Хош, бўл ўақыт ишинде нелерге еристик? Бәринен бурын, миллет сыпатында дүньяға танылдық, ғәрезсиз, суверен мәмлекет статусында дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орынға шықтық. Қәдириятлар тикленди, миллий мийрас халыққа қайтарылды, үрп-әдетлер, дәстүрлер қайта жанландырылды, диний исеним, мәденият, миллий тил ҳәм әдебият халық атынан бой көрсете баслады. Қалаберди, экономика, социаллық тәмийнат, инсан ҳуқықларының үстинлиги, миллий мәмлекетшилик принциплери турақлы жетилистирилип барылды ҳәм бул даўам етпекте. Әйне усы гәплер кимлер ушын бәлентпәрўаз көриниўи мүмкин, бирақ жәмийетлик турмысқа қайырқом болып жүргенлер ушын бул әйне ҳақыйқат. Тарийхты ҳеш ким қайтадан жаза алмағаны сыяқлы, оны өзгертиў имканияты да жоқ. Солай екен, биз тарийхты емес, көбирек өз дүньяқарасымызды өзгертиўди ойлаўымыз керек, деп ойлайман.
Буның менен не демекшимен?
Реформалар халыққа тән барлық қәдириятларды тиклеўи, миллетке қайтарыўы мүмкин, бирақ миллет ўәкиллери оны терең аңламаса, қандай жемислерге қайта ийе болғанын сезбейди. Мәселен, бүгин көпшилик жаслар ушын миллий қәдириятлар тикленгени ямаса тикленбегениниң әҳмийети аздай. Себеби олардың бир бөлегинде ғалабалық мәденият ҳәм космополитизм идеяларына бейимлик бар, миллий өзлик белгиси болған тақыяны кийсеңиз, ерси көринеди, ўатансүйиўшилик ҳаққында сөз етсеңиз, кеўилсиз болады. Бирақ буның менен көпшилик жаслар сондай, деген пикирден пүткиллей узақпан.
Бурынғы советлер дәўиринде өзлигимиздиң ажыралмас бөлеги болған тилимизден, динимизден, қәдириятларымыздан ажыратыўға қаратылған сиясат қаншелли агрессив алып барылмасын, ата-бабаларымыз соншелли оны сақлап қалыўға ҳәрекет еткен. Солай екен, қандай машақатлар менен қутқарылған бул қәдириятларға ескиликтиң қалдығы, деп қараўға руўхый ҳақымыз бар ма? Төменде усы сораўдың жуўабына алып келетуғын айырым пикирлер үстинде пикир жүргиземиз.
Тарийхта дүньяның жети әжайыбатынан бири сыпатында танылған Артемида ибадатханасына Герострат деген адам тәрепинен от қойылады. Оның бундай сумлыққа қол урыўдан тийкарғы мақсети "тарийхта ат қалдырыў" болған. Тилекке қарсы, бүгин көпшилик жаслар да "тарийх"қа кириў, белгили болыў ушын социаллық тармақлар, ҳәр қыйлы медиаплатформалар арқалы шаў-шуў көтерип, жазылыўшы жыйнаў менен әўере болмақта. Бул еки теңеўдиң өз ара байланыслылығы сонда, бириншисинде көзсизлик пенен адамзатқа қарсы жынаят исленген болса, екиншисинде миллетке, әўладларға, миллий менталитетке ҳәм әзелий қәдириятларға қарсы руўхый жынаят исленбекте. Тилекке қарсы, бүгинги дәўир жасларының көпшилигиниң дүньяқарасында руўхый маргинализация өсип бармақта, олар ушын тез көпшилик итибарына түсиў, мийнетсиз дәрамат табыў, жеңил-желпи турмыс кешириў, өзгелер есабынан болса да "жақсы жасаў" әрманы үстин болып қалып атырғандай. Буның изи қандай болады? Олардың усындай турмыс тәризи, дүньяқарасы, социаллық мүнәсибети нәтийжесинде қандай улыўма инсаныйлық, руўхый мүлклер жоғалтылады?
Бириншиден, улыўма инсаныйлық қәдирият болған ҳүждан, диянат, инсаныйлық орнына ҳүждансызлық, диянатсызлық ҳәм эгоизм ҳүким сүрип, өзинен басқаны ойламайтуғын әўлад қәлиплеседи.
Екиншиден, әзелий қәдириятларымыз есапланған мийрим-шәпәәт, үлкенге ҳүрмет, кишиге иззет, ата-анаға хызмет етиў, шаңарақтың муқаддеслиги, ўатансүйиўшилик сезимлериниң орнына көшеде автоаварияға ушыраған адамды тез видеоға түсирип, социаллық тармаққа жайластырыў ямаса көшеде кетип баратырған жасы үлкен адамды биреўи урып жығып, екиншиси сүўретке алып, социаллық тармақтағы бетлерине тарқатыўын әпиўайы жағдай сыпатында қабыл етиў дәрежесине өтеди. Ата-анаға хызмет етиўдиң орнына олардың тири ўақтында-ақ аға-инилер арасында мийрас таласыў, өз ҳалына таслап қойыў, шаңарақты белгили бир мәплер тийкарында қурыў, оның "жасап қалыўын" усы мәплерге байланыстырып өмир сүриў сыяқлы иллетлер "жаңа қәдирият" түринде күнделикли турмысымызға кирип келеди.
Үшиншиден, жаслар шахс сыпатында халқы, шаңарағы алдындағы миннетин умытып, жуўапкершиликсиз болып ержетеди. Өзгелерге жәрдем бериў туйғысы жоғалып, өз мәпин ўатан мәпинен үстин қойыў иллетине айланып барады ҳәм кимгедур азап берип болса да, өзи ушын дурыс деп билген жолдан жүриў дәстүрге айланады.
Төртиншиден, адамның жеке өмиринде материаллыққа умтылыўы бирлемши ўазыйпа сыпатында қабыл етилип, оған ерисиў ушын халық яки ўатан мәплерине қарсы ис етиў, нызамларға бийпәрўалық пенен қараў, басқалардың мүлкин өзлестириўге урыныў, дәмегөйлик сыяқлы иллетлер әдеттеги жағдай дәрежесине көтерилип, буларды ислеўден ҳүждан қыйналмай баслайды.
Бесиншиден, исенимсизлик, иймансызлық, жекижүзлик, көзабаға ҳәрекет етиў ҳәўиж алады, яғный адам сыртқы көринисинен ийманлы, бирақ сыртқы көринисинен жүзегөй болса да, оны өзи сезбейтуғын, бул бойынша басқалардың пикирин еситиўди қәлемейтуғын болып көринеди.
Алтыншыдан, миллий қәдириятларға бийпәрўа қарайтуғын әўлад қәлиплесип, олар үрп-әдетлерди ҳүрмет етпейди, әмел етиў миннет екенлигин тән алмайды. Бундай адамлар социаллық турмысындағы иллетлерде айыпты сыртқы орталықтан излейтуғын болып, маған әтирапындағылар не қылып берди, ҳәммесине өз күшим менен еристим, деген түсиник пенен жасайды.
Хош, халқымызға тән болмаған бул иллетлерден қутылыўдың жолы бар ма? Оларды қалай дүзетиў мүмкин? Не ислесек ата-бабалар мийрасына мүнәсип мийрасхор сыпатындағы дүнья жүзилик абырайымыз және де жоқарылайды?
Ҳақыйқатында да, ҳәр қандай сынақ артынан бир жақсылық дереги болады. Буған толық исеним менен исениў, өзимизди өзгертиўге қатаң болыўдың өзи жеткиликли. Себеби исеним арқалы жүдә көп машқалаларды жеңип өтиў мүмкин. Бирақ өзимиз өзгериўди қәлемес екенбиз, ҳеш ким бизди өзгерте алмайды. Усы жерде өзимизди өзгертиўге аз да болса жәрдем беретуғын төмендеги усынысларды бериўге рухсат еткейсиз.
