Атап өтилиўинше, комитетке 2024-жылы келип түскен мүрәжатлардың 8,2 проценти ҳәм усы жылдың дәслепки 4 айы даўамында 8,9 проценти телекоммуникация хызметлери тараўына туўра келеди. Олардың көпшилиги “Beeline” мобил байланыс хызметлери менен байланыслы болып, тийкарғы шағымлар тариф баҳаларының артыўы, қосымша хызмет ҳәм төлемли контент хызметлерине жалғаныўы, есап-санақлардағы машқалалар, хызмет сапасы ҳәм басқа да мәселелерге тийисли.
Бул мүрәжатларда, айлық абонент төлемин төлеў ушын есапта жетерли қаржы болмаған жағдайда, абонентлердиң келисимсиз автомат түрде күнлик тариф режесине жалғаныўы, күнлик төлем шешип алынғаннан соң трафиктен пайдаланыў имканияты берилмей атырғанлығы ҳәм басқа да қолайсызлықлар бар екенлиги билдирилмекте.
Таллаўларға бола, күнлик абонент төлеми “Yana”, “Hammasi ZOʻR”, “Multi Kuch” ҳәм және 10 ға шамалас тарифлерде төмендеги шәртлер әмел етеди:
Айлық абонент төлемин өндириў ўақтында қаржы жетерли болмаса, автомат түрде күнлик абонент төлеми (2000 сум) өндириледи.
Күнлик абонент төлеми автомат шешиледи ҳәм оны бийкарлаў ямаса өшириў имканияты жоқ.
Күнлик төлем толық әмелге асырылмаса, есап минусқа түсириледи ҳәм номер блокланады. Блокланған жағдайда усынылған трафикке пайдаланыў имканияты берилмейди. Блоктан шығыў ушын балансты керекли суммаға шекем толтырыў керек;
Күнлик абонент төлеми, абонент есабында айлық төлем ушын жетерли қаржы топланбағанша автомат түрде шешиледи. Қаржы жетерли болғанда, айлық төлем шешип алынып, толық айлық пакет усынылады. Кейинги айлық төлем мүддети усы сәнеден баслап бир айға көшириледи.
Сондай-ақ, әмелдеги (тек ғана жаңа жалғаныўлар ушын) Standart, Yashin, Aniq, Erkin, Start тариф режелеринде де абонент балансында бир айлық абонент төлеми ушын жетерли қаржы болмаса онда бир күнлик абонент төлеми шешиледи.
Күнлик тариф режесин ықтыярлы түрде жағыў ямаса өшириў, хызметтен бас тартыў имканияты тутыныўшыда жоқ.
Бул күнлик тариф режесиниң қолланылыўы тутыныўшылардың ҳуқықлары кемситилиўине ҳәм бир қатар нызамшылық ҳүжжетлериниң талапларының бузылыўына алып келмекте. Атап айтқанда:
Баланста күнлик төлем ушын қаржы жетерли болмағанда, есап минусқа түсирилип, номер блокланбақта.
Баланс минусқа шешилгени нәтийжесинде номер блокланбақта. Блок жағдайында болса, күнлик абонент төлеми шеңберинде усынылған трафиктен пайдаланыў имканияты берилмей атыр. Яғный, 2000 сум есабынан сатып алынған күнлик трафиктен пайдаланыў имканияты берилместен, көрсетилмеген хызмет ушын ҳақы алынбақта.
Күнлик абонент төлеми автомат шешиледи - оны өширип болмайды. Бул жағдайда, тутыныўшылар күнлик абонент төлеми хызметинен пайдаланыўға мәжбүр болмақта.
Тутыныўшыларға күнлик тарифтен пайдаланыўды ықтыярлы таңлаў, жағыў ямаса өшириў имканияты жоқ.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, тутыныўшылардың белгисиз шеңбери ҳуқықларын қорғаў мақсетинде айырым тариф режелериниң айлық ҳәм күнлик абонент төлемин шешиў шәртлерин қайта көрип шығыў бойынша Комитет тәрепинен “UNITEL” ЖШЖға көрсетпе хаты жиберилди.




