. Қыста Өзбекстанның басқа аймақларына салыстырғанда суўық, жазда болса жүдә ыссылығы менен ажыралып турады. Бирақ қыйтақ жер ийелери қандай шараят болыўына қарамастан, цитрус мийўелерди де жетистириў жолын тапқан.

Төрткүл районындағы Бәҳәр мәҳәллесинде жасайтуғын Атажан аға Оразымбетов жоқары мағлыўматлы агроном. Ол жаңалыққа бел байлап, банктен 33 миллион сум кредит алды. Топлаған инвестициясын да қосып, термос усылында ыссыхана қурды. 2024-жыл декабрь айында басланған бул жумыс бүгин өз жемисин бермекте. Қыйтақ жериндеги 3 сотих жерде бой тиклеген ыссыханада 100 түп бананды тәрбиялаў бүгин Атажан ағаның турақлы жумысына айланған. Өз жумысының нәтийжесинен руўхланған ол келешекте басқа түрдеги цитрус мийўелерди де жетистириўди мақсет еткен.

Атажан ағаның тәжирийбесин, қыйтақ жерден дәрамат алыўдың бундай заманагөй усылларын басқа мәҳәллелер, ҳәттеки шетки аймақлардан да келип үйренбекте.

Беруний районында 2013-жылы тийкар салынған "Кашфиётчи ёшлар" кәрханасында 2 гектар жерде гидропоника усылында қыяр жетистирилмекте. Қызыққанлар билсе керек, гидропоника өнимди топырақсыз жетистириў усылы болып, бунда өсимликлер суўда ериген минерал затлар менен азықланады. Ол өнимдарлықты арттырыў ҳәм суўды үнемлеў имканиятын береди. Бул да қарақалпақстанлы дийқанлардың жумысқа илимий тийкарда қатнас жасап атырғаны, сол себепли мийнетине жараса дәрамат алып атырғанынан дәрек береди.

2020-жылы Елликқала районында шөлкемлестирилген "Умидбек Одилбек" кәрханасы 3 гектар жерде Қытай технологиясы тийкарында лимон жетистирип, жергиликли базарға шығармақта. Бундай илажлар аўыл хожалығында заманагөй технологияларды кеңнен қолланыў, зүрәәтлиликти арттырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Әмиўдәрья районының Холимбег аўылында жасаўшы үлгили қыйтақ жер ийеси Еркинбай Қушаев алдынғы дийқанлардан бири болып есапланады. Ол жерден нәтийжели пайдаланып, жылына 3-4 мәртеге шекем өним алыўға ериспекте. Мийнет сүйгиш дийқан 2021-жылдан берли лимон жетистиреди. Быйылғы жылы дерлик 400 килограмм лимон өнимин алып, салмақлы дәраматқа ийе болды.

Өзбекстан шараятында лимон жетистириўдиң өзине тән тәреплери бар. Әсиресе, климат шараяты, қыс мәўсиминдеги суўық ҳаўа райы лимон тәрбиясына айрықша итибарды талап етеди. Көпшилик жағдайларда ыссыхана ямаса арнаўлы қорғалған орынлардан пайдаланыў талап етиледи. Бирақ мийнет ҳәм дурыс агротехника арқалы жоқары нәтийжеге ерисиў мүмкин. Лимонның абзаллығы сонда, оған базарда талап жоқары, жыл даўамында сатып алынады. Бул болса қыйтақ жерди турақлы дәрамат дәрегине айландырады.

- Қыйтақ жеримизден қулпынай, қурма, картошка, пияз, қыяр, помидор, гешир, қаўын, ғарбыз ҳәм түрли көк шөплер де жетистирип, жыл даўамында мол өним алып келемиз, - дейди Еркин Қушаев. - Әлбетте, булардың барлығына тек ғана мийнет арқалы ерисиў мүмкин. Шаңарағымыз тек ғана дийқаншылық пенен шекленип қалмастан, шарўашылық, қусшылық, қояншылық пенен де шуғылланады. Бул тармақлар қыйтақ жер менен үнлес раўажландырылғанда шаңарақ бюджетин және де беккемлейди.

Шаңарақ мийнети қыйтақ жер жетистириўде әҳмийетли орын тутады. Барлық ағзалардың биргеликтеги ҳәрекетлери экономикалық турақлылықты тәмийинлейди. Биргеликте мийнет етиў тек ғана дәраматты арттырып қоймастан, ал шаңарақлық қатнасықларды беккемлейди, перзентлерде мийнет сүйгишлик ҳәм жуўапкершилик сезимин қәлиплестиреди.

Қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў абадан турмысқа қарай исенимли қәдем болып есапланады. Жерге меҳир қойып, алдынғы тәжирийбелерди қолланып атырған қыйтақ жер ийелери тек ғана өз шаңарағы емес, ал мәҳәлле ҳәм аймақтың экономикасына да үлес қоспақта. Қыйтақ жер мийнет еткен инсанды ҳеш қашан кем етпейди. Оған меҳир берген адам болса, әлбетте, берекет табады.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы