Бүгин күндиз Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья, Қашқадәрья ўәлаятларында, күнниң екинши ярымында Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында айырым жерлерде жаўын жаўады. Республиканың қалған аймақларында жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтта күнниң биринши ярымында бираз жаўын жаўады. Самалдың тезлиги 5-10 м/с. Ҳаўаның температурасы 23-25°.
Таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Бәлент таўларда қарға айланыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.