Жалпы мәжилис ҳәм сессиялар шеңберинде инсан қәдирин улығлаў, социаллық әдилликти тәмийинлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери бойынша парламентлер арасындағы бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Соның менен бирге, экономикалық бирге ислесиў ҳәм санлы трансформация бағдарлары бойынша пикир-усыныслар билдирилип, санлы экономиканы раўажландырыў, инновациялық шешимлерди енгизиў, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўға қаратылған усыныслар ислеп шығылды.

Экология ҳәм "жасыл" сиясат мәселелеринде климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық нызамшылықты жетилистириў ҳәм бул бағдарда парламентлик қадағалаўды күшейтиў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Ушырасыўда инсан ҳуқықлары ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Қатнасыўшылар гендер теңлик, жаслар сиясаты, билимлендириў ҳәм мәдений алмасыўларды раўажландырыў тараўларында бирге ислесиўди даўам еттириў усынысын билдирди.

Сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының үшинши мәжилисиниң Биргеликтеги декларациясы қабыл етилди.

Парламент дипломатиясын беккемлеў, алдыңғы нызамшылық тәжирийбесин алмасыў ҳәм сөйлесиў майданларын кеңейтиў бойынша бирге ислесиўди буннан былай да даўам еттириўге келисип алынды.

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының гезектеги IV мәжилисин 2026-жылы Қазақстан Республикасында өткериў нәзерде тутылған.