Нызам жойбарына төмендегилер киреди:
- 2026-жыл ушын консолидацияласқан бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң прогнозы, соның ишинде, мәмлекетлик бюджет, мәмлекетлик мақсетли қорлар, бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорлары ҳәм Өзбекстан тиклениў ҳәм раўажланыў қоры және 2027-2028-жылларға мөлшерленген реже көрсеткишлери;
- тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлер прогнозы;
- биринши дәрежели бөлистириўшилерге республикалық бюджеттен ажыратылатуғын қаржылардың лимитлери;
- жергиликли бюджетлердиң (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы) дәраматлары ҳәм қәрежетлери прогнозы және республикалық бюджеттен трансфертлер;
- мәмлекет қарызы, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары ҳәм консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигин шеклеў.
Нызам жойбары 18 статья ҳәм 10 қосымшадан ибарат. 2026-жылға мөлшерленген прогнозлар ҳәм 2027-2028-жылларға мөлшерленген реже көрсеткишлери тийкарғы макроекономикалық көрсеткишлер менен сәйкеслигин есапқа алған ҳалда ислеп шығылған.
Атап айтқанда, санаатта өним ислеп шығарыўдың 6,4 процентке, аўыл хожалығында 4,2 процентке ҳәм базар хызметлери тараўында 14,5 процентке артыўы есабынан 2026-жылы жалпы ишки өнимниң 6,6 процентке өсиўи прогноз етилмекте.
Бюджеттиң орта мүддетли прогнозлары "Өзбекстан - 2030" стратегиясының мақсетлерине муўапықластырылған. Макроэкономикалық, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:
- ЖИӨ өсиўин жылына 6,5-7% дәрежеде сақлап қалыў;
- 2026-2028-жылларда консолидацияласқан бюджет дефицитин жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 процентке шекем шеклеў;
- тийкарғы салық ставкаларын сақлап қалыў ҳәм исбилерменлерге теңдей шараятлар жаратыў;
- қоршаған орталықты ҳәм халықтың саламатлығын қорғаў ушын "жасыл" салықты енгизиў;
- нәтийжеге бағдарланған бюджетлестириўди басқышпа-басқыш енгизиў;
- бюджеттиң ашық-айдынлығын арттырыў;
- мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақаларды инфляция дәрежесинен жоқары дәрежеде арттырыў арқалы халықтың дәраматларының өсиўи;
- мәмлекет қарызын нәтийжели басқарыў, оның үлеси жалпы ишки өнимниң 50 процентинен артпаўы.
2026-жыл ушын мәмлекетлик бюджет дәраматларының прогнозы 368,9 триллион сумды, қәрежетлери 402,4 триллион сумды (бюджетлераралық трансфертлерди есапқа алған ҳалда) қурайды. Мәмлекетлик мақсетли қорлардың дәраматлары 78,2 триллион сум, қәрежетлери 147,5 триллион сум болыўы режелестирилген, соннан 73,6 триллион сумы республика бюджетинен ажыратылатуғын трансфертлер болады.
Бюджет ҳәм қаржы жетиспеўшилиги 29,3 триллион сум ямаса прогноз етилген жалпы ишки өнимге салыстырғанда 1,5 процент муғдарында болыўы прогноз етилмекте.
2026-жылы 5 миллиард долларға шекем, соның ишинде, мәмлекетлик бюджетти қоллап-қуўатлаў ушын 2,5 миллиард доллар ҳәм инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын 2,5 миллиард доллар муғдарында сыртқы қарыз тартылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, мәмлекетлик баҳалы қағазларды шығарыў лимити 30 триллион сумды, жаңа мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларының максимал муғдары болса 6,5 миллиард долларды қурайды.
Жергиликли бюджетлер салық түсимлериниң бир бөлегин (мысалы, Ташкент қаласында қосымша қун салығының 5 проценти, аймақларда 20 проценти), сондай-ақ, республикалық бюджеттен 19,7 триллион сум трансфертлерди алады.
2026-жылғы бюджет қәрежетлериниң өзине тән өзгешеликлери орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерин жергиликли бюджетлерден қаржыландырыўдың республикалық бюджетке өтиўи, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи обектлерин жойбарластырыў, қурыў ҳәм оңлаўды республикалық бюджет арқалы қаржыландырыўды өз ишине алады.
Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде 2026-жылғы бюджет жойбары тийкарында "Пуқаралар ушын бюджет" мәлимлеме-саны таярланды.
Танысыў ушын силтемелер:
Нызам жойбары
Бюджет сметасы
Пуқаралар ушын бюджет

