Бул нақыл-мақаллар сондай таўып айтылған, оқыған ямаса еситкен адам оған итибар бермеўи, әмел етпеўи мүмкин емес.
Қыста да дастурханларымыздың жаздағыдай молшылығы ҳәм үйлеримиздиң ыссылығы, электр, газ, суў тәмийнаты сыяқлы турмыслық әҳмийетли инфраструктуралардың турақлы ислеўи көп тәреплеме мәўсимге таярлық жумысларының пуқта өткерилгенине байланыслы.
Күни кеше пайтахтымыздағы Миллий баспасөз орайында жанылғы-энергетика тараўының жуўапкерлери гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларының қандай әмелге асырылып атырғаны және жылдың ақырына шекем белгиленген режелер ҳәм келешектеги ўазыйпалар ҳаққында ҳәр тәреплеме есабат берди.
Илажда атап өтилгениндей, октябрь айынан баслап энергетика системасы гүзги-қысқы мәўсим режимине өткерилген. Энергетика министрлиги ҳәм система кәрханаларында гүзги-қысқы мәўсимди зыянсыз өткериў мақсетинде 24/7 режиминде нәўбетшилик шөлкемлестирилди. Электр тәмийнаты бойынша "1154" саны ҳәм газ тәмийнаты бойынша "1104" саны арқалы "колл-орайлар" күни-түни жумыс ислемекте.
Усы жылдың өткен дәўиринде мәмлекетимиз бойлап 7455 километр электр жеткерип бериў тармағы ҳәм 1748 трансформатор пункти жаңаланды. Соның нәтийжесинде 954 мәҳәлледеги 800 мыңнан аслам шаңарақтың электр тәмийнаты жақсыланды.
Быйыл жаз мәўсиминде республиканың электр энергиясынан пайдаланыў саатына 13,3 гигаватт, яғный күнине 270-275 миллион кВт саат болған болса, усы қыс мәўсиминде саатына 13,5 гигаватт, күнине болса 290-300 миллион кВт/саатқа шекем жетиўи күтилмекте.
Өткен жылы 81,5 миллиард кВт/саат электр энергиясы ислеп шығарылған болса, 2025-жылдың ақырына шекем 85,5 миллиард кВт/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўы күтилмекте.
Ҳәзирги күнде Өзбекстанда иске қосылған ири қуўатлылықтағы қуяш ҳәм самал электр станцияларының улыўма қуўатлылығы 4682 МВт болып, олар тәрепинен усы жылдың басынан берли ислеп шығарылған электр энергиясының көлеми 9 миллиард кВт/сааттан асты. Гидроэлектр станцияларын есаплағанда улыўма "жасыл" энергия көлеми 14,5 миллиард кВт/сааттан асты. Соның нәтийжесинде елимизде улыўма өндиристе "жасыл" энергия үлеси 23 процентти қурады.
2025-жылдың ақырына шекем улыўма қуўатлылығы 3 000 мегаваттан артық болған қуяш ҳәм самал, 1 167 мегаватт қуўатлылықтағы ыссылық электр станциялары, 1 500 мегаваттан артық энергия сақлаў системалары пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, бүгинги күнге келип улыўма қуўатлылығы 40,1 МВт болған 59 микроГЭС иске қосылған. 2025-жылдың ақырында қосымша 15 МВт қуўатлықтағы 13 жаңа микроГЭС иске қосылады.
Мәўсимде республикада электр энергиясынан пайдаланыў дерлик 47 миллиард кВт/саатты (күнлик орташа 257 миллион кВт/саат ямаса өткен жылдағыдан 20 миллион кВт/саат көп, максимал суткалық 290-300 миллион кВт/саат) қурайтуғыны күтилмекте.
Жылытыў мәўсиминде жәрдемге мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем бериў системасы жолға қойылған. Соның ишинде, 2025-2026-жылғы жылытыў мәўсиминде халықтың мүтәж қатламларын қосымша материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жылы ноябрь айында "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри", "Кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилген шаңарақлар ҳәм "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен қосымша қәлиплестирилген дизимдеги мүтәж шаңарақларға 1 миллион сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылады.
Сондай-ақ, 553,8 километр узынлықтағы жоқары ҳәм орта басымлы газ тармағы ҳәм 971 газ бөлистириў пункти жаңаланды, модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылды. Усы жылдың басынан берли 512,7 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип берилди. Жылдың ақырына шекем және 142,4 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип бериледи.
Буннан тысқары, республиканың барлық аймақларында суйылтырылған газ жеткерип бериў ушын қосымша 29 мыңнан аслам турмыслық газ баллон резерви жаратылды.
Және бир әҳмийетли мәселе. Суйылтырылған газ тәмийнаты басқышпа-басқыш толық санластырылмақта. Тутыныўшыларға турмыслық газ баллонларын мәнзилли жеткерип бериўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм коррупциялық жағдайлардың алдын алыў мақсетинде жаңа “Face-ID” системасы иске қосылды. Бул система арқалы суйылтырылған газ тутыныўшыларының мағлыўматлар базасы қәлиплестирилмекте.
Газ қуйыў шақапшалары ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин және есап-санақлардың ашық-айдынлығын тәмийинлейтуғын “UGaz” системасы иске қосылды. Система арқалы ҳәр бир газ қуйыў шақапшасында процесслер реал ўақыт режиминде дизимге алынады.
Автомашина газ қуйыў шақапшасына киргенде оның техникалық көриктен өткени автомат тәризде тексериледи. Егер техникалық тексериў мүддети тамамланған болса, система операторға хабар береди.
Сондай-ақ, егер жанылғы түри сәйкес келмесе ямаса баллон дизимнен өткерилмеген болса, система бул ҳаққында да операторды сол жердиң өзинде ескертеди. Бул АГҚШ, айдаўшы ҳәм жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлейди.
Система арқалы тәбийғый газди сатыў процесслериниң ашық-айдынлығы тәмийинленеди. Яғный газ қуйыў шақапшасы қабыл етип атырған газ көлемлериниң анық есабы жүргизиледи. Бул болса шақапшаларда тәбийғый газден нызамсыз пайдаланыў жағдайларының алдын алыўға хызмет етеди.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, газ қуйыў шақапшаларындағы ҳәр бир газ толтырыў колоннасы ҳәм ондағы хызметкердиң жумысы онлайн қадағаланады. Бүгинги күнде мәмлекетимиз бойынша 1 512 АЖҚШ болып, соннан “UGaz” системасында 1366 сы дизимнен өткерилген, соннан 691 и толық санластырылған. Усы жылдың ақырына шекем қалған барлық АГҚШлерди санластырыў жуўмақланады.
Быйылғы гүзги-қысқы дәўир ушын тутыныўшыларға жәми 10 миллион тонна жергиликли ҳәм 2 миллион тонна импорт көмир жеткерип бериў режелестирилген. Соннан ыссылық электр станцияларына - 4,9 миллион тонна, бюджет шөлкемлерине - 660 мың тонна, халыққа - 1,5 миллион тонна, экономика тармақлары ҳәм исбилерменлерге - 3,1 миллион тонна.
Әмелде ыссылық электр станцияларына 4,2 миллион тонна (95 процент) жеткерип берилди. Ҳәзир ыссылық электр станцияларында 724 мың тонна көмир резерви бар. Бюджет шөлкемлерине мәўсим басынан 685 мың тонна (104 процент) жеткерип берилди. Халық тутыныўшыларына мәўсим басынан берли 450 мың тонна көмир берилди.
2025-жыл 28-октябрьге шекем жеке меншик исбилерменлер тәрепинен жәми 2,9 миллион тонна көмир импорты әмелге асырылды, соның ишинде, орайласқан ҳалда 727 мың тонна ямаса режесине салыстырғанда 145 процент көмир импорт етилген. Бүгинги күнде қоймаханаларда 200 мың тонна импорт көмир қалдығы бар.
Гүзги-қысқы дәўирде жәми 995 мың тонна автобензин жеткерип бериў режелестирилген. Буннан тысқары, зәрүрлик кескин артқан жағдайлар ушын 65 мың тонна автобензин резерви жаратылған. Дизел жанылғысына болған жәми талап 776 мың тоннаны қураўы күтилмекте ҳәм бул көлемлерди өз ўақтында жеткерип бериў илажлары көрилген.
2025-жыл ушын жәми 6 миллиард кВт/саат электр энергиясы ҳәм 4,4 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемлениўи нәзерде тутылған. Бүгинги күнге шекем ири қуяш ҳәм самал электр станциялары арқалы 9 миллиард кВт/сааттан аслам электр энергиясы ислеп шығарылыўы нәтийжесинде 2,7 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленди.
Усы жылдың ақырына шекем ири қуяш ҳәм самал электр станцияларында өткен жылға салыстырғанда қосымша 5,6 миллиард кВт/саат (2025-жылы жәми 10,5 миллиард кВт/саат) электр энергиясы ислеп шығарылыўы нәтийжесинде қосымша 1,7 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленеди.
Сондай-ақ, барлық аймақларда ҳәм тармақларда да энергияны үнемлеў бойынша жумыслар алып барылмақта. Бүгинги күнге шекем көрилген илажлар нәтийжесинде 2,6 миллиард куб метр тәбийғый газ ҳәм 5,8 миллиард кВт/саат электр энергиясы үнемленди.
Системадағы жумыслар нәтийжесинде авариялық өшириўлер саны 50 процентке азайды, сондай-ақ, авариялық жағдайларды сапластырыў даўамлылығы 1-1,5 саатқа шекем қысқартылды.
Аймақларда авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды жедел сапластырыў ушын арнаўлы бригадалар дүзилип, олар зәрүр техника, резерв материаллар ҳәм қорғаныў қураллары менен тәмийинленди.
Жуўмақлап айтқанда, жоқарыда келтирилген санлар мәўсимге таярлық жумыслары әмелде қандай өтип атырғанының айқын көриниси болып есапланады. Жанылғы-энергетика жуўапкерлериниң ўәде етиўинше, халқымыз киятырған гүзги-қысқы мәўсимди ҳеш қандай шығынларсыз ҳәм қыйыншылықларсыз өткереди. Буның ушын болса системадағы барлық ҳәрекетлер усы ўазыйпаның орынланыўына қаратылған.
Юнус БУРОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы