Капитал базарын буннан былай да раўажландырыў, банк тараўына халықаралық стандартларды енгизиў мәселелери көрип шығылды

    Сиясат 15 желтоқсан 2025 926

    Президент Шавкат Мирзиёев 15-декабрь күни капитал базарын буннан былай да раўажландырыў ҳәм банк тараўына халықаралық стандартларды енгизиўди жеделлестириў мәселелерине бағышланған презентация менен танысты.

    Бүгинги күнде айланыстағы баҳалы қағазлардың базар баҳасы 275 триллион сумды, еркин биржа айланысындағы баҳалы қағазлардың көлеми болса 4 триллион сумды қурамақта. Базарда 717 эмитент ҳәм 77 профессионал қатнасыўшы жумыс алып бармақта.

    Соның менен бирге, базар капиталласыўы жалпы ишки өнимге салыстырғанда тек ғана 20 процентти қурамақта, бул болса дүнья көрсеткишлеринен бир қанша төмен. Бул тараўда үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди.

    Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиздиң капитал базарына кеминде 1 миллиард доллар инвестиция тартыў илажлары додаланды.

    Атап айтқанда, халықаралық стандартларға муўапық, жергиликли ҳәм сырт ел фонд биржаларында қымбат баҳалы қағазларды бир ўақыттың өзинде жайластырыўды нәзерде тутатуғын еки тәреплеме листинг операцияларын әмелге асырыўға рухсат бериў нәзерде тутылмақта. Соның менен бирге, валюта облигациялары, глобал депозитарий тилхатлары, сырт ел баҳалы қағазлары ҳәм биржа инвестиция фондлары сыяқлы жаңа финанслық қуралларды енгизиў нәзерде тутылған.

    Презентацияда "тәртипке салыўшы қум қутысы" ҳуқықый режимин кеңейтиў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

    Бул тәртип шеңберинде "қум қутысы" шәртлерин тек ғана норезидентлерге емес, ал резидентлерге де қолланыў, сырт ел инвесторлары ушын оның әмел етиў мүддетин шекленбеген етип белгилеў, сырт ел компанияларының акциялары, облигациялары ҳәм басқа да баҳалы қағазлары менен саўда-сатық ислеўге руқсат бериў усыныс етилди. Бул сырт ел баҳалы қағазларының рәсмий емес саўдасын қысқартыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

    Капитал базарына жергиликли инвесторларды жедел тартыў бойынша усыныслар көрип шығылды.

    Ташкент фонд биржасында жергиликли кәрхана ҳәм банклерге сырт ел базарына шықпастан валюта қаржыларын тартыў ушын сырт ел валютасында облигациялар шығарыўға рухсат берилетуғыны атап өтилди.

    Сондай-ақ, эмитентлерге тәмийнатсыз ҳәм өз капиталынан тысқары облигациялар шығарыў имканиятын жаратыў арқалы облигациялар базарын кеңейтиў мүмкин екенлиги атап өтилди.

    Капитал базарында қадағалаў ҳәм тәртипке салыў системасын жетилистириў мәселелери додаланды.

    Миллий нызамшылықты Қымбат баҳалы қағазлар бойынша комиссиялар халықаралық шөлкеминиң талапларына муўапықластырыў, регулятордың ўәкилликлерин күшейтиў, профессионал қатнасыўшылардың устав капиталына болған талапларды басқышпа-басқыш арттырыў бойынша режелер таныстырылды.

    Атап өтилгениндей, кейинги жети жылда банк системасын реформалаў нәтийжесинде коммерциялық банклердиң активлери 5,3 есеге көбейип, 877 триллион сумнан артқан. Банклердиң саны 35 ке жетти 2017-жылдан баслап Өзбекстанда 3 сырт ел банки жумыс баслады.

    Мәмлекетимиз биринши мәрте Халықаралық валюта қоры ҳәм Жәҳән банкиниң финанс секторын баҳалаў бағдарламасында қатнасып, банк қадағалаўы, рисклерди басқарыў, төлем системалары, макропруденциаллық сиясат, кризислерди басқарыў сыяқлы тараўларды баҳалады.

    Баҳалаў нәтийжелеринен келип шығып, келеси жылы Өзбекстан финанс секторын Базель комитетиниң нәтийжели банк қадағалаўының 29 тийкарғы принципине толық муўапықластырыў режелестирилген. Оның ушын коммерциялық банклердиң финанслық есабатлардың халықаралық стандартларына толық өтиўи, Базель III стандартларын енгизиў, ҳүкимет ҳәм Орайлық банктиң қатнасыўында Финанслық турақлылық кеңесин шөлкемлестириў ўазыйпалары қойылды.

    Капитал базары ҳәм банк системасын реформалаў экономиканы турақлы қаржыландырыў, жеке меншик сектордың үлесин арттырыў ҳәм халықаралық инвестицияларды тартыўды көбейтиўде әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтип, мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге анық ўазыйпалар қойды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates