Ҳәзирги ўақытта жерлеслеримиз дүньяның дерлик 40 мәмлекетинде мийнет етпекте, сырт елде жумыс пенен бәнт болған пуқаралардың саны 1 миллион 200 мыңды қурамақта. Европа ҳәм Шығыс Азияның раўажланған мәмлекетлеринде маман жумысшы күшине талап жыл сайын артып бармақта. Буннан тысқары, Европа комиссиясының 2030-жылға шекем мөлшерленген жаңа миграция стратегиясында Орайлық Азия мәмлекетлери менен миграция бағдарламаларын әмелге асырыў, кадрлар таярлаў ҳәм нызамсыз миграцияның алдын алыўға айрықша итибар қаратылған.

Бул бағдарда, бәринен бурын, жоқары дәраматлы базарларға шығыў арқалы сыртқы мийнет миграциясы географиясын кеңейтиў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.

Ҳәзирги ўақытта сырт мәмлекетлерден тил ҳәм кәсиплик талапларға жуўап беретуғын 100 мыңнан аслам маман қәнигелерге буйыртпалар келип түскен. Атап айтқанда, Германияға 40 мың, Японияға қурылыс, логистика ҳәм сервис тараўларында 15 мың мийирбийкеге талап бар.

Бул талапларды тәмийинлеўде Германия, Корея Республикасы ҳәм Япония компаниялары менен техникумлар тийкарында әмелге асырылып атырған қоспа билимлендириў бағдарламалары әҳмийетли орын ийелемекте. Сырт ел компаниялары менен "кәсип + тил" принципи тийкарында әмелге асырылып атырған 12 усындай жойбар шеңберинде 8 мың 500 пуқара оқытылмақта. Ҳәзирги ўақытта 3 мың питкериўши жумыс пенен тәмийинленген.

Енди бундай жойбарларды 20 ға жеткериў, талап жоқары болған заманагөй кәсип-өнерлер ҳәм шет тиллерин оқытыў көлемин 50 процентке арттырып, улыўма қамтып алыўды 10 мыңнан аслам адамға жеткериў режелестирилген. Атап айтқанда, Ташкент қаласында 12 талап жоқары болған кәсип-өнер, 7 шет тили ҳәм 6 түрдеги сертификат бериў ушын имтихан өткериў шараятына ийе болған мақсетли оқытыў орайы және 600 орынлық кампус шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, Әндижан, Самарқанд, Ферғана ҳәм Ташкент қаласындағы медицина техникумларында мийирбийкелерди тил ҳәм кәсип бойынша халықаралық имтиханларға таярлаўға қаратылған арнаўлы оқыў курслары шөлкемлестириледи. Соның менен бирге, қурылыс тараўы қәнигелери - бетоншы, опалубшик, арматура ҳәм кепсерлеўшилерди таярлаў ҳәм маманлығын баҳалаў орайларын кеңейтиў илажлары көриледи.

Аймақларда инфраструктураны жақсылаў шеңберинде орынларда бирден-бир миграция орайлары ҳәм айдаўшылықты үйретиў хабларын шөлкемлестириў усыныс етилди.

Мәўсимлик бәнтлик бағдарларын кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Аўыл хожалығы ҳәм туризм тараўларында қол қойылған 12 жаңа халықаралық келисим тийкарында АҚШ, Уллы Британия, Франция, Испания, Италия, Түркия, Корея сыяқлы мәмлекетлер менен мәўсимлик бәнтлик тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Презентацияда тәртипли миграцияны шөлкемлестириўдиң жаңа қаржы механизмлери де додаланды. Атап айтқанда, шет тиллерин үйрениў қәрежетлериниң 50 процентин, кәсиплик маманлық имтиханларынан өтиў қәрежетлериниң толық бөлегин оқыў орайларына емес, ал пуқаралардың өзине бериў тәртибин енгизиў усынысы билдирилди. Сырт елде жумысқа жайласқан ҳәр бир хызметкер ушын сырт елли жумыс бериўшилер ҳәм рекрутинг компанияларын хошаметлеўдиң жаңа тәртиби де көрип шығылды.

"Сырт елде жумыс ислеў" миграция платформасын және де жетилистириў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы жумыс бериўшилерге де, пуқараларға да қосымша қолайлықлар жаратыў ҳәм процесслерди әпиўайыластырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Миграция агентлигиниң жумысы тек ғана сыртқы мийнет миграциясы менен шекленип қалмастан, ишки мийнет базарын маман кадрлар менен тәмийинлеўге жәрдемлесиўи керек екенлигин атап өтти.

Пуқараларды сырт елде нызамлы ҳәм қәўипсиз мийнет етиўге тартыў менен бирге, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў мәселелери де додаланды. Олардың денсаўлығы, жасаў ҳәм мийнет шараятларын турақлы қадағалап барыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы мақсетте 37 мәмлекетте жәрдем хызметлери жолға қойылып, 48 мың пуқараға социаллық, 17 мыңына ҳуқықый, 6 мыңына материаллық жәрдем көрсетилди.

Соның менен бирге, елимизде ўақтынша дизимнен өткен сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың руқсатнамасыз мийнет етиў жағдайларын тәртипке салыў зәрүрлиги атап өтилди. Уйымлараралық бирге ислесиўди жолға қойыў, нызамсыз миграцияны таллаў ҳәм прогнозластырыў, рәсмий емес бәнтликти легалластырыў, миллий қәдириятлар ҳәм мәмлекетте болыў қағыйдаларын түсиндириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Президентимиз билдирилген усынысларды мақуллап, сыртқы мийнет миграциясын заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў, тараўға санлы шешимлерди кеңнен енгизиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.