Президентимиздиң усы жыл 14-февральдағы "Қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықларының жумысында заманагөй шөлкемлестириў системасын енгизиў ҳәм қаржылай қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, енди халықтың қыйтақ жерлери ҳәм дийқан хожалықларындағы жер майданын толық хатлаўдан өткериў, оларда жетистирилип атырған аўыл хожалығы өнимлериниң есабын жүргизиў және “Online mahalla” платформасында анық ҳәм толық мағлыўматлар базасын қәлиплестириў белгиленген. Соның менен бирге, халықтың мәҳәллелердеги ҳәр бир қыйтақ жеринен мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, соның ишинде, жерди таярлаў, туқым, нәл ҳәм тереклер егиў, ыссыханалар қурыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў, жүзеге келип атырған машқала ҳәм кемшиликлерди анықлаў және сапластырыў бойынша ўазыйпа ҳәм илажлардың орынланыўын қатаң қадағалаў ўазыйпасы жүклетилген. Енди тек ғана жерди ийелеп, пайдаланбай сақлап болмайды. Мийнет еткен рәҳәт көреди, дегениндей алдымыздағы дәрамат дәрегин иске қосыў зәрүр болады.
Жақында бул пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң басламасы менен жумысшы топар шөлкемлестирилип, орынларда үйрениўлер басланды. Атап айтқанда, бул процессте тийкарғы итибар халықтың қыйтақ жерден пайдаланыў дәрежеси, бар имканиятлардың иске қосылып атырғанына қаратылмақта. Кемшиликлер сапластырылып, маман дийқанлардың тәжирийбеси үгит-нәсиятланбақта. Ашынарлысы, көп хожалықлардың ҳәўлиси өз ҳалына таслап қойылғаны мәлим болмақта.
Дәслеп Нышан районындағы мәҳәллелерден биринде ҳәким жәрдемшиси болып ислеп киятырған Исмат Баратовтың (аты-фамилиялары өзгертилген) шаңарағы бойынша тоқтап өтсек. Әйне ҳәким жәрдемшисиниң усы ўазыйпада ислеп турып, қыйтақ жерин қараўсыз қалдырғаны көпшиликти таң қалдырды. 20 сотих жер өз ҳалына таслап қойылған. Бәҳәр келип, овош егиў мәўсими басланғанына қарамастан, қыйтақ жердиң бирде-бир жерине ислеў берилмеген. Аймаққа үлги болатуғын ҳәким жәрдемшиси соншелли бийпәрўа екен, қалғанларынан қандай нәтийже күтиў мүмкин?! Әйне усы мәҳәлледе социаллық хызметкер болып ислеп киятырған ҳаялдың егин егиўге жарамлы 15 сотихтан аслам жери бар. Бирақ бирде-бир нәл отырғызылмағаны адамды ойландырады. Жер қараўсыз таслап қойылған.
Кейинги мәнзилдеги мәҳәлле баслығының шаңарағы болса және де ашынарлы. Ақсақал көпшиликке өрнек болыўдың орнына кең ҳәўлисине бирде-бир егин екпеген. Бул көриниске түсиник бериў ушын үй ийеси айтарлықтай гәп таба алмады. Себеп айтыўға да тийкар жоқ. Себеби, көше тәрептеги жапта суў ағып тур. Тек мийнет етиў керек.
Мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендисиниң қыйтақ жерин көзден өткергенде үлкен жер майданы бос турғанына дус келдик. Бир мәрте болса да қайта исленбеген. Мәўсим басланған болса да, бирде-бир аўыл хожалығы егинин егиўге таярлық та көрилмеген.
Гезектеги мәҳәлле баслығы да үлгили дәрежеде емес. Бос жатырған қыйтақ жерин көрсетиўден уялып түрли сылтаўлар ойлап табыўға мәжбүр болды. Бирақ, тилекке қарсы, шарбақтағы жер әдеўир жаман жағдайда еди. Қаўын қаўыннан рең алады, дегендей ақсақалдың қапталындағы қоңсысының да жағдайы буннан жақсы емес. Бул жағдайға түсиник сораған жуўапкерлерге болса, "Әне, баслықтың қыйтақ жери меникинен де жаман-ғо", деп қутылып кетти.
Кейинги шаңарақта болса бир ўақытлары ыссыхана шөлкемлестирилген, бирақ кейин қараўсыз қалдырылған. Еки сотихтан аслам жерди ийелеген гөне ыссыхана қурылмасы бузылып, жерде жайрап жатыр. Буннан тысқары, ҳәўлиниң басқа тәрепинде де пайдаланыў ушын қайта исленген жерге көзимиз түспеди.
Мәҳәлле көшелеринде бир ўақытлары қазылған бетон салмалар әллеқашан топыраққа толған. Тазаланбағанына көп жыл болғаны жағдайынан мәлим болып тур. Ҳәзирги ўақытта болса шығынды тасланатуғын орынға айланған. Бул жерде жасайтуғын адамлардың усы жаман көриниске қалай шыдап киятырғанына ҳайран қаласаң.
Райондағы фермер хожалығына тийисли 4 гектар бағ өзи боладысына таслап қойылған. Бул жердеги алма, ерик, анар тереклерине жақын арада ҳеш ким ислеў бермеген. Бағ мисли ийесиз жағдайда қалған.
Қарши районындағы мәҳәллелерде халықтың қыйтақ жерден пайдаланыўын да қанаатландырарлы, деп болмайды. Мәселен, райондағы айырым хожалықларда қурылған ыссыханалар пайдаланылмай жатырыпты. Буннан тысқары, көпшилик қыйтақ жерлерге егин егилмеген. Ҳәттеки, айырым мәҳәлле баслықларының ҳәўлисинде тек ғана жоңышқа егилип қойылған. Жерден үнемли пайдаланыў болса көпшиликке жат.
Касби, Ғузар, Қамаши районларында да қыйтақ жерден пайдаланыўда көпшилик итибарсызлық етип киятырғаны анықланды. Итибарлы тәрепи, үйрениўлердиң дәслепки басқышында жумысшы топар тийкарынан "мәҳәлле жетилиги"нде жумыс алып барып атырған көпшилик хызметкерлердиң жасаў орнын көзден өткерген. Нәтийже болса мақтаўға арзымайды.
Лекин жоқарыдағы мысаллар менен барлық аймақта қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланылмай атыр, деп айтыўдан жырақпыз. Бирақ бар имканият иске қосылып, жерге туқым сеўип, хожалықты абат етиў ушын онша аўыр мийнет талап етилмейтуғынын аңлаў керек. Қалаберди, өз ҳәўлисинен шықпай 100 миллион сумлап дәрамат таўып атырғанлардан үлги алса болады-ғо!
Мағлыўматларға бола, ўәлаяттағы 612 мың шаңарақта егин егилетуғын 66 мың гектар қыйтақ жер бар. Сондай-ақ, 2022-жылдан берли 25 мың гектар жер дийқан хожалықлары ушын ажыратылған болса, усы жылы және 11 мың гектар жер ажыратылады.
Әлбетте, соңғы жыллары халықтың қыйтақ жерге мүнәсибети өзгермекте. Атап айтқанда, кейинги 7 жылда ўәлаятта қыйтақ жерде өним жетистириў көлеми 3 есеге артты. Бүгин қыйтақ жерден жылына 3 мәрте зүрәәт алатуғын шаңарақлар 35 процентти қурамақта.
Мысал ушын, Қамашидағы Одоқжонбоз мәҳәллеси халқы алдын тек ғана пахта, ғәлле жетистириў менен шуғылланып, бир гектар жерден орташа 10 миллион сум пайда алып келген. Өткен жылдан бул аймақта брокколи капустасын жетистириў есабынан дийқанлар пахта, ғәллеге салыстырғанда 10 есе көп сап пайда алмақта.
Қарши районындағы Талликурон мәҳәллесиндеги 70 процент шаңарақ көк шөп жетистириў менен бәнт. Нишон районының Пахтаобод мәҳәллесинде 300 ден аслам шаңарақ пал ҳәррешилик пенен шуғылланады. Бундай унамлы нәтийжени көплеген мәҳәлле ҳәм аўыл дийқанлары мысалында келтириў мүмкин.
Усы жылы үлкеде 2 миллион 500 мың тонна ямаса өткен жылға салыстырғанда 450 мың тонна көп аўыл хожалығы өнимин жетистириў мақсет етилген.
Соның менен бирге, бир мәҳәлледе жетекши исбилерменлерди бириктириў арқалы халықтың қыйтақ жерлеринде "Бир мәҳәлле - бир өним" және ижара жерлерде "Бир контур - бир өним" принципи тийкарында экспортқа жарамлы дәраматлы егинлерди егиўди шөлкемлестириў де унамлы нәтийже бермекте.
Бул тәжирийбе енгизилген аймақларда мектеп жаратылмақта, инновациялар кирип келмекте, базардың қәлиплесиўи есабынан халықтың дәраматы ҳәм дийқаншылыққа қызығыўшылығы артпақта. Ең әҳмийетлиси, бундай тәжирийбе басқа аймақларды да усы жумысларға тартыўда түртки болып хызмет етпекте.
Сондай-ақ, кейинги 3 жылда ўәлаяттағы 327 мың шаңарақ (45 проценти) бир түрдеги өним жетистириўге қәнигелестирилди. Мәселен, Ғузор районы Даштабад мәҳәллесиндеги 538 шаңарақтың 165 гектар қыйтақ жеринде және 283 дийқан хожалығына тийисли 137 гектар - жәми 302 гектар майданда "Бир мәҳәлле - бир өним" принципи тийкарында жылына 17 мың тонна помидор жетистирилмекте. Ҳәзир жер ийелери бир гектардан орташа 65-70 миллион сум сап пайда алып атыр. Көз алдыңызға келтириң, усы өним қайта исленсе, және сонша пайда аймақтың өзинде қалады.
Мине, соннан келип шығып исбилерменлердиң басламасы тийкарында 1,1 миллиард сум есабынан саатына 250 килограмм томат пастасы, 1 миллиард сумға саатына 200 килограмм плёнка және 40 тонна биогумус ислеп шығарыў жойбарларын әмелге асырыў бойынша жумыслар басланды.
Касби районындағы Майманак аймағында бадам жетистириў бойынша алдыннан тәжирийбе бар. Соннан келип шығып быйыл қосымша 208 гектар жерде бадамзар, Қарши районы "Кўчкак" МПЖда дийқан хожалығы ушын ажыратылған ҳәм бүгин нәтийжесиз пайдаланылып киятырған 30 гектар майданда әнжирзарлық жаратылады.
Соңғы 4 жылда мәмлекетлик қаржы есабынан 320 артезиан қудық қазылып, 10 мыңға шамалас шаңарақтың қыйтақ жери суў менен тәмийинленди. Усы жылы болса 85 мәҳәллениң қыйтақ жерин ағын суў менен тәмийинлеў ушын 142 миллиард сум ажыратылды. Оның есабынан 34 мыңнан аслам шаңарақтағы қыйтақ жердиң суў тәмийнаты жақсыланып, 136 мың адам дәраматлы болады ҳәм 2,5 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылады.
Дийқаншылықта бәҳәрдиң бир күни бир жылға татыйды, деген гәп бар. Көпти көрген шебер дийқанларымыз мине усындай шешиўши мәўритте қандай жумысларды орынлаў зәрүрлигин жүдә жақсы биледи.
Соның ушын, бәҳәрдиң ҳәр күнин ғәниймет билип, ҳәўлимиздеги ғәзийнемиз - қыйтақ жеримизди абат етип қойсақ, бәринен бурын, турмысымыз абадан, базарларымыз және де абат болады.
Мәмлекетимиз басшысының "Қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықларының жумысында заманагөй шөлкемлестириў системасын енгизиў ҳәм қаржылай қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы пәрманына бола, енди халықтың қыйтақ жерлери ҳәм дийқан хожалықларына ижараға берилген жер майданынан нәтийжели пайдаланыў жағдайы бойынша ҳәким жәрдемшиси тәрепинен аймақтың ықлым шараятын есапқа алған ҳалда, ҳәр шеректе өткерилетуғын мониторинг нәтийжесинде егин толық егилмеген ямаса қараўсыз қалдырылған жағдай анықланғанда тәжирийбе сыпатында илаж көриледи.
Соның ишинде, қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықларына мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги жеңиллетилген кредит берилмейди. Сондай-ақ, Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген пуқаралар ушын нәзерде тутылған жеңилликлер тоқтатылады. “Online mahalla” электрон платформасы мағлыўматлары тийкарында егин егилмегени анықланған жыл ушын жер салығы ставкасы үш есе муғдарында есапланады. Онда берилип атырған жеңилликлерди ўақтынша тоқтатып турыў, қайта тиклеў ҳәм арттырылған салық ставкаларын қолланыў "мәҳәлле жетилиги"ниң жуўмағына тийкарланып әмелге асырылады ҳәм тийисли мағлыўматлар “Online mahalla” электрон платформасына киргизип барылады.
Қыйтақ жер ҳәм ижараға берилген жерден нәтийжели пайдаланыў жолға қойылған жағдайда "мәҳәлле жетилиги" кепиллиги менен барлық жеңилликлер ҳәм әмелдеги салық ставкалары тиклеп берилетуғыны белгиленген. Солай екен, бүгиннен жумысқа кирисиң. Себеби, қыйтақ жерден алған дәраматыңыз өзиңизге пайда. Ҳәм мийнет етип, қаржы ислейсиз, ҳәм салық жеңилликлерин қолға киргизесиз.
Акбар РАҲМОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы