Мағлыўмат ушын, Өзбекстанның миллий валютадағы 3 жыллық халықаралық облигацияларының алдынғы шығарылыўлары бойынша процент ставкалары 2024-жылы 16,625% (3 трлн сўм), 2025-жылы 15,5% (6 трлн сўм) болған.

Онда 1-апрель күни АҚШ, Европа, Уллы Британия, Азия ҳәм Жақын Шығыстан 32 ири халықаралық инвесторлардың қатнасыўында өткерилген инвесторлар ушын халықаралық қоңыраўға айрықша итибар қаратылды, деп хабар бермекте Экономика ҳәм қаржы министрлиги баспасөз хызмети. Сөйлесиў даўамында "Өзбекстан-2030" стратегиясында белгиленген мақсетлер, әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери, макроэкономиканың жағдайы ҳәм келешектеги режелер ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Жақын Шығыста сақланып қалып атырған геосиясий кескинликке қарамастан, Өзбекстанның макроэкономикалық турақлылығы ҳәм реформалардың избе-из әмелге асырылып атырғаны, соның ишинде, мәмлекетимиздиң суверен кредит рейтингиниң унамлы динамикасы жоқары баҳаланды.

Халықаралық инвесторлардың миллий валютадағы қуралларға болған жоқары қызығыўшылығын есапқа алып, сол күни Өзбекстанның сўмдағы суверен халықаралық облигациялары бойынша ордер-бук ашылды.

Күн даўамында 50 ге шамалас сырт ел инвесторлары тәрепинен улыўма баҳасы 23,4 триллион сумлық, яғный дәслепки жәрияланған көлемнен шама менен төрт есеге жоқары болған - 12,5 процентлик баҳалаў дәраматлылық пенен арзалар берилди.

Жоқары талап нәтийжесинде 3 жыллық суверен халықаралық облигациялардың 1 млрд АҚШ долларына (12,2 трлн сўм) тең болған баҳасы 12,25 процентлик ставкада табыслы жайластырылды, бул болса ишки финанс базарындағы дәраматлылықтан орташа 14 базалық пунктке төмен.

Глобаллық анықсызлық фонында региондағы көплеген эмитентлер миллий валютадағы халықаралық облигацияларды жоқары ставкаларда жайластырмақта. Усы көзқарастан Өзбекстанның шығыўы үлкен жетискенлик болып есапланады.

Өзбекстан сумындағы бул суверен халықаралық облигациялар кейинги 15 жылда Орайлық ҳәм Шығыс Европа, Жақын Шығыс ҳәм Африка мәмлекетлеринде (CEEMEA) миллий валютадағы ең ири транзакция болды.

Буннан тысқары, бул облигацияларды GBI-EM раўажланып атырған базарлардың мәмлекетлик облигациялары индексине киргизиў имканияты көрип шығылмақта. Индекске қосылыў 300 миллиард долларға шамалас активлерге ийе жаңа инвесторлар топарына кириў имканиятын жаратады ҳәм қарыз алыўдың баҳасын және де азайтыўға хызмет етеди.

Бүгинги күнде индекске Қытай, Түркия, Венгрия, Бразилия, Мексика, Малайзия, Польша ҳәм ҚАР сыяқлы 14 мәмлекеттиң суверен облигациялары киргизилген.

Соның менен бирге, Өзбекстан облигацияларының табыслы жайластырылыўы басқа Өзбекстан емитентлерине және де қолайлы шәртлерде миллий валютадағы инструментлер менен глобал финанс базарларына жол ашыўы күтилмекте.

Халықаралық облигацияларды жайластырыўдан алынатуғын қаржылар "2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына (2025-жыл 25-декабрьдеги ӨРН-1105-санлы) муўапық Мәмлекетлик бюджет жетиспеўшилигин қаржыландырыўға қаратылады.