Перзентлеримиздиң тәрбиялы, мәдениятлы, ўатансүйиўши инсан сыпатында миллий менталитетимизди ҳүрмет етиўи, биринши гезекте, ата-аналарға, шаңарақтағы саламат социаллық орталыққа байланыслы екенин умытпаўымыз зәрүр. Демек, биринши орында жасларды емес, ата-аналарды миллий руўхта тәрбиялаўымыз керек. Махмудхожа Беҳбудий айтып өткениндей, ана тилиниң ҳақыйқый ана тилине айланыўы ушын, ең дәслеп, аналарды саўатлы етиў керек.
Сондай-ақ, гуманитар пәнлерди билимлендириўдиң барлық түрлерине алып кириў, оларды тереңлестирип өтиў системасын енгизиў зәрүр. Ҳақыйқатында да, жасларға инсаныйлық, ҳүждан ҳәмири сезимлери тәрбиялық билимлендириў арқалы сиңдириледи. Бул процессте гуманитарлық пәнлер тийкарғы драйвер болып есапланады. Президентимиздиң атап өткениндей, биз мәмлекет ҳәм жәмийет мәплери жолында ҳадал мийнет еткен, бул бағдарда барлық социаллық шақырықларға "ләббай" деп жуўап берген ата-аналарымыздың әўладының тәсиринде тәрбияланғанбыз. Олардың бундай әўлад болыўында жәмийетлик пәнлер системасының орны ҳәм әҳмийети үлкен болған.
Кейинги гезекте пуқаралардың социаллық тармақлардан пайдаланыў мәдениятын белгилейтуғын әдеп-икрамлылық нормалары ислеп шығылыўы керек. Бунда перзенти руўхый, әдеп-икрамлылық төменликке алып баратуғын социаллық тармақлардағы контентлерден пайдаланғаны ушын ата-ана да жуўапкер болатуғыны ҳаққында норма сәўлелениўи мақсетке муўапық еди. Бул арқалы жас өспиримлерге ата-аналар тәрепинен "қымбат баҳалы телефон" алып берилиўин сезилерли дәрежеде азайтыў мүмкин. Себеби мектепте соңғы моделдеги гаджет алып жүрген, шеклеўлерсиз интернетке жалғанған көпшилик балалардың ата-анасы сырт мәмлекетлерде жумыс ислеп атырғанына өз жумыс бабымда гүўа болғанман. Олар өзлери билмеген ҳалда үш жуўапкершиликтен қутылмақта. Бириншиси перзентиниң әдеп-икрамлылық тәрбиясына унамсыз тәсир етиўши шараят жаратып бериўдеги айыбы болса, екиншиси жуўапкерсизлик. Үшиншиси болса усы бийпәрўалығы себепли жәмийеттеги социаллық орталыққа келтирип атырған зыяны ушын жуўапкершиликтен қашыў болып есапланады.
Соңғылығында, мәҳәлле жыйынларының жумысында "Қәдирли шаңарақ" кеңесин енгизиў зәрүр. Оған көпти көрген нураный, психолог ҳәм педагоглардан ибарат тәжирийбели қәнигелер тартылып, шаңарақ қурыўға талапкер жасларды сәўбеттен өткериў, шаңарақ қурыўдағы мақсетин үйрениў, бул мәселеде жаслар алдында турған жуўапкершиликти аңлаў қәбилетин тест етиў, соннан кейин кеңестиң усынысы арқалы турмыс қурыўға руқсат бериў ямаса бермеў системасын жолға қойыў зәрүр. Сол арқалы белгили дәрежеде болса да, саламат шаңарақ концепциясын әмелиятқа енгизиў мүмкин. Себеби, соңғы статистикалар көрсетип атырғанындай, халқымызға тән болған шаңарақ деп аталатуғын муқаддес орын жаслар тәрепинен ең көп қәдирсизленип атырған "қәдирият" болып қалмақта.
Улуғбек Яздонов,
философия илимлериниң докторы, профессор