Бизге белгили, усы жылдың 30-январь күни "Өзбекнефтгаз" акционерлик жәмийетиниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, углеводород резервлерин көбейтиў ҳәм тараўды заманагөй технологиялар тийкарында раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленген еди. 23-февраль күни бул тапсырмалардың дәслепки орынланыўы көрип шығылып, қосымша көрсетпелер берилди.

Бүгинги презентацияда усы илажларды әмелге асырыў процеси және бир мәрте талланды.

Геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў, жаңа кәнлерди анықлаў, әмелдеги қудықлардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм өндирис көлеминиң турақлылығын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтилди.

Усы жылдың басынан берли 471 квадрат километр майданда 3D сейсморазведка жумыслары орынланғаны, 11 жаңа қудық иске қосылғаны, 20 қудықта оңлаў жумыслары алып барылғаны ҳәм 5 технологиялық илаж әмелге асырылғаны бойынша тараў басшыларының мәлимлемеси тыңланды.

Тараўда операциялық нәтийжелиликти арттырыў, кәрханалардың қәрежетлерин оптималластырыў ҳәм олардың финанслық турақлылығын беккемлеў жумысларына айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге белгиленген ўазыйпалар ҳәм илажлардың орынланыўын анық есап-санақ ҳәм қатаң тәртип тийкарында тәмийинлеўди даўам еттириў бойынша тапсырмалар берди.