Бул қәте қарар болмады. Неге? Себеби, сол жылдың өзинде ыссыханасында жетистирилген қыярдан жақсы дәрамат алды. Қалаберди, ыссыхана ушын зәрүр үскенелерди бес жыл мүддетке банктиң 280 миллион сумлық жеңиллетилген кредити тийкарында сатып алғаны да қосымша қолайлық жаратты. Ҳәзирги ўақытта ыссыханасынан 3 мәрте зүрәәт алмақта. Жетистирилген өнимниң қарыйдары анық, өзлери келип, үйден алып кетеди.
...Ана жер жасыллыққа бөленип, тәбият оянған сайын Жамолиддин сыяқлы мийнет сүйгиш инсанлар атыз ҳәм қыйтақ жер жумысларына кириседи. Елимизде халықтың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўы, дәрамат табыў имканиятын кеңейтиў мақсетинде кең көлемли илажлар көрилип атырғаны жумысқа нәтийже бермекте. Аўыл хожалығын раўажландырыўға қаратылған бағдарламалар, ажыратылып атырған жеңиллетилген кредит ҳәм субсидиялар халық ушын ҳақыйқый имканиятқа айланбақта.
Районның Арнабойы мәҳәллесиндеги және бир қыйтақ жер ийеси Айбек Халиллаев та шаңарағы менен 4 сотихлы ыссыханасында қыяр жетистиреди. Быйыл дийқан сынақ-тәжирийбе түринде помидор ҳәм бурыш егиўге бел байлады. Ыссыханадан тысқары 30 сотих қыйтақ жерине картошка, капуста сыяқлы егинлер егеди. Ыссыханаға егилген қыяр нәллери де өз қыйтақ жеринде көгертилген.
Айбек Халиллаевтың физикалық имканияты шекленген. Бирақ жигерли. Гейпара саў адамлардай налымайды. Мийнет етип, шаңарағын ҳадал ырысқы менен тәмийинлемекте. Анасы - 75 жасар Гулчеҳра Тўраева елеге шекем қыйтақ жерде мийнет етеди. Басқаларға өрнек. Қыйтақ жерден алынған дәрамат артынан Айбек Халиллаевтың үлкен қызы Малоҳат Балтабаева "Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты" миллий изертлеў университетинде билим алмақта. Шаңарақ ағзалары тек ғана ыссыхана емес, ал шарўашылық ҳәм пал ҳәррешилик пенен де шуғылланады. Соған жараса турмысы абадан.
Пидәкерлик пенен мийнет етсе, қыйтақ жер ҳақыйқый дәрамат дәреги. Абадан турмыс кепили. Жер меҳир бергенге сақыйлығын аямайды. Турмысына берекет келеди. Итибарлысы, арамызда буны аңлап жеткенлердиң қатары барған сайын кеңейип бармақта. Мысал ушын, районның Чайкөл мәҳәллесинде жасайтуғын Маҳмуд Норбоев та жеңиллетилген кредит есабынан қурған ыссыханасында 30 дан аслам ҳаял-қызды мәўсимлик жумыс пенен тәмийинлеп келмекте.
Дәслеп 2022-жылы 33 миллион сумлық кредит алып, қыйтақ жеринде 9 сотих ыссыхана шөлкемлестириў арқалы жумысын баслаған еди. Соң исбилерменликти кеңейтиў мақсетинде және 230 миллион сумлық кредит есабынан 1,5 гектар жерди ижараға алды ҳәм бул жерде де 21 сотихлы ыссыхана қурды. Бүгин бул ыссыханада помидор-қыяр жетистирилмекте. Ыссыхана оған ҳәр жылы 300 миллион сумға шекем дәрамат келтирмекте.
Райондағы Орта қала аўылында 1 гектар майданда ыссыхана шөлкемлестирген Рустам Юсупов нәл ҳәм овошлар жетистирип келмекте. 50 тоннадан аслам өним алып, жылына 500 миллион сум әтирапында дәрамат көрмекте. Бунда оған "Томорқа хизмати" кәрханасының жәрдеми қол келмекте. Кәрхана халыққа 12 бағдарда хызмет көрсетпекте. Соның ишинде, 700 тонна сыйымлылыққа ийе суўытқышлы қоймаханасы, 40 мың шөже шығарыў инкубаторы, күнине 1000 литр сүтти қабыллаў ҳәм қайта ислеў цехы, жылына 3000 тонна мәш ҳәм 2000 тонна гүнжи өнимин қайта ислеў, 400 тонна мийўени кептириў цехлары шөлкемлестирилген. 75 адамнан ибарат жәмәәт тәрепинен райондағы 37 мың шаңарақтың қыйтақ жерине хызмет көрсетилип келинбекте.
Бүгин Елликқала районы халқының қыйтақ жеринде де усындай көринис ҳүким сүрмекте: қыйтақ жер, ыссыханада жумыс қызғын даўам етпекте. Атап айтқанда, "Шопан" мәкан пуқаралар жыйынындағы Исмоил Нуримовтың шаңарағы әтирапы жасыллыққа бөленген. Гәп сонда, ол бир неше жылдан берли 30 сотих жерде нәл жетистирип келеди.
- Пенсиядаман, бирақ бийкар отырғым келмейди. Бағымызда жүзим, алма, алмурт, әнар, әнжир, шабдал, бадам, ғоза мийўелери бар, - дейди Исмоил Нуримов. - Соның менен бирге, помидор, қыяр, капуста, бурыш, ғарбыз нәллерин жетистиремиз. Соның арқасында ҳәр жылы орташа 250-300 миллион сум дәрамат көремиз. "Мийнеттен келсе байлық, турмыс болар шырайлы", дегениндей, өткен жылы 350 мың түп нәл сатып, пулына жаңа автомобиль сатып алдық.
Қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланған ҳалда халықтың дәраматын арттырыў ҳәм кәмбағал шаңарақлар менен мәнзилли ислесиў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын жеделлестириў мақсетинде Қарақалпақстанда ҳәзирги ўақытта "Әҳмийетли бир айлық" мобилизациясы шеңбериндеги жумыслар баслап жиберилди. Орынлардағы аўыр шараяттағы мәҳәллелерди абат етиў, халықтың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў мәдениятын арттырыў мақсетинде "Бир мәҳәлле - бир өним" принципи тийкарында жумыслар шөлкемлестирилмекте ҳәм пуқаралар тәрепинен кооперациялар дүзилмекте.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы