Еки белгили шайырдың қосықларын оқығаныңызда көз алдыңызға кең пайтахт елимиздиң аймағы елеслейди. Әлбетте, бул аймақта қаншадан-қанша қыйыншылықлар, қуўаныш ҳәм шадлықлар жүз берген. Шайырлардың тийкарғы ўазыйпаларынан бири де усы қуўаныш ҳәм қайғыларды қосық тили менен, дөретиўшиге тән сезимталлық пенен көпшиликке мәлим етиўи есапланады.
Мәселен Узақбай Пиржановтың «Мен туўылған жерде» қосығында:
Қарлығашлар ушар, ушар шаршамас,
Палапанларына ырысқы излеп.
Бүлбиллер бағында сайрап жалықпас,…
-деген қатарлары менен сағынышты ҳәм Ўатанының гөззаллықларын сәўлелендирген. Әлбетте, тематика тек буннан ғана ибарат емес. Әмиўдәрьядағы саяхаты ҳаққында да жазады. Қыялындағы дүньяны қосық қатарларына алып өтеди.
Айрықша, ҳеш тартынбастан өз миллети болған қарақалпақ халқы ҳаққында да сөз еткен ҳәм өзлигин қорғаған. Себеби, шайыр сол жерде туўылып, усы халықтың үрп-әдетлери, Ўатанының адамлары ҳаққында айтқан ҳәм машқалаларын қосықларында тилге алған. Сондай-ақ, дөретиўши сыпатында басқа шайырларға да мүрәжат етип, оларға еликлеген.
Шайыр Шийрин Халмуратова өз заманының ең көрнекли ҳаял шайырларының бири.
Толған ай сүзилер аспанда,
Шегирткелер шырылдамақта.
Ҳүким сүрер әтирапта жымжыртлық,
Илҳам толы сонша жарықлық.-деген қатарлары бул сөзимизди тастыйықлап береди. Шайырдың аўыл турмысын, шопанлар өмирин аңлаў қәбилети бар. Тәбиятты ҳәм инсан муҳаббатын алдынғы орынға қойған.
Билесең бе, мен өзимди көк теңиздиң,
Жасыл жағасында көрсем деймен…-деген қатарлары буның айқын дәлийли.
Ҳақыйқатлық, муҳаббат, инсан, тәбият, мәўсимлик характерлер шайырдың қосықларында ушырасатуғын тематиканың бир бөлеги ғана. Шайыр-бир теңиз, дәрья, таўсылмас, йошлы толқынлары-сөзлери менен оқыўшыны гейде йошландырады, гейде дәртке салады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.