлы инфраструктураны талап етеди. Ҳәзирги ўақытта аймақта ири жер асты инженерлик коммуникациялары қурылмақта. Жер астында барлық инженерлик тармақлары - ыссылық тәмийнаты, суў тәмийнаты, электр тәмийнаты ҳәм телекоммуникацияларды жайластырыўды тәмийинлейтуғын бир ҳәм еки секциялы коллекторлар қурылмақта.

Заманагөй транспорт қатнаўларын шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Туннеллер ҳәм жер асты автомобиль турыў орынларының қурылысы келешекте қаланың транспорт системасы ушын үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Аймақта он километрлик жағалық бойы бағы жаратылмақта. 1 миллион түп пута ҳәм терек нәллери егилди.

Мәмлекетимиз басшысы қала қурылысында "жасыл" принциплер әҳмийетли болыўы керек екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге метро ҳәм электробуслардың ҳәрекетин муўапықластырыў, пиядалар ҳәм велосипедлер ушын қәўипсиз ҳәм тосқынлықсыз жөнелислерди жаратыў бойынша қосымша тапсырмалар берилди.

Жаңа қала аймағында 60 тан аслам мәмлекетлик уйымлар ушын заманагөй ҳәкимшилик имаратлар қурылады. Ҳәзирги ўақытта бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар ўақытша комплекслерде жумыс баслап жиберди.

Инвесторлардың белсендилиги жоқары. Аукцион арқалы сатылған 24 коммерциялық лот бойынша 2 миллиард долларлық инвестициялық келисимлерге қол қойылған. Бул қаржылар есабынан мийманханалар, ресторанлар, хызмет көрсетиў комплекслери, өзине тән архитектураға ийе имаратлар қурылады.

Қурылыс жумысларының ҳәзирги басқышында 10 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленген. Жойбар толық әмелге асырылғаннан соң, инновациялық технологиялар тийкарында жүз мыңлаған жоқары дәраматлы турақлы жумыс орынлары жаратылыўы күтилмекте.

Президентимизге Жаңа Ташкент қаласында қурылып атырған туризм объектлери, хызмет көрсетиў ҳәм кеўилашар комплекслер, елимиздиң басқа да аймақларында әмелге асырылыўы режелестирилип атырған ири инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир баслама илимниң жетискенликлерине сүйениўи, жергиликли руўхта болыўы, ең әҳмийетлиси, халықтың мәпине хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти.