Аўыл хожалығы мәмлекетимиз экономикасында әҳмийетли орын ийелейди. Тараўдың экономикадағы үлеси 20 процент болып, жылына 467 триллион сумлық өним ислеп шығарылмақта, 3,5 миллион халықтың бәнтлиги тәмийинленбекте. Соның менен бирге, жаңа ҳәм қайта исленген аўыл хожалығы өнимлери жәми экспорттың үштен бир бөлегин қурамақта.

Презентацияда пахташылықта өнимдарлықты арттырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Оның ушын өнимдарлығы аз хожалықлар менен мәнзилли ислесиў, алдыңғы агротехнологиялар ҳәм өсимликлерди азықландырыў усылларын енгизиў, агрономлар таярлаў системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ислеп шығылды.

Атап айтқанда, пахта жетистириўде устазлық жумысын енгизип, өнимдарлығы 60 центнерден асқан тәжирийбели фермерлерди 30 центнерден аз өним жетистирген фермерлерге бириктириў усынысы билдирилди.

Алдынғы фермерлер Аўыл хожалығы тараўы кадрларының маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў институтында қайта таярланып, сертификат алады. Егер өнимдарлығы аз фермерлер гектарынан 50 центнерден зүрәәт алса, оларға устаз сыпатында бириктирилген фермерлерге 5 миллион сумнан ақшалай сыйлық бериледи.

Агрономларды таярлаў системасын жетилистириў мақсетинде Аграр ҳәм басқа да агрономлар таярлайтуғын жоқары оқыў орынларының питкериўшилери ушын еки жыллық "дуал" билимлендириў механизми енгизиледи. Алдынғы кластер ҳәм фермер хожалықларында тәжирийбе арттырып атырған студентлерге стипендия, оларға сабақ берген қәнигелерге хошаметлеўши төлемлер төленеди.

Презентацияда ғаўашаның жергиликли сортларын жаратыў бағдарындағы жумысларға айрықша тоқтап өтилди.

Мәмлекетимизде еки сийрек ушырасатуғын илимий институт - Геномика ҳәм биоинформатика орайы және Пахташылық институты жумыс алып барып атырғаны, бирақ олардың имканиятларынан толық пайдаланылмай атырғаны атап өтилди.

Ғаўаша сортларын селекциялаў тийкарында туқымгершиликти буннан былай да раўажландырыў мақсетинде бул институтларда фитотрон ҳәм репродукция ыссыханасын қурыў бойынша тапсырма берилди. Нәтийжеде жаңа жергиликли сортты жаратыў мүддети 2,5 есеге қысқарады, илимпазлардың жумысы тезлеседи, сырт ел туқымларына талап болмайды.

Пленка астында пахта жетистириў технологиясын кеңейтиў режелери додаланды.

Президентимиз агродронлардан пайдаланыўды кеңейтиў, бул бағдарда қәнигелер таярлаў әҳмийетли екенин атап өтти.

Аўыл хожалығында жасалма интеллект ҳәм санластырыў технологияларын енгизиў мәселесине тоқтап өтилди. Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен сырт ел компаниялары менен биргеликте бул бағдарда кадрлар таярлаў, илимий инфраструктура жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Сондай-ақ, қаржылай қоллап-қуўатлаў мәселелери де ҳәр тәреплеме додаланды.

2026-жылдан баслап пахта, ғәлле, мийўе ҳәм собықлы егинлер өнимин ықтыярый қамсызландырыў системасын жаратыў, бунда қамсызландырыў сыйлығының 50 процентин бюджет есабынан қаплаў усынысы билдирилди.

Субсидия системасын әпиўайыластырыў мақсетинде бүгинги күнде түрли уйымлар тәрепинен берилип атырған 75 түрдеги субсидияларды бирден-бир платформаға бирлестиретуғын Аграр тараўдағы төлемлер агентлигин шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Бул дийқанлар ушын бюрократиялық тосқынлық ҳәм әўерегершиликти кескин азайтыў имканиятын береди.

Президентимиз бул усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.