Миллий Олимпиада комитетиниң мағлыўматына бола, ўатанласларымыз усы жарыста бронза медалын қолға киргизген.
Бул табысқа командалық бағдарда қатнасқан қызларымыз еристи. Ярым финалға шекем жетип барған қылышпазларымыз финал босағасында түркиялы қарсыласларына имканиятты берип қойды. Үшинши орын ушын гүресте болса Қазақстан командасы 45:24 есабында жеңилди.
Бул беллесиўлерде елимиздиң абырайын Азиза Ҳамидова, Санам Назарова ҳәм Дилназ Мурзатаева қорғады.