Бул әпиўайы әдет емес, инсан санасындағы исеним индикаторы. Бир өнимде “Made in Germany” ямаса “Made in Japan” деп жазылғанын көргенимизде, санамызда дәрҳал жоқары сапа, технологиялық раўажланыў ҳәм исеним сезими оянады. Себеби дүнья халықлары таяр өнимди, әсиресе, жоқары қунлы экспорт товарларын ислеп шығаратуғын мәмлекетлерди тәбийий түрде раўажланған, санааты ҳәм илими раўажланған мәмлекет сыпатында қабыл етеди.

Жақында социаллық тармақларда жәрияланған бир видеокөринисте Германияда мийнет етип атырған жерлесимиз ол жердеги саўда дүканларында Өзбекстан байрағы менен белгиленген, елимизде ислеп шығарылған өнимлерди көрсетти. Бул кадрлар көпшиликтиң кеўлинде мақтаныш ҳәм қуўаныш оятты. Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде санааты жоқары дәрежеде раўажланған мәмлекет базарларында өз өнимлеримизге орын таўып атырғанымыз - үлкен жетискенлик.

Себеби биз узақ жыллар даўамында, тийкарынан, шийки зат жеткерип бериўши мәмлекет сыпатында көрилип келинетуғын едик. "Өзбекстаннан келген өним" дегенде көпшилик жағдайда пахта, алтын ямаса тәбийий газ көз алдымызға келетуғын еди. Бирақ бул көзқарас өзгермекте. Енди Өзбекстан аты тек ғана ресурслар менен емес, ал қайта исленген, тутыныўға таяр, бәсекиге шыдамлы өнимлер менен байланыспақта.

Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты (МАИИ) экспертлери тәрепинен 2017-2024-жыллар даўамында мәмлекеттиң экспорт қурамы талланды. Бул таллаў БМШтың Саўда ҳәм раўажланыў бойынша конференциясы (UNCTAD) тәрепинен усыныс етилген халықаралық методология тийкарында орынланды. UNCTAD методологиясына муўапық, экспорт өнимлери технологиялық қурамалылығы ҳәм қайта ислеў дәрежесине қарап 6 категорияға бөлинеди. Буларга төмен, орта, жоқары технологиялы өнимлер, қайта исленген ресурсқа тийкарланган өнимлер, шийки зат өнимлери, классификацияланбаған өнимлер киреди.

Сапа өзгерисине қарай қатаң қәдем

Кейинги жыллары елимиз экономикасында раўажланыўдың жаңа басқышы - қайта исленген, жоқары қунлы өнимлердиң үлеси артып бармақта. 2017-2024-жыллар даўамында мәмлекеттиң сыртқы саўда қурамында шийки зат өнимлериниң үлеси дерлик еки есеге - 36,3 проценттен 17,3 процентке шекем азайды. Бул сапа жағынан жаңа басқышқа өтип атырған экономикалық процесслердиң айқын тастыйығы болып есапланады.

2024-жылғы экспорттағы шийки зат қурамына нәзер тасланса, жетекши орынды мыс (30,96 процент) ийелеп тур. Оннан кейинги орынларда овощлар (18,6 процент), мийўе ҳәм ғозалар (15,8 процент), тәбийий газ (13,16 процент) және гүмис, платина ҳәм басқа да баҳалы металлар (5,7 процент) дизимге алынған.

Бул санлар глобал қун шынжырында жоқарырақ басқышларға көтерилип атырғанынан, экономикалық қурамның шийки зат экспортына емес, таяр өним ҳәм қайта ислеў потенциалына тийкарланып атырғанынан дәрек береди. Бул, өз гезегинде, мәмлекеттиң сыртқы экономикалық имиджине ҳәм бәсекиге шыдамлылығына унамлы тәсир көрсетиўи тәбийғый.

Тәбийий ресурслардан жаратылған өнимлер үлеси еки есеге артты

Кейинги жети жыл ишинде елимизде тәбийий ресурсларға тийкарланған өнимлерди қайта ислеў ҳәм экспортқа таяр ҳалда шығарыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. 2017-жылы бул категориядағы өнимлер улыўма экспорт қурамының 3,9 процентин қураған болса, 2024-жылға келип 8,4 процентке жетти. Бул болса еки есе өсиўди аңлатады.

Экспорт қурамында жетекши орынды нефть ямаса битумлы минераллардан қайта исленген өнимлер (31,0 процент) ийеледи. Кейинги орынларда бийдай ҳәм меслин уны (19,2 процент), қайта исленген темеки өнимлери (4,3 процент), қурылыс материаллары (3,7 процент) және қалдық нефть өнимлери (3,5 процент) атап өтилмекте. Бул тенденция Өзбекстан экономикасының шийки зат жеткерип бериўши емес, қайта ислеўши, яғный қосымша қун жаратыўшы экономикаға қарай ҳәрекетленип атырғанын тастыйықлайды. Соның менен бирге, ишки санаат тармақлары ҳәм қайта ислеў инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған реформалардың әмелий нәтийжеси сыпатында да баҳаланады.

Төменги технологиялы өнимлердиң экспорты артпақта

Экспорт тек ғана сырт ел валютасындағы түсимниң тийкарғы дәреги емес, ал өндирис потенциалының кеңейиўи, технологиялық жаңаланыў, жаңа жумыс орынларының жаратылыўы ҳәм инновациялық раўажланыўдың ҳәрекетлендириўши күши болып есапланады. Әсиресе, заманагөй глобал экономика шараятында экспорт қурамы ҳәм сапасы миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығын белгилеп бериўши тийкарғы факторлардан бирине айланған. Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси соны көрсетеди, экспорт етилип атырған өнимлердиң қурамының технологиялық дәрежеси қаншелли жоқары болса, экономика соншелли турақлы ҳәм инновациялық болады.

Бирақ төмен технологиялы өнимлердиң экспорттағы үлеси 14,2 проценттен 17,1 процентке шекем өскен ҳәм қурамы да сезилерли дәрежеде қурамаласқан. Бул категориядағы өнимлердиң экспорты қурамында тийкарғы үлести тоқымашылық сабағы (37,1 процент) ийелеп тур. Сондай-ақ, тоқымашылық өнимлеринен таяр кийим-кеншеклер (13,1 процент), трикотаж ҳәм тоқылған гезлемелер (8,1 процент), таяр тоқымашылық буйымлары (6,3 процент) және пахта гезлемелери (4,4 процент) сыяқлы өнимлер де жетекши орынларды ийелемекте.

Глобал санаат шынжыры

Өзбекстанның экспорт потенциалында орта технологиялы өнимлер айрықша орын ийелейди. Соңғы жети жыл даўамында бул категориядағы өнимлердиң экспорттағы үлеси турақлы түрде 8 процент әтирапында сақланып қалмақта. Бул көрсеткиш муғдар жағынан өзгермейтуғындай болып көринсе де, қурамлық жақтан өнимлер қурамаласып, санааттың технологиялық өсиўин көрсетеди.

2024-жылы орта технологиялы өнимлер қурамында жетекши үлести төгин (19,1 процент) ийеледи. Сондай-ақ, автомобиль бөлеклери ҳәм аўысық бөлеклер (18,6 процент), полиэтилен (12,3 процент), ишки жаныў двигателлери (8,8 процент) ҳәм турмыслық техника (6,7 процент) сыяқлы өнимлер усы сегменттеги экспорттың артыўына үлес қоспақта.

Бул жағдай мәмлекетте санаат кооперациясы, машина қурылысы ҳәм химия санаатының раўажланыўын буннан былай да тереңлестириў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжесин көрсетеди. Соның менен бирге, экспорт қурамында жоқары қунлы ҳәм қайта исленген өнимлердиң басқышпа-басқыш өсиўи Өзбекстанның глобал санаат шынжырында турақлы орын ийелеўин тәмийинлейтуғын әҳмийетли факторлардан бири болып қалмақта.

Исенимниң өсиўи

Өзбекстанның сыртқы саўдасында жоқары технологиялық өнимлердиң үлеси әсте болса да, избе-из ҳәм турақлы өсип бармақта. Егер 2017-жылы бул категориядағы өнимлер улыўма экспорттың тек ғана 0,5 процентин қураған болса, 2024-жылға келип 1,5 процентке жетти. Бул болса үш есе өсиў дегени.

Экспорт қурамында тийкарғы үлести телевизорлар ҳәм телевизиялық қурылмалар (14,6 процент), айланыўшы электр үскенелери (14,2 процент), электр үскенелери ҳәм аппаратлары (10,8 процент) және электр энергиясын ислеп шығарыўшы машиналар ҳәм олардың бөлеклери (9,7 процент) ийеледи.

Бул өсиў - мәмлекетте жоқары қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыў инфраструктурасы қәлиплесип атырғаны ҳәм технологиялық шешимлерге талап артып атырғанының дәлили. Сондай-ақ, тараўға жеке меншик сектордың тартылыўы, сырт ел инвестициясы ушын қолайлы орталық жаратылыўы да әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Жоқары технологиялық экспорт тек ғана экономикалық нәтийжелилик емес, ал Өзбекстанның халықаралық базарлардағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм илимий-изертлеў потенциалын раўажландырыўда да әҳмийетли роль атқарады. Бул тенденция узақ мүддетли миллий раўажланыў стратегиясының инновациялық бағдарларына толық сәйкес келеди.

Өзбекстан экспорты қурамындағы сапалы бурылыс тек ғана экономикалық тренд емес, миллий раўажланыўдың философиясына айланып атырған процесс болып есапланады. Таяр, қурамалы өнимди экспорт етиў ушын тек заводлар емес, ал жаңаша пикирлеў, системалы реформалар, илимге сүйенген басқарыў ҳәм келешекти көре алатуғын сиясий ерк-ықрар керек.

Технологиялық экспорт - экономиканың жоқары басқышы. Онда қун мийнеттен де алдын билим, инновация ҳәм стратегияда жаратылады. Өзбекстан усы жолға кирген. Бул жол аўыр, бирақ мақтанышлы. Бул жолда жетискенликлер де, сынақлар да болады. Бирақ ең әҳмийетлиси - нийет анық: шийки зат сатып емес, қун жаратып, глобал базарда өз орнын табыў.

Енди экспорт тек ғана сыртқы дәрамат дәреги емес, ол миллий қәбилет айнасы, миллеттиң санаатласыў потенциалы ҳәм дүнья менен теңдей қарым-қатнас жасай алыў қәбилетин көрсететуғын әҳмийетли нормаға айланбақта. Соның ушын экспортты технология, билим ҳәм мәденият арқалы қәлиплестириў экономикалық раўажланыўдың ең беккем жолы болып табылады.

Бул өзгерис тосыннан емес. Бул жыллар даўамында алып барылған санаат сиясаты, экспорт стратегиясы, жергиликли ислеп шығарыўшылардың мийнети ҳәм мәмлекеттиң қоллап-қуўатлаўының нәтийжеси болып есапланады. Ең әҳмийетлиси, бул өзгерис дүньяқарастағы бурылыс болып табылады. Себеби, экспорт етилген ҳәр бир таяр өнимниң артында инновация, мийнет, сапа ҳәм миллий мақтаныш бар. Бул өнимлердиң жәҳән базарында орын ийелеўи өзбек брендине исеним артыўы дегени.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы