Қарақалпақстанда гүнжи ҳәм мәш егинлери көбейтиледи

    30 мамыр 2025 1223

    Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 27-майдағы "Қарақалпақстан Республикасында гүнжи ҳәм мәш егинлерин жетистириў системасын жетилистириў ҳаққында"ғы 331-санлы қарары қабыл етилди.

    Ҳүжжет пенен белгиленгениндей, 2025-жылдан баслап Қарақалпақстанда:

    - гүнжи ҳәм мәш егинлерин жетистириў бойынша үлги жойбарлар ҳәр бир районда "бир коньтур - бир өним" принципи тийкарында кеминде 50 гектар майданда әмелге асырылады;

    - бул жойбарлар бойынша жеңиллетилген кредитлер қамсызландырыў тәмийнаты менен гиреўсиз ажыратылады;

    - "Агроплатформа" мәлимлеме системасы арқалы жеңиллетилген кредитлерди ажыратыўда гүнжи ҳәм мәш егинлери егилген майданның гектарына салыстырғанда өнимдарлық нормативи 0,27 центнерди қурайды;

    - жеңиллетилген кредитлерди ажыратыўда зүрәәтлилик баҳасы сыпатында Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен жәрияланатуғын гүнжи ҳәм мәштиң усыныс етилген реализация баҳалары қабыл етиледи.

    Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 2025-жыл 28-майдан күшке кирди, деп хабар береди "Norma".


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates