Пәрманға муўапық, 2025-жыл 1-июльден, соның ишинде:
- объектлерди қурыўда қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер, девелоперлер ҳәм буйыртпашылар тәрепинен қатнасыўшылардың пул қаржыларын қурылысқа үлес қосыў тийкарында тартыў тек ғана нотариал тастыйықланған ҳәм кадастр уйымларында мәмлекетлик дизимнен өткерилген объект қурылысында үлес қосыў тийкарында қатнасыў шәртнамасы бойынша әмелге асырылады;
үлесли шәртнама бойынша қаржылар үлеслес тәрепинен ўәкилликли коммерциялық банкте қурылысшы, үлеслес тийисли коммерциялық банк арасында дүзилетуғын шәртнама тийкарында ашылған "эскроу" есап бетине олардың есабын жүргизиў ушын жайластырылады ҳәм депонентленеди;
- үлескерлердиң үшинши шахслар алдындағы миннетлемелери ҳәм қурылысшының миннетлемелери бойынша "эскроу" есабы бойынша операцияларды тоқтатып турыў, қаржыларды хатлаў ямаса есаптан шығарыўға жол қойылмайды;
- биринши басқышта қурылысшы тәрепинен объектти қурыў жумысларының улыўма көлеминиң кеминде 30 проценти өз қаржылары есабынан әмелге асырылғаннан соң коммерциялық банк тәрепинен қурылысшыға мақсетли кредит ажыратыў системасы жолға қойылады.