Ҳәр қандай жәмийеттиң раўажланыўы оның балаларға мүнәсибети менен өлшенеди. Себеби, бала тәрбиясы бүгинги күнниң ең әҳмийетли жуўапкершилиги болып есапланады. Әсиресе, зорлықтан жәбирленген, өзине қарата зорлық ислеў қәўпи астында болған және социаллық жақтан қәўипли жағдайда жасап киятырған балалар мәселеси мәмлекет ҳәм жәмийет алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Қорғаўға мүтәж, жәрдем күткен бундай балалардың тәғдири өз ўақтында көрсетилген итибар арқалы пүткиллей өзгериўи мүмкин. Сонлықтан, социаллық қорғаўға мүтәж балалар ҳәм олардың шаңарақлары ушын комплексли, мәнзилли ҳәм системалы социаллық хызметлерди шөлкемлестириў бүгинги күнде тек ғана социаллық сиясаттың тийкарғы бағдары емес, ал стратегиялық зәрүрликке айланбақта.

Машқалаға тек ақыбетлер көзқарасынан емес, ал қәўип факторларын ерте анықлаў, оларды терең таллаў ҳәм нәтийжели профилактика механизмлерин системалы түрде күшейтиў арқалы қатнас жасаў бүгинги күнниң сөзсиз талабы болып есапланады.

Мине, усы ийгиликли мақсет жолында мәмлекетимизде балалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин және де беккем қорғаўға қаратылған, 2030-жылға шекем мөлшерленген Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў стратегиясы қабыл етилди.

Ҳүжжет пенен зорлықтан жәбирленген, қәўип астында болған және социаллық жақтан аўыр жағдайдағы балаларды ерте анықлаў, оларға комплексли социаллық, психологиялық ҳәм ҳуқықый жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, профилактика системасын институционаллық дәрежеде жетилистириў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленди. Өз гезегинде, олардың әмелге асыўы балалар мәплерин үстин қәдирият сыпатында қарар таптырыўға хызмет етиўи менен әҳмийетли болып есапланады.

Бул тийкарғы ўазыйпаларды турмысқа енгизиў мақсетинде ҳүкиметтиң тийисли қарары қабыл етилип, социаллық қорғаўға мүтәж балалар ҳәм олардың шаңарақлары ушын жаңа түрдеги социаллық хызметлерди шөлкемлестириўдиң ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық механизмлери анық ҳәм мәнзилли белгиленди.

Зорлықтан жәбирленген, өзине зорлық ислеў қәўпи астында болған және социаллық жақтан қәўипли жағдайда жасап киятырған балалар ҳәм олардың шаңарақларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде социаллық хызметлер системасы жаңа басқышқа алып шығылмақта. Енди жәрдем тек ғана машқала жүзеге келгеннен кейин емес, ал баланың мүтәжлиги ҳәм қәўип дәрежесинен келип шыққан ҳалда системалы ҳәм мәнзилли түрде шөлкемлестириледи.

Соның ишинде, социаллық қорғаўға мүтәж балалар ушын алты айға шекемги мүддетке қысқа мүддетли социаллық хызметлер енгизилип, бәринен бурын, баланың қәўипсизлигин тәмийинлеў, руўхый жағдайын турақластырыў ҳәм шаңарақлық орталықты жедел түрде саламатландырыўға қаратылған ғамқорлық механизмлери иске қосылады.

Буннан тысқары, бир жылға шекемги мүддетке узақ мүддетли социаллық хызметлер комплекси арқалы баланың турақлы раўажланыўы, сапалы билим алыўы ҳәм жәмийетке толық бейимлесиўи ушын зәрүр шараятлар жаратылады.

Зәрүр жағдайларда болса күни-түни көрсетилетуғын социаллық хызметлер шөлкемлестирилип, бала қәўипсиз, меҳирге толы орталықта жасаўы ҳәм тиклениў процесин басқышпа-басқыш толық өтиўи тәмийинленеди.

Ҳәзирги ўақытта социаллық хызметлерди көрсетиў тек ғана мәмлекетлик мәкемелер шеңбери менен шекленип қалмастан, исбилерменлик субъектлерин де тартыў механизми енгизилмекте. Атап айтқанда, бул хызметлер ваучер тийкарында шөлкемлестирилип, социаллық қорғаўға мүтәж бала ушын мәмлекет тәрепинен ажыратылатуғын қаржы тиккелей хызмет көрсетиўши субъектке қаратылады. Бул тәртип, бир тәрептен, ашық-айдынлық ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлесе, екинши тәрептен, бала ҳәм оның шаңарағына хызмет көрсетиўшини таңлаў имканиятын берип, сапалы ҳәм мәнзилли жәрдемди тәмийинлеўге хызмет етеди.

Ең әҳмийетлиси, бундай инклюзив қатнас социаллық қорғаўға мүтәж ҳәр бир бала ушын кең көлемли, мәнзилли ҳәм мийрим-шәпәәтке тийкарланған жәрдемди тәмийинлеп, олардың турмысына жаңа үмит ҳәм турақлы келешек бағышлайды. Себеби, баланың ҳақыйқый қорғалыўы тек ғана оны қәўип-қәтерден сақлаў менен шекленбейди, бала ушын турақлы ҳәм саламат шаңарақ орталығын жаратыў арқалы беккемленеди.

Әне усының логикалық даўамы сыпатында профессионал тутынған шаңараққа жайластырылған балалардың шаңарақларына "Меҳирли шаңарақ" хызмети "Инсан" социаллық хызметлер орайлары тәрепинен жолға қойылады. Бул социаллық хызметтиң тийкарғы мақсети жас өспирим баланың психоэмоционал жағдайы ҳәм минез-қулық өзгешеликлерин терең есапқа алған ҳалда оның ата-анасы (ямаса орнын басыўшы шахслар) менен бузылған қатнасықларын тиклеў, өз-ара исеним ҳәм қарым-қатнасты беккемлеў және толық социалластырыўына жәрдемлесетуғын "шаңарақлық терапия" хызметлерин көрсетиўден ибарат.

Бул қатнас балаға тек ғана жайластырыў емес, ал оны меҳир ҳәм жуўапкершиликке тийкарланған турақлы шаңарақ орталығында қоллап-қуўатлаўға қаратылған комплексли ғамқорлық системасын қәлиплестиреди.

Бул идея ҳәм басламаларды орынларда турмысқа нәтийжели енгизиў мақсетинде Балаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық интеграция орайы және оның Самарқанд, Ферғана, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларында регионаллық бөлимлери шөлкемлестирилди.

Бәринен бурын, орай зорлықтан жәбирленген, қәўип астында болған ҳәм социаллық жақтан аўыр жағдайдағы балаларды жәмийетке толық интеграциялаў машқалаларын үйренеди, таллайды ҳәм оларды шешиў бойынша анық усыныслар ислеп шығады.

Сондай-ақ, балалардың психоэмоционал жағдайын турақластырыў, минез-қулқын дурыс бағдарлаў ҳәм профессионал тутынған ата-аналарды психологиялық-педагогикалық жақтан қоллап-қуўатлаўға қаратылған социаллық ҳәм психологиялық хызметлерди шөлкемлестиреди. "Меҳрийбан шаңарақ" хызметин жолға қойыў, бул бағдарда қәнигелер таярлаў ҳәм жумысын муўапықластырыў да орайға жүкленеди.

Буннан тысқары, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерге методикалық жәрдем көрсетиў, балалар ҳәм олардың шаңарақларына хызмет көрсетиў процесинде, соның ишинде, процессуал ҳәрекетлерде шериклик етиў мәселелеринде әмелий жәрдем бериў әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Балаларды зорлықтан қорғаў ҳәм оларды жәмийетке толық интеграциялаў бағдарындағы реформалар инсан қәдирин улығлаўға қаратылған мәмлекетлик сиясаттың избе-из даўамы болып есапланады. Бул баслама шаңарақ институтын беккемлеў, жәмийетте кеңпейиллик ҳәм жуўапкершилик орталығын қәлиплестириўге де беккем тийкар жаратпақта.

Ең әҳмийетлиси, жаратылған жаңа механизмлер мәнзилли социаллық хызметлер, ваучер тийкарындағы қаржыландырыў системасы, "Меҳрийбан шаңарақ" хызмети ҳәм арнаўлы орайдың жумысы ҳәр бир баланың тәғдирине индивидуал қатнаста болыўды тәмийинлейди. Себеби ҳәр бир бала өз алдына дүнья, өз алдына әрман ҳәм өз алдына имканият болып есапланады. Баланы асыраў - келешекти қурыў дегени.

Фарид НАЗАРОВ,

Социаллық қорғаў миллий агентлиги бөлим баслығы