Презентацияда соңғы жыллары мәмлекетимизде санлы экономиканы раўажландырыў, мәмлекетлик хызметлерди санластырыў ҳәм инновациялық экосистеманы қәлиплестириў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Сырт елли экспертлердиң изертлеўлерине бола, 2024-2025-жылларда мәмлекет стартап ҳәм венчур экосистемасының улыўма баҳасы 3,9 миллиард долларға жеткен. Жергиликли стартаплардың саны 750 ден асты. Бүгинги күнде 15 венчур фонды жумыс алып бармақта, венчур капиталының көлеми 180 миллион доллардан артты.

Өзбекстан дүньяда ең тез өсип атырған екинши стартап экосистема, Орайлық Азияда болса өсиў пәтлери бойынша жетекши сыпатында тән алынбақта.

Презентацияда атап өтилгениндей, 2030-жылға шекем стартаплардың санын 5 мыңға, сыртқы базарға шыққанларды 200 ге жеткериў, венчур инвестициялардың көлемин 2 миллиард долларға жеткериў режелестирилген.

Усы мақсетте халықаралық тәжирийбе тийкарында стартапларды қоллап-қуўатлаўдың төрт басқышлы системасы енгизилмекте. Идея, ислеп шығыў, иске түсириў ҳәм кеңейтиў басқышларында грантлар, салық жеңилликлери, биргеликте қаржыландырыў механизмлери, экспорт қәрежетлерин қаплаў нәзерде тутылады.

Электрон мәмлекетлик хызметлерди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы режелер көрип шығылды. Соның ишинде, санлы хызметлер санын 900 ге жеткериў, MyGov.uz мобил қосымшасының функционалын кеңейтиў, 50 ден аслам хызметлерде жасалма интеллект технологияларын енгизиў, Халықтың бирден-бир реестрин ислеп шығыў, сондай-ақ, исбилерменликти баслаў, жеке тәртиптеги исбилермен хызметкерлерин есапқа алыў, банк пластик карталарын рәсмийлестириў, SIM-карталарын алыў, қамсызландырыў ҳәм реклама хызметлерин толық санластырыў нәзерде тутылған.

Презентацияда жасалма интеллект технологиялары ушын инфраструктура жаратыў жумысларының барысы ҳаққында мағлыўмат берилди. Мәселен, ҳәзирги ўақытта заманагөй киши суперкомпьютер иске түсирилген болып, үлкен суперкомпьютерди сатып алыў ҳәм иске түсириў жумыслары жедел даўам етпекте. Жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде 15 жоқары билимлендириў мәкемесинде жасалма интеллект лабораториялары шөлкемлестириледи, тараў қәнигелериниң потенциалы артады, жергиликли АИ-шешимлерди ислеп шығыў ҳәм енгизиў имканиятлары кеңейеди.

Мәмлекетимиз аймақларында заманагөй дата-орайлар тармағын кеңейтиў, мағлыўматларды сақлаў ҳәм қайта ислеўдиң қәўипсизлигин ҳәм үзликсизлигин тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў мәселелерине де итибар қаратылды. Бул тараўда турақлы өсиў пәтлери тәмийинленип атырғаны, интернет тезлиги ҳәм қамтып алыўы жылдан-жылға артып, мобил байланыс сапасы жақсыланып атырғаны атап өтилди. 2026-жылы 5G технологияларын және де енгизиў, елатлы пунктлерди жоқары тезликтеги интернет пенен қамтып алыўды кеңейтиў, сондай-ақ, жасалма жолдас байланысынан кеңирек пайдаланыў режелестирилген.

Президентимиз санлы технологиялар экономика тармақларының бәсекиге шыдамлылығын, мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўға тиккелей хызмет ететуғынын атап өтип, белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.