Биргеликте глобал күн тәртибине байланыслы ири халықаралық әнжуманлар, соның ишинде, азық-аўқат қәўипсизлиги, туризмди раўажландырыў, кәмбағаллық ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў және биокөптүрлиликти қорғаў бойынша илажлар өткерилмекте.

2018-2025-жыллары мәмлекетимиздиң басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 13 резолюциясы қабыл етилди. Орайлық Азияда бирге ислесиўди тәмийинлеў, Арал теңизи аймағын қорғаў, туризмди раўажландырыў, экологиялық машқалаларды шешиў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге бағышланған резолюциялар солардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, Өзбекстан бул абырайлы шөлкемниң ең жоқары минберинде, атап айтқанда, Бас Ассамблеяның 72, 75, 76 ҳәм 78-сессияларында дүнья итибарын жәҳән күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерге қаратып, олар бойынша әҳмийетли басламаларды алға қойып келмекте.

Быйыл 23-сентябрь күни Өзбекстан Президенти БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясында шығып сөйледи. Шығып сөйлеген сөзинде БМШ реформасы, шөлкемниң Турақлы раўажланыў мақсетлери ҳәм Өзбекстандағы реформалар, Орайлық Азия ҳәм дүньядағы қәўипсизлик, транспорт коридорлары, климат өзгериўи, жасалма интеллект, жаслар ҳәм ағартыўшы ислам сыяқлы темаларда реал машқалалар ортаға тасланып, шешими бойынша әмелий усыныслар ҳәм басламалар билдирилди.

Бәринен бурын, БМШтың структуралық реформасы нәзерде тутатуғын "БМШ - 80" басламасын толық қоллап-қуўатлаған ҳалда ең аўыр ҳәм өткир глобаллық мәселелерди келисим жолы менен шешиў ушын БМШты тийкарғы платформа сыпатында сақлап қалыў, оған сийрек ушырасатуғын механизм сыпатында сүйениў идеясы алға қойылды.

Бул бағдарда заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў, раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплерин қорғаў мақсетинде БМШ Қәўипсизлик Кеңесин трансформациялаў ҳәм қурамын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Соңғы жыллары БМШтың Қәўипсизлик Кеңеси урыслар, әскерий соқлығысыўлардың алдын алыў ҳәм халықаралық турақлылықты тәмийинлеўде өз ўазыйпасын жетерли дәрежеде орынламай атыр. Соған қарамастан, жәҳән сиясатында мәлимлеме орайы ҳәм ири мәмлекетлердиң позициясын көрсететуғын институционаллық майдан сыпатында пайдалы мақсетке хызмет етпекте.

Қәнигелер Қәўипсизлик Кеңеси кеңейиўи зәрүрлигин додалап, бунда тийкарынан жаңа ағза мәмлекетлерди киргизиў арқалы оның ўәкиллигин және де арттырыў мақсет етилмекте. Кеңейиў тәрепдарлары, мәселен, Африка ҳәм Латын Америкасы сыяқлы үлкен аймақларда турақлы ўәкиллик жоқ екенлиги себепли усы континенттеги мәмлекетлердиң турақлы ағзалығын тәмийинлеў, Азия халқы ҳәм ҳәзирги потенциалынан келип шығып, оның ўәкиллерин де Кеңеске киргизиў зәрүрлиги бойынша пикирлер билдирилмекте.

Усы мүнәсибет пенен дүньяда қарама-қарсылық, келиспеўшилик ҳәм урыслар күшейип атырған және БМШ трансформациясына байланыслы жумыслар додаланып атырған дәўирде Өзбекстан тәрепинен бул мәселе бойынша позицияны билдириўи өз ўақтында исленген әҳмийетли қәдем болды.

Сөйлесиўде Аўғанстан мәселесине айрықша итибар қаратылып, мәмлекетте тынышлық ҳәм татыў турмысты тәмийинлеўде халықаралық жәмийетшиликтиң ҳәрекетлерин бирлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул мәселе мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Бас Ассамблеяның алдынғы сессияларында да көтерилгени Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў Өзбекстан сыртқы сиясатындағы ең әҳмийетли ўазыйпалар қатарына киргенинен дәрек береди.

Биз Аўғанстанды Орайлық Азияның ажыралмас бөлеги сыпатында көремиз. Өзбек ҳәм аўған халықлары әзелден бирге жасап келеди. Бизди улыўма мәдений, руўхый ҳәм тарийхый қәдириятлар, бирден-бир дин, уллы ата-бабаларымыздың мийрасы бирлестирип турады.

Ҳәзирги қыйын ҳәм тартыслы дәўирде бул мәмлекетти жекелеп, машқалалар ийримине таслап қойыў мүмкин емес екенлиги айтып өтилди. Президентимиз басқа да халықаралық илажларда Аўғанстан мәселесине айрықша тоқтап өтеди. Бул бағдарда мәмлекеттиң экономикасын қайта тиклеў, оның менен регионаллық кооперацияны раўажландырыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў бойынша халықаралық жәмийетшиликке мүрәжат етип келмекте.

Мәселениң әҳмийетли тәрепи сонда, Өзбекстан бул мәселеге әмелий жақтан да қатнас жасамақта. Мәмлекетимиз гуманитарлық жәрдем сыпатында Аўғанстанға бирлемши зәрүр азық-аўқат өнимлери, дәри-дәрмақ ҳәм кийим-кеншеклерди системалы түрде жеткерип бермекте.

Ең әҳмийетлиси, еки мәмлекет арасында шерикликти және де кеңейтиў, саўда, экономика, энергетика, транспорт ҳәм басқа да тараўларды избе-из раўажландырыў бойынша бирге ислесиў додаланбақта ҳәм әмелий қәдемлер тасланбақта.

Президентимиз Аўғанстан арқалы халықаралық транспорт ҳәм энергетика коридорларын раўажландырыў бойынша БМШ Бас Ассамблеясының айрықша резолюциясын қабыл етиўди усыныс етти. Бул усыныстың әмелге асырылыўы Аўғанстанның дүнья жәмийетшилигине ҳәр тәреплеме интеграцияласыўын тәмийинлеў бойынша ҳуқықый тийкар таярлайды. Регионаллық бирге ислесиў процесслеринде қатнасыўы ушын мәмлекетлерге күшли шақырық болады.

Сондай-ақ, Газа секторындағы барған сайын кескинлесип атырған гуманитарлық кризис бойынша да Өзбекстан позициясын билдирди. Бул аймақта әскерий ҳәрекетлерди тоқтатыў ҳәм сиясий сөйлесиўлерди даўам еттириўге шақырды. БМШ резолюцияларына муўапық, "еки халық ушын - еки мәмлекет" принципиниң әмелге асырылыўы мәмлекетимиздиң қатаң көзқарасы екенин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы көп мәрте халықаралық илажларда Газа секторындағы оғада қайғылы жағдайға дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратқан. Экспертлердиң мағлыўматына бола, ҳәзирги ўақытта аймақта 60 мыңнан аслам адам қайтыс болған. Қурбан болғанлардың 80 проценттен асламы тыныш халық ўәкиллери, яғный ҳаял-қызлар ҳәм балалар екени, Газа секторында еле де жасап атырған халыққа гуманитарлық жәрдем көрсетиўде тосқынлықлардың бар екенлиги ҳәммени терең тәшўишке салмақта. Өзбекстанның БМШ минберинде бул апатшылық бойынша билдирген анық позициясы халықаралық ҳуқықтың тең ҳуқықлар ҳәм халықлардың өз тәғдирин өзи белгилеў принципине сәйкес келеди.

Украина әтирапындағы жағдайға да итибар қаратылып, бул машқаланы дипломатиялық жоллар менен шешиў бойынша жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланғаны қоллап-қуўатланды. Бул мәселеде де Өзбекстан өзиниң сыртқы сиясатын тынышлықты сүйиўши ҳәм инсаныйлық идеялары тийкарында жүргизип атырғанын және бир мәрте көрсетти.

Терроризм мәселеси шығып сөйлеўде айрықша орын ийеледи. Оған қарсы гүресиў бойынша анық усыныслар алға қойылды. Атап айтқанда, БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы менен биргеликте дүзилген Реабилитациялаў ҳәм реинтеграция мәселелери бойынша регионаллық кеңести Халықаралық компетенциялар орайына айландырыў усыныс етилди.

Бул кеңес Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен дүзилген. Ол Орайлық Азиядағы барлық мәмлекет экспертлери ҳәм қәнигелерин бирлестирип келмекте. Радикал идеялар тәсирине түсип қалған пуқараларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў бағдарламаларын жетилистириў және Орайлық Азияда терроризм үгит-нәсиятлаўға қарсы гүресиў бойынша усыныслар ислеп шығыў кеңестиң тийкарғы ўазыйпасы болып есапланады.

Оның платформасында машқалалы аймақлардан қайтарылып, реинтеграцияланған шахслардың нормаль ҳәм толық турмысқа табыслы интеграцияланыўын тәмийинлейтуғын усыл ҳәм бағдарламалар жәмленеди. Бул структура жумысы жынайый жуўапкершиликке тартыў, психологиялық-социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм реинтеграция, диний дерадикализация, жәмийет ҳәм пуқаралық жәмийетин тартыў факторларын жәмлеген комплексли қатнасқа тийкарланады.

Өзбекстан 530 дан аслам пуқараны, тийкарынан ҳаяллар ҳәм балаларды Ўатанға қайтарды. Оларға медициналық, социаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетти. Сондай-ақ, оларды кәсип-өнерге оқытыў ҳәм жумысқа жайластырыў бойынша бағдарламалар ислеп шығылды.

Мәмлекетимиз басшысының усынысы бул структураны регионаллық дәрежеден халықаралық дәрежеге алып шығыў, машқалалы аймақлардан қайтарылған шахсларды тыныш турмысқа бейимлестириў бойынша тәжирийбе алмасыў бағдарындағы әҳмийетли платформаға айландырыўға хызмет етеди. Бул усыныс БМШқа ағза мәмлекетлерди халықаралық терроризм сыяқлы улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде және де бирлестирип, биргеликте ҳәрекет етиўи ушын әҳмийетли механизмди усынбақта.

Сондай-ақ, Өзбекстанда БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў басқармасының регионаллық офисин ашыўға қаратылған усыныс бул тараўдағы институционаллық потенциалды және де кеңейтеди ҳәм терроризмниң жаңа түрлери, атап айтқанда, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўде мәмлекетимиз ҳәм Орайлық Азия регионы ушын жаңа имканиятларды жаратады.

Әлбетте, Президентимиздиң бул шығып сөйлеген сөзиндеги идеялар, алға қойылған усыныс ҳәм басламалар Орайлық Азия ҳәм дүнья жәмийетшилигиниң абаданлығы жолында регионаллық ҳәм глобаллық қәўипсизликти тәмийинлеўде үлкен тийкар және қәдем сыпатында тарийхта қалады.

Улуғбек ШЕРМАТОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Халықаралық ислер,

қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы