Өзбекстан Республикасының Ақтаў қаласындағы Бас консулханасының басламасы менен 4-8 декабрь күнлери Манғыстаў ўәлаятындағы Шахимардан Есенов атындағы Каспий технология ҳәм инженерлик университетиниң бир топар студент-жаслары Қарақалпақстанда мийманда болды.
Университеттиң туризм бағдарында билим алып атырған бул студент-жасларға елимиздиң бүгинги күндеги туризм имканиятларын кеңнен таныстырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының әмелий жәрдеми менен бир қатар дыққатқа ылайықлы орынларға саяхат шөлкемлестирилди.
Атап айтқанда, саяхат даўамында мийманлар Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Хожели районларында жайласқан Шылпық, Аяз-қала, Топырақ қала, Миздахқан әййемги естеликлери, пайтахтымыз Нөкис қаласындағы Ерқосай мақбарасы ҳәм Игорь Савицкий атындағы мәмлекетлик музей менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.