Кейинги сегиз жылда мәмлекетимиз халқы 6 миллион адамға көбейди. Соған сәйкес түрде жаңа турақ жайлар, жоллар ҳәм социаллық инфраструктура объектлерин қурыў көлеми кеңейип бармақта. Өткен дәўирде 210 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм турақ жай емес жайлар пайдаланыўға тапсырылды. Халық ушын 565 мың, алдынғы жылларға салыстырғанда 10 есе көп турақ жай қурылды.
Қурылыс материаллары санааты ушын да үлкен имканиятлар жаратылды. Оның көлеми соңғы сегиз жылда 4 есеге өсип, усы жылы 53 триллион сумға, экспорты болса 1,1 миллиард долларға жетиўи күтилмекте.
Ең әҳмийетлиси, бул тармақ Сурхандәрья, Сырдәрья, Хорезм ҳәм Жиззақ ўәлаятларының бурын санааты болмаған районларында жумыс орны ҳәм дәрамат дәрегин жарататуғын үлкен "драйвер" тараўға айланды.
Соның менен бирге, тараўда өнимлердиң сапасы ҳәм стандартларға әмел етиў, логистика мәселелери, жаңа базарларға шығыўға байланыслы машқалалар сақланып қалып атырғаны атап өтилди.
Соның ишинде, ПВХ-қубыр, фитинглер, пардозлаўшы тас ҳәм қурылыс айнасын ислеп шығарыўшы ири кәрханалар бар болса да, 2024-жылы бул өнимлер үлкен көлемде импорт етилгени көрсетип өтилди.
Презентацияда келешектеги тийкарғы режелер баян етилди.
Атап айтқанда, тармақта 2,4 миллиард долларлық 112 жойбарды әмелге асырыў, олар арқалы 13,5 мың жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Стратегиялық әҳмийетке ийе 110 миллион долларлық және 5 ири жойбар әмелге асырылады. Келеси жыллары жойбарлар портфелин 3,5 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Президентимиз бул жойбарлар ҳәр бир ўәлаят ҳәм районның бар резервлери, шийки зат базасы ҳәм логистика имканиятларынан келип шыққан ҳалда ислеп шығылыўы зәрүр екенлигин атап өтти.
Қоңсы мәмлекетлерде 4 миллиард доллардан аслам қурылыс материаллары базары бар. Буннан тысқары, 26 мәмлекетке 9 өним экспортын кескин көбейтиў имканияты бар.
Жуўапкерлерге аймақлар ҳәм тармақлардың экспорт имканиятларын толық иске қосып, сыртқы базарларға шығыўды жеделлестириў, экспортқа жарамлы материаллар ислеп шығарыўды көбейтиў тапсырылды.
Презентацияда каолин резервлеринен нәтийжели пайдаланыў мәселелери де үйренилди. Елимизде 1 миллиард тоннадан аслам каолин болыўына қарамастан, ҳәр жылы миллионлаған долларлық фарфор импорт етилип атырғаны атап өтилди. Сонлықтан, келеси жылы каолинди терең қайта ислеў бойынша 515 миллион долларлық 40 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 460 қәниге таярлаў режелестирилген.
Тармақта энергия нәтийжелилигин арттырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.
Бүгинги күнге шекем 34 кәрханада энергия аудитиниң өткерилиўи нәтийжесинде өним ислеп шығарыў ушын жумсалатуғын жанылғы муғдарының азайыўына ерисилди.
Бул жумысларды системалы даўам еттирип, ислеп шығарылып атырған энергия үнемлеўши өнимлердиң түрин кеңейтиў, қурылыста пайдаланылатуғын энергия үнемлеўши ҳәм экологиялық өнимлердиң үлесин келеси жылы 25 процентке, 2030-жылға шекем болса 35 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Өнимниң сапасын ҳәм қәўипсизлигин арттырыўда илимниң орны әҳмийетли екенлиги, илимпазларымыздың потенциалынан кеңирек пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул бағдарда Ташкент химия-технология институты менен биргеликте 4 илимий жойбар әмелге асырылмақта, Германия, Корея ҳәм Түркиядан илимпазлар тартылған. Әмелият ҳәм илим интеграциясын күшейтиў шеңберинде келеси жылдан қурылыс материаллары бағдарындағы илимий жойбарларды қаржыландырыў ушын 30 миллиард сум қаржы ажыратылатуғыны белгиленди.
Кәрханаларда санлы басқарыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын кеңнен енгизиў арқалы өзине түсер баҳаны 5-10 процентке қысқартыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Бундай системалар енгизилетуғын кәрханаларды көбейтиў мақсетинде еки жыл даўамында 100 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.
Мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы процесинде қурылыс материаллары тараўы да халықаралық талапларға бейимлестирилмекте. Өткен дәўирде бул бағдарда 125 халықаралық стандарт қабыл етилди. 2026-жылда оны 166 ға жеткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Президентимиз белгиленген режелерди әмелге асырыў, жоқары сапалы ҳәм халықаралық стандартларға жуўап беретуғын өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў,экспорт потенциалын арттырыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.