Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 28.01.2026-жылдағы 32-санлы қарары менен Мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниң айырым категориядағы студентлериниң жатақханаларында (ЖЖТ) жасаў қәрежетлерин Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў тәртиби тастыйықланды.
Бул жеңилликтен "Социаллық реестр"ге киргизилген шаңарақлардың күндизги тәлим формасында оқып атырған перзентлери пайдаланыўы мүмкин. Төлем студенттиң грант ямаса контракт тийкарында оқыўына қарамастан әмелге асырылады.
Қарарға муўапық, студентлер СТЖға гезексиз, биринши гезекте қабыл етиледи. Мәмлекетлик жатақхана болмаған жағдайда студентлер мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурылған жатақханаларға жайластырылыўы мүмкин. Төлемлер ҳәр айдың 15-сәнесине шекем студенттиң банк пластик картасына өткерип бериледи.