Бүгин Өзбекстан жоқары билимлендириў системасы әпиўайы институционаллық реформа шеңберинен шығып, жәмийеттиң интеллектуаллық, экономикалық ҳәм мәдений раўажланыўын белгилеп бериўши стратегиялық факторға айланды. 2025-жыл мине усы процесстиң логикалық даўамы сыпатында жоқары билимлендириўдеги өзгерислердиң муғдарлық кеңейиўден сапа жағынан жетилисиўге бағдарланған жаңа басқышын айқын көрсетти.

Соңғы сегиз жылда жоқары оқыў орынларының саны дерлик үш есеге артып, 2025-жылы 207 ге жетти. Студентлер саны болса 1,7 миллионды қурады. Бул санлардың артында тек ғана статистикалық өсиў емес, ал жәмийетте билимге болған талап артып атырғаны, жоқары билимлендириўдиң социаллық мобиллик ҳәм жеке жетиклик факторы сыпатында аңланып атырғаны жәмленген.

Системаның кеңейиўи инфраструктура тийкарлары менен беккемленди. Жаңа жоқары билимлендириў мәкемелери, оқыў имаратлары, студентлер турақ жайлары ҳәм заманагөй лабораториялар қурылды. Ең әҳмийетлиси, оқытыўдың мазмуны өзгерди. Санлық өсиўди сапа арттырыў арқалы тәмийинленди. Барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринде кредит-модуль системасының енгизилиўи, оқыў бағдарламаларының халықаралық университетлердиң тәжирийбеси тийкарында қайта көрип шығылыўы жоқары билимлендириўди заманагөй билим экономикасының талапларына бейимлестирди. Оқытыўдың сапасын баҳалаў, ашық-айдынлық ҳәм академиялық жуўапкершилик принциплери системаның ишки нормасына айлана баслады.

Усы мәнисте, артта қалған жыл Өзбекстан жоқары билимлендириў тарийхында тек ғана гезектеги реформа жылы емес, ал мақсет ҳәм мазмунын анық белгилеп алыў дәўири сыпатында әҳмийетке ийе болмақта. Быйыл жоқары билимлендириў инсан капиталын қәлиплестириўдиң тийкарғы институты сыпатында өз орнын беккемледи ҳәм келешектеги раўажланыў ушын беккем интеллектуаллық тийкар жаратты.

Питкериўши - мийнет базары ушын әҳмийетли субъект

Заманагөй билимлендириў системасының нәтийжеси тек ғана өтилген сабақ саатлары ямаса берилген дипломлар менен емес, ал жас қәнигениң мийнет базарында өз орнын таба алыўы менен өлшенеди. Усы мәнисте, 2025-жыл Өзбекстан жоқары билимлендириўинде "билимлендириў - жумыс - кәсиплик турақлылық" шынжырын қәлиплестириўде әҳмийетли басқыш болды.

Бәринен бурын, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм жумыс бериўшилер арасындағы бирге ислесиў системалы түрге енди. Жоқары оқыў орынлары жанында жумыс бериўшилердиң қатнасыўында билимлендириў бағдарламаларын қайта көрип шығыў, әмелият мазмунын анық жумыс орынларына бағдарлаў ҳәм питкериўшиниң компетенцияларын реал экономикалық талапларға бейимлестириў процесслери жеделлести. Бул бирге ислесиў рәсмий келисимлер шеңберинде шекленип қалмастан, билимлендириў процесиниң қурамлық бөлегине айлана баслады.

2025-жылы питкериўшилерди жумысқа жайластырыўға қаратылған институционаллық механизмлер де кеңейтилди. Атап айтқанда, "Келешекке қәдем" бағдарламасы шеңберинде жоқары билимлендириў мәкемелери, банклер ҳәм жеке меншик сектор арасында өзине тән экосистема қәлиплестирилди. Нәтийжеде мыңлаған питкериўши студентлер өзлериниң бизнес жойбарларын усыныў, финанслық қоллап-қуўатлаў ҳәм исбилерменликке қәдем қойыў имканиятына ийе болды. Бул процесс жумыс пенен тәмийинлеў түсинигин тек ғана таяр жумыс орны менен шеклемей, жасларды жумыс жаратыўшы субъект сыпатында көриўге хызмет етти.

Дуал билимлендириў системасы болса билимлендириў менен жумыс арасындағы үзилисти сапластырыўда шешиўши факторға айланды. 2025-жылы дуал билимлендириўди шөлкемлестириў тәртибиниң тастыйықланыўы жоқары билимлендириў мәкемелерине жумыс бериўшилер менен биргеликте кадрлар таярлаўды ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан беккемлеў имканиятын берди. Бул модель шеңберинде студентлер оқыў процесинде-ақ өндирис орталығына кирип барып, теориялық билимлерин әмелий көнликпелер менен үйлестириў имканиятына ийе болды. Нәтийжеде питкериўши ушын "биринши жумыс орны" машқаласы әсте-ақырын өз әҳмийетин жоғалта баслады.

Халықаралық ашықлық - глобал бәсеки майданында жаңа басқыш

Билимлендириў енди тек ғана ишки мүтәжликлерди тәмийинлеў қуралы емес, ал мәмлекеттиң сыртқы интеллектуаллық имиджи, экономикалық бәсекиге шыдамлылығы ҳәм "жумсақ күш" потенциалын қәлиплестириўши стратегиялық ресурс сыпатында көзге тасланбақта. Бул процесс, бәринен бурын, халықаралық билимлендириў бағдарламаларын енгизиў ҳәм билимлендириў хызметлери экспортын раўажландырыў арқалы әмелий мазмунға ийе болды.

Кәсиплик билимлендириў тараўында халықаралық стандартларды енгизиўге қаратылған жумыслар анық нәтийжелер берди. Соның ишинде, 2025-жылы 47 техникумда 27 кәсип бағдары бойынша халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында 4149 оқыўшы қабыл етилиўи кәсиплик билимлендириўди глобал мийнет базары талапларына бейимлестириўде әҳмийетли қәдем болды. Бул көрсеткиш кәсиплик билимлендириў системасында бурын бар болған жергиликли бағдарланған моделден халықаралық компетенцияларға тийкарланған таярлыққа өтиў басланғанын аңлатады. Билимлендириў мазмунының стандартластырылыўы, баҳалаў системасының халықаралық нормаларға жақынласыўы ҳәм жумыс бериўшилер менен биргеликте қәлиплестирилген оқыў режелери усы бағдардың турақлы раўажланыўына хызмет етпекте.

2025-жылға келип Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған сырт елли студентлердиң саны 19 мың 862 ге жетти. Бул көрсеткиш өткен жылларға салыстырғанда 125 процентлик өсиўди қурап, мәмлекетимиз региондағы билимлендириў орайларынан бирине айланып атырғанын тастыйықлайды. Халықаралық студентлер контингентиниң кеңейиўи билимлендириў хызметлери экспортының көлеминде де өз көринисин тапты. 2025-жылы билимлендириў экспорты 35,2 миллион долларды қурап, бул бағдарда 148 процентлик өсиўге ерисилди. Бул санлар билимлендириўди экономиканың бийғәрез ҳәм дәрамат келтиретуғын тармағы сыпатында қәлиплестириў имканиятының бар екенлигин айқын көрсетеди.

- Халықаралық билимлендириў бағдарламалары ҳәм сырт елли студентлерди тартыў сиясаты тек ғана экономикалық мәп пенен шекленбейди, - дейди Сардор Ражабов. - Бул процесс миллий билимлендириў системасын сыртқы баҳалаў механизмлери менен байланыстырады, академиялық орталықта бәсеки ҳәм ашық-айдынлықты күшейтеди, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер ушын жаңа интеллектуаллық шеклерди ашады. Ең әҳмийетлиси, билимлендириў арқалы қәлиплесип атырған халықаралық байланыслар узақ мүддетли дипломатиялық ҳәм мәдений бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратады.

Усы жылы халықаралық билимлендириў бағдарында исленген жумыслар Өзбекстан жоқары ҳәм профессионал билимлендириўинде муғдарлық көрсеткишлерден тысқары, мазмун, абырай ҳәм стратегиялық әҳмийет көзқарасынан да сапа жағынан жаңа басқыш басланғанын көрсетпекте. Атап айтқанда, 47 техникумда Германия, Англия, Швейцария ҳәм Қубла Кореяның абырайлы билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте 27 кәсип бойынша халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқытыў жолға қойылды. Бул, бәринен бурын, кәсиплик билимлендириўдиң мазмунын заманагөй технологиялар, өндирис мәденияты ҳәм халықаралық маманлық талаплары менен байытыў имканиятын берди. Бул бирге ислесиў тек ғана оқыў режелерин көшириў ямаса өз алдына пәнлерди енгизиў менен шекленбеди. Халықаралық билимлендириў бағдарламалары шеңберинде оқытыў нәтийжелерин баҳалаў, әмелий сабақлар үлесин арттырыў, жумыс бериўшилердиң қатнасыўында компетенцияларды қәлиплестириў сыяқлы принциплер системалы түрде енгизилди. Нәтийжеде техникум питкериўшиси белгили бир кәсипти ийелеў менен бирге, оны халықаралық стандартлар дәрежесинде әмелге асырыў потенциалына ийе қәниге сыпатында таярланбақта. Әсиресе, Германия ҳәм Швейцария тәжирийбесине тийкарланған дуал билимлендириў кәсиплик билимлендириўди өндирис пенен үзликсиз байланыстырыўға хызмет етпекте. Англия ҳәм Қубла Корея менен биргеликтеги бағдарламалар болса билимлендириўде инновациялық технологиялар, санлы шешимлер ҳәм заманагөй басқарыў көзқарасларын енгизиўге түртки бермекте. Бул ҳәр түрлилик миллий кәсиплик билимлендириў системасын бир тәреплеме емес, ал көп векторлы раўажланыў жолына алып шықпақта.

Инженерлик мектеплери:

Билимнен шешимге алып баратуғын жаңа модель

Ең әҳмийетли институционаллық жаңалықлардан бири инженерлик билимлендириўди мазмун жағынан қайта шөлкемлестириўге қаратылған алдынғы инженерлик мектеплериниң шөлкемлестирилгени болып табылады. Бул көзқарас арқалы инженерлик билимлендириўди дәстүрий теориялық таярлық шеңберинен шығарып, анық технологиялық шешимлер, әмелий изертлеўлер ҳәм санаат талаплары менен үзликсиз байланыстырыў мақсет етилген. Атап айтқанда, жоқары оқыў орынларында "жасыл" энергетика, машина қурылысы, жасалма интеллект, транспорт, қурылыс ҳәм санаат сыяқлы стратегиялық әҳмийетке ийе бағдарларда 14 инженерлик мектеби шөлкемлестирилди. Бул мектеплер мәмлекет экономикасында узақ мүддетли бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлейтуғын тараўларға қаратылған болып, инженерлик ой-пикирди заманагөй технологиялар менен үнлес раўажландырыўға хызмет етпекте.

Инженерлик мектеплериниң шөлкемлестирилиўи билимлендириў ҳәм өндирис арасындағы дәстүрий үзилисти сапластырыўға қаратылған системалы шешим сыпатында көринеди. Бул мектеплерде билимлендириў процеси тек ғана аудитория менен шекленип қалмастан, лабораториялық изертлеўлер, санаат кәрханалары менен биргеликтеги жойбарлар, стартап басламалар ҳәм инновациялық қолланбалар арқалы байытылмақта. Нәтийжеде инженер кадрлар таярлаў процеси "билим бериў"ден "инженерлик шешим жаратыў" басқышына көтерилмекте. Әсиресе, "жасыл" энергетика ҳәм жасалма интеллект бағдарындағы инженерлик мектеплери глобал тенденциялар менен үнлес раўажланып атырғаны итибарға ылайық. Бул бағдарларда таярланып атырған қәнигелер тек ғана ишки базар талапларын тәмийинлеў емес, ал халықаралық жойбарларда қатнасыў потенциалына ийе кадрлар сыпатында қәлиплеспекте. Соның менен бирге, машина қурылысы, транспорт ҳәм қурылыс тараўларындағы инженерлик мектеплери миллий санаатты технологиялық модернизациялаў, жергиликли өндиристи тереңлестириў ҳәм импорттың орнын басатуғын өнимлер жаратыўға хызмет етпекте.

Инженерлик мектеплеринде инженер машқаланы көре алады, оны талқылай алады ҳәм жуўапкершиликти өз мойнына алған ҳалда шешим усынатуғын дөретиўши қәниге сыпатында тәрбияланады.

Нәтийжеге өтиў дәўири

2025-жылы қәлиплестирилген институционаллық тийкар 2026-жылға барып билимлендириў системасын және де терең реформалаў, мийнет базары, халықаралық стандартлар ҳәм инвестициялық орталық пенен үзликсиз байланыстырыўды талап етпекте. Усы мәнисте, 2026-жыл ушын белгиленген тийкарғы ўазыйпалар билимлендириў тараўында муғдарлық көрсеткишлер менен бирге анық нәтийжелерге ерисиўди нәзерде тутатуғын жаңа басқышты сәўлелендиреди.

Бәринен бурын, жасларды ерте кәсипке бағдарлаў мәселеси системалы қатнас тийкарында шешиледи. 2026-жылы улыўма билим бериў мектеплериниң 9-класс питкериўшилериниң 30 процентин техникумларға қамтып алыў режелестирилгени билимлендириў траекториясын дәслепки басқыштан-ақ мақсетли белгилеўге қаратылған әҳмийетли қарар болып есапланады. Бул қатнас арқалы "мектеп - техникум - жумыс орны" шынжыры ерте қәлиплесип, жаслардың мийнет базарына бейимлесиўи тезлеседи.

Кәсиплик билимлендириўде халықаралық өлшемди кеңейтиў де әҳмийетли бағдарлардан бири болады. Соның ишинде, 100 техникумда халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында кадрлар таярлаў жолға қойылады. Бул арқалы кәсиплик билимлендириў миллий талаплар менен шекленип қалмастан, глобал мийнет базарының талапларына сәйкес кадрлар таярлаўға хызмет етеди.

Халықаралық аккредитациядан өткен билимлендириў бағдарламаларының санын 120 ға жеткериў режелестирилгени мазмунды халықаралық баҳалаў механизмлери арқалы жетилистириўге қаратылған. Бул процесс университетлерди ишки бәсекиден сыртқы академиялық бәсеки орталығына алып шығып, билимлендириў сапасына талапты арттырады.

Билимлендириў тараўын раўажландырыўда инвестиция факторы да шешиўши әҳмийетке ийе. 2026-жылы жәми 80 миллион доллар муғдарында сырт ел инвестиция қаржыларын өзлестириў режелестирилген болып, соннан 51 миллион доллары мәмлекет кепиллигиндеги жойбарлардың үлесине туўра келеди.

Соның менен бирге, жоқары билимлендириўде инфраструктуралық имканиятларды кеңейтиў де даўам еттириледи. Жоқары оқыў орынларында қосымша 4000 оқыў орны ашылады. Бул талап ҳәм демографиялық басымды есапқа алған ҳалда көрилип атырған системалы илаж болып табылады. Нәтийжеде жоқары билимлендириўдиң халықаралық ашықлығын тәмийинлеў мақсетинде жоқары оқыў орынлары тәрепинен сырт ел пуқараларына грант бериў әмелиятын қолланыў нәзерде тутылмақта. Бул баслама билимлендириўди тек ғана хызмет экспорты емес, ал интеллектуаллық бирге ислесиў ҳәм мәдений қарым-қатнас қуралы сыпатында раўажландырыўға хызмет етеди.

Рисолат МАДИЕВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы