Көрилген илажлар нәтийжесинде 20 миллиард сумға шамалас қаржылар тутыныўшылардың пайдасына қайта есап-санақ етилди.
Бул жағдайлар бойынша республикадағы 129 қурылыс кәрханаларының шәртнамалары талланғанда төмендегилер анықланды:
80 процент шәртнамада қурылысшы кәрханаларға қайта есап-санақ ҳуқықы үстинлиги берилген болса, тек ғана 20 процентте ҳәр еки тәрепке усы ҳуқықлар белгиленген;
58 процент шәртнамада көрсетилген улыўма майдан қурылысы жуўмағы бойынша майданлар арасында айырмашылық бар болса қайта есап-санақ ҳуқықы белгиленбеген;
37 процент шәртнамаларда квартира ишинде әмелге асырылатуғын қурылыс жумыслары ҳаққындағы миннетлемелер киргизилмеген;
18 процент шәртнамаларда қурылысшы ҳәм тутыныўшының ҳуқықлары менен миннетлемелери ҳаққындағы бәнтлер киргизилмеген;
39 процент шәртнамаларда қурылыс объектин тапсырыў мүддети көрсетилмеген;
51 процент шәртнамаларда қурылыс тапсырылыўының ҳәр бир кешигип қалған күни ушын қурылысшы тәрепинен төленетуғын пеня белгиленбеген;
86 процент шәртнамаларда қурылысшы ҳәм тутыныўшы тәрепинен шәртнаманы бийкар етиўди талап етиў ҳуқықы белгиленген (соннан, 41 процентинде шәртнаманы ҳәр еки тәрептиң мәплери нәзерде тутылған болса, 59 процентинде тек ғана қурылысшы кәрхананың мәплери нәзерде тутылған болса), 14 процентинде болса шәртнаманы бийкар етиў ҳаққындағы бәнт киргизилмеген;
сондай-ақ, шәртнама дүзилгеннен кейин, дәслепки төлем мүддети 30 күннен аспайтуғыны атап өтилген болса, 74 процент жағдайда шәртнама бир тәреплеме бийкар етилгенде қарыйдарға төлемди қайтарыў мүддети 30-180 күн, айырымларында болса 24 айдан 36 айға шекем етип белгиленген;
84 процент шәртнамаларда турақ жайды қарыйдар тәрепинен қабыл етилгеннен кейин, қурылысшы тәрепинен оған кепиллик мүддети белгиленбеген;
Яғный кепиллик мүддети даўамында шаңарақта кемшиликлер анықланса, қурылысшы тәрепинен сапластырыў миннетлемеси 82 процент жағдайда белгиленбеген.
"Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Нызамға тийкарланып, мәмлекет тутыныўшылардың товар (жумыс, хызмет) сатып алыўы ҳәм оннан пайдаланыў ўақтындағы ҳуқықлары және нызам менен қорғалатуғын мәплериниң қорғалыўын кепиллеўи;
тутыныўшы сатыўшы менен шәртнамалық қатнасықларда нызамшылықта нәзерде тутылған өз талапларының қанаатландырылыўы ушын үстин ҳуқыққа ийе екенлиги белгиленген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-4732-санлы қарарына муўапық, көп квартиралы турақ жайларды үлес тийкарында қурыў ушын физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қаржыларын тартыў тек ғана юридикалық шахс статусына ийе болған ҳәм үлес тийкарында қурыў ушын қаржыларды тартыўшылардың электрон дизимине киргизилген қурылысшылар тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин
Онда, Электрон дизимге киргизиў ушын қурылысшылар төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:
көп квартиралы турақ жайларды қурыў ушын белгиленген тәртипте ажыратылған жер участкасы ҳәм қурылыс жумысларын әмелге асырыўға бирлемши рухсат бериўши ҳүжжетлердиң бар екенлиги;
жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ҳәм унамлы экспертиза жуўмағының бар екенлиги;
техникалық ҳәм авторлық қадағалаў және мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў бойынша тийисли шәртнамалар дүзилгенлиги ҳәм басқа да талаплар бар.




