Қарақалпақ қобызы ҳәм қара үйи ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрас дизимине киргизилди

    11 желтоқсан 2025 21

    Қарақалпақ қобызын жасаў ҳәм онда атқарыў көркем өнери рәсмий түрде ЮНЕСКОның Тезлик пенен қорғаўға алыныўы лазым болған материаллық емес мәдений мийрас дизимине киргизилди.

    Бул тарийхый қарар Ҳиндстан пайтахтында болып өткен ЮНЕСКО Материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў ҳүкиметлераралық комитетиниң 20-сессиясы қатнасыўшылары тәрепинен бир даўыстан мақулланды.

    Бул әҳмийетли ўақыя Өзбекстанның мақсетли ҳәрекетлериниң нәтийжеси болып, Қарақалпақстанның бийбаҳа мәдений дәстүриниң халықаралық көлемде тән алынғанын айқын көрсетпекте.

    Қобыз көркем өнери Өзбекстанның ЮНЕСКО дизимлерине киргизилген мәдений мийрас элементлериниң санын он алтыға жеткерди. Бул болса мәмлекетимиздиң әййемги цивилизация ҳәм бай мәденияттың халықаралық орайларынан бири сыпатындағы статусын тастыйықламақта.

    Қобыз әййемги тарлы саз әсбабы болып, түркий халықлар, әсиресе, қарақалпақлар, қазақлар ҳәм қырғызлар арасында кең тарқалған. Қарақалпақ қобызы традициялық түрде тутас ағаштан (көбинесе туттан) соғылады. Аттың жалынан исленген еки тарға ийе болып, терең ҳәм бийтәкирар ырғақ пайда етеди.

    Жыраў - қарақалпақ дәстаншылары ҳәм шайырлары есапланады. Олар қобыз жырында дәстанлар ҳәм тарийхый рәўиятлар атқарады. Жыраўшылық дәстүри қарақалпақ халқының тарийхы, философиясы ҳәм руўхый қәдириятларын жеткериўши музыкалық ҳәм поэзиялық көркем өнердиң бийбаҳа үйлесими болып табылады.

    Қобыз соғыўшы усталар ҳәм онда атқаратуғын сазенделердиң қатарының азайып баратырғаны ақыбетинде бул көркем өнер элементиниң жоғалып кетиў қәўпи бар. Сол себепли оны Тезлик пенен қорғаў астына алыў дизимине киргизиў зәрүрлиги пайда болған. Қәнигелер де бул бийбаҳа дәстүрди келешек әўладлар ушын сақлап қалыў әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.

    Сессия даўамында "Муқаддес мийрастың қайта тиклениўи: қобыз ҳәм қарақалпақ жыраўларының эпикалық дәстүри" атамасында сайд-ивент болып өтти. Бағдарламаға бола, белгили жыраўлар Бақберген Сырымбетов ҳәм Дәўранбек Ендирбаевтың жанлы атқарыўы, қобыз ҳәм жыраўға бағышланған ҳүжжетли фильм көргизбеси ҳәм уста Марат Жақсымуратов тәрепинен қобыз музыкалық әсбабын соғыў процесиниң жанлы көргизбеси көрсетилди.

    Сондай-ақ, 11-декабрь күни Ҳиндстанда болып өткен бул сессияда қарақалпақ қара үйин Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасының репрезентатив дизимине киргизиўге бағышланған мәселе де додаланды.

    Халықаралық әнжуманда Өзбекстан мәдений мийрасының он жетинши элементи - қарақалпақ қара үйи де дүнья көлеминде тән алынып, ЮНЕСКО Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасының репрезентатив дизимине бир даўыстан қабыл етилди.

    Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан көшпели түркий халықлар үйи – қара үйди ЮНЕСКОның Репрезентатив дизимине киргизиў бойынша биргеликтеги номинация усыныс еткен еди.

    Қарақалпақ қара үйи ЮНЕСКО дизимине киргизилиўи пүткил Өзбекстан, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы ушын үлкен жәмийетлик-сиясий ҳәм мәдений әҳмийетке ийе болған әҳмийетли ўақыя болып табылады.

    Қарақалпақ қара үйи өзине тән көриниси, нағыслары ҳәм символлары менен ажыралып туратуғын, қарақалпақ халқының дүньяға көзқарасын, эстетикасын ҳәм тәбийғый турмыс шараятын сәўлелендиретуғын бийбаҳа халық архитектурасының үлгиси болып есапланады. Оның халықаралық көлемде тән алыныўы миллий өзликти сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға хызмет етеди.

    Бул ўақыя Өзбекстан басшылығының бай мәдений-гуманитарлық мийрасты халықаралық майданда алға қойыў бойынша избе-из ҳәм табыслы ҳәрекетлериниң айқын дәлили болды. Мәмлекетимиздиң ашық-айдынлық ҳәм дүнья мийрасы үлгилерин сақлаў принциплери және бир мәрте көринди.

    Қарақалпақ қара үйиниң дизимге киргизилиўи соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасында жедел раўажланып атырған бирге ислесиўдиң айқын нәтийжелеринен бири болып есапланады. Өз-ара пайдалы шериклик усы жылы октябрь-ноябрь айларында Самарқанд қаласында өткерилген ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясынан соң жаңа басқышқа көтерилди.

    Қарақалпақ қара үйи Өзбекстан мәдений мийрасының ЮНЕСКОның түрли дизимлерине киргизилген он жетинши элементи болды. Мәмлекетимиздиң Уллы жипек жолындағы дүнья цивилизациясының тийкарғы орайларынан бири сыпатындағы статусын және бир мәрте тастыйықлады.

    Әсиресе, соңғы 7-8 жылда Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасындағы нәтийжели бирге ислесиў қатнасықлары шөлкем дизимлерине бир неше әҳмийетли материаллық емес ҳәм тәбийғый мәдений мийрас элементлериниң киргизилиўине алып келди.

    Қара үйдиң ЮНЕСКО дизимине киргизилиўи тек ғана монументаллық естеликлерди емес, ал әўладтан-әўладқа өтип киятырған жанлы дәстүр ҳәм көнликпелерди, халықтың исеними ҳәм санасын сақлаўға қаратылған табыслы жумыслардың үзликсиз даўамы болып табылады.

    Бул ўақыя Қарақалпақстан ҳәм пүткил Өзбекстанның туристлик тартымлылығын арттырыў, қара үй таярлаў менен шуғылланыўшы өнермент-усталарды қоллап-қуўатлаў, илимий изертлеўлер алып барыў, дәстүрий көнликпелерди жас әўладқа жеткериў, оның мәңгилигин тәмийинлеў ушын жаңа имканиятлар ашады.

    Қарақалпақ қара үйиниң репрезентатив дизимге киргизилиўи бул тарийхый байлықтың халықаралық тән алыныўы ҳәм көшпели мәденияттың сийрек ушырасатуғын белгисин сақлап қалыўдың кепили болды.

    "Дунё" МА

    Дели қаласы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates