Қытайдың Чунсин қаласында ШБШға ағза мәмлекетлер кинофестивалы болып өтти. Қуўанышлы тәрепи, усы фестивалда өзбек режиссёры Аюб Шаҳобиддиновтың "Бәҳәрди қуўып" фильми "Ең жақсы актриса" номинациясында жеңимпаз деп табылды. Фильмде бас ролди белгили актриса Рано Шодиева атқарған.
Сондай-ақ, кинофестиваль шеңберинде ШБШға ағза мәмлекетлердиң кино тараўындағы бирге ислесиўи мәселелерине бағышланған арнаўлы форум да шөлкемлестирилди.
Онда шөлкемге ағза мәмлекетлердиң кино тараўының басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты. Кино тараўындағы өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў, биргеликте жаңа ко-продукция жойбарларын ислеп шығыў ҳәм бул бирге ислесиўди системалы түрде шөлкемлестириў бойынша усыныслар додаланды.
Форумда шығып сөйлеген Өзбекстан Кинематография агентлиги директоры Шуҳрат Ризаев әнжуман қатнасыўшыларына Өзбекстан ҳәм Қытай бирге ислесиўинде биринши мәрте сүўретке алыныўы режелестирилип атырған "Мени күт" атамасындағы жаңа халықаралық киножойбар ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Илаж жуўмағында Өзбекстан тәрепи биргеликтеги киножойбарларды жаратыў ҳәм келешекте ШБШ мәканында кең көлемли бирге ислесиўди әмелге асырыўға таяр екенин атап өтти.
Бүгин усы абырайлы фестивалда жеңимпаз болған Өзбекстан делегациясы ағзалары Ташкент халықаралық аэропортында салтанатлы күтип алынды.








