Отыз бес жылдан берли жас әўладқа тәлим-тәрбия берип келмекте. Соның менен бирге, үй алды қыйтақ жеринде дийқаншылық пенен шуғылланады. Апа қыйтақ жеринде алма, қәрели, шабдал тереклерин тәрбиялайды, помидор, болгар бурышы, қыяр да жетистиреди. Зүрәәттиң руўзыгершиликтен артқанын туўысқанларына тарқатады. Улыўма, бул аймақта қыйтақ жерге өз алдына қубыр арқалы суў жеткерип берилиўи де қолайлы имканият болып есапланады.
Қарақалпақстандағы қала ҳәм аўылларда Минайхан сыяқлы үй алды қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланып атырғанлардың қатары кеңейип бармақта. Тек ғана Нөкис қаласында Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында гүлшилик, қусшылық, пал ҳәррешиликти жолға қойыўды үйретиў мақсетинде шөлкемлестирилген оқыў семинарында 2400 ге шамалас ҳаял-қыз қатнасты. Тек лекция менен шекленип қалмады, керисинше, дийқаншылықтың әмелий тәреплери де үйретилди. Бундай илажлар үй шараятында дәрамат табыў имканиятын береди. Мәселен, аймақтағы Бозаўыл, Қос булақ, Көк өзек, Гүзар, Туңғыш қоныс, Қутлы мәкан мәҳәллелеринде замарық жетистириў жолға қойылған.
Сондай-ақ, Зарбдор тәжирийбеси тийкарында бес мәҳәлле санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларына қәнигелестирилген. Дәслепки есап-санақларға бола, буның ушын ҳәр қыйлы дәреклер есабынан 53,4 миллиард сум ажыратылады ҳәм жылдың ақырына шекем 295 жаңа жумыс орны ашылады.
Президентимиздиң "Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында"ғы қарарында 2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасын турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери белгилеп берилген. Соның ишинде, 2025-жыл 1-сентябрьден баслап "Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы" акционерлик жәмийети тәрепинен Қарақалпақстанда дизимнен өтип, усы аймақта 12 айдан аслам жумыс алып барып атырған ҳәм бир жылда кеминде 10 адамды турақлы жумыс пенен тәмийинлеген исбилерменлик субъектлерине өткен жылдың жуўмақлары бойынша жәми дәраматының 50 процентине шекемги муғдарда үлес киргизиў түринде финанслық жәрдем көрсетиледи.
Қалаберди, 2025-жылдың ақырына шекем Қытай тәжирийбеси тийкарында Кәмбағаллық ҳәм мийнет тараўындағы жойбарларды басқарыў орайы тәрепинен 5 гектар жерде кеминде 5 сотыхлы ыссыхана хожалықларынан ибарат ыссыхана комплекслери қурылады. Резервтеги аўыл хожалығына мөлшерленген 5 гектар суўғарылатуғын жер участкасы 49 жылға ижара ҳуқықы тийкарында Кәмбағаллық ҳәм мийнет тараўындағы жойбарларды басқарыў орайына ажыратылады. Соң кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардан талапкерлер анықланып, ыссыхана хожалықлары 2 жыл мүддетке ижара шәртнамасы тийкарында пайдаланыўға тапсырылады. Ижара мүддети тамам болғаннан соң жер және басқа кәмбағал шаңарақларға ижара тийкарында бериледи.
- Жумыссыз жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер себепли шарўашылық бағдарында өзин-өзи бәнт етиўи ушын 6 жигит-қызға жеңиллетилген кредит ажыратылды, - дейди "Фаровон" мәҳәллесиндеги жаслар жетекшиси Шоҳрух Рўзматов. - Сондай-ақ, "Жаслар дәптери" қоры есабынан 4 студенттиң төлем-контракт пулы төлеп берилди. Мәҳәллемиздеги 3 жастың оқыў курсларында заманагөй кәсип-өнер үйрениў қәрежети де қапланды. Улыўма, оқыйман, мийнет етемен, деген адамға зәрүр жәрдем бериўге таярмыз. Тийкарғысы, инсанның өзинде қәлеў болыўы керек.
- Үйде темиршилик устаханасын ашқанман, - дейди мәҳәлле жасларынан бири Асадбек Ялғашев. - Буйыртпа тийкарында темирден ҳәр қыйлы буйымлар таярлап беремен. Бәрибир өнерли болыў жақсы ғой. Ислеп атырған табысым жаман емес. Буннан тысқары үй жумысларына да үлгеремен.
Аймақтағы Бону Тожимоваға болса хызмет көрсетиўди жолға қойыўы ушын 7 жыллық жеңиллетилген кредит ажыратылды. Нәтийжеде бир неше ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлиги тәмийинленди.
Мәҳәлледеги жетекшиниң жаслар қәлбине жол излеўи, сол арқалы машқалалардың шешимин таўып, өз ўақтында сапластырыўы халықтың турмыс шараятын жақсылаў, жигит-қызлардың турмысын унамлы тәрепке өзгертиўге хызмет етеди.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы