Орайласқан дәреклер есабынан көп квартиралы турақ жайларды оңлаў ҳәм реконструкциялаў, оларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша инвестициялық жойбарларды таңлап алыў ҳәм әмелге асырыўдың бирден-бир тәртиби енгизиледи. Жаңа қағыйдаларға муўапық, жойбар усыныслары халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслеринде көрип шығылыўы мәжбүрий болып, олар рәсмий мақулланғанынан кейин ғана әмелге асырылыўы мүмкин.
Жойбар алды излениўлери аймақлық өзгешеликлер ҳәм турақ жай фондының жағдайын есапқа алған ҳалда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, басқарыў шөлкемлери ҳәм жойбарлаў институтларының қатнасыўында әмелге асырылады.
Ҳүжжетте абаданластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылған. Басқарыў компаниялары көп қабатлы турақ жайларға тутас аймақлардағы барлық терек ҳәм путаларды хатлаўдан өткериўи шәрт. Көклемзарластырыў ҳаққындағы мағлыўматлар "Мениң үйим" мәлимлеме биллинг системасына киргизиледи.
Сондай-ақ, қарарда орайласқан ишимлик суўын есапқа алыў үскенелери орнатылған жағдайда жасыл егисликлерди сутканың қәлеген ўақтында суўғарыўға рухсат берилген.
2026-жыл 1-июльден баслап Ташкент қаласында мүлк ийелери улыўма жыйналысларының жумысы менен байланыслы барлық процесслер - жыйналыс басламасы ҳәм оны өткериўден баслап шәртнамалар дүзиў ҳәм мүрәжатларды қабыл етиўге шекем тек ғана "Мениң үйим" АЖ арқалы әмелге асырылады.
2027-жылдан баслап бул тәртип республиканың пүткил аймағына енгизиледи. Сондай-ақ, мәжбүрий төлемлер ҳәм улыўмалық мүлк ижарасынан алынатуғын дәраматлардың есабы тек ғана усы система арқалы жүргизиледи.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 07.02.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».