Республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларында ишки қадағалаў системасы жетилистириледи

    18 шілде 2025 1736

    Ҳүкимет қарары (446-санлы, 16.07.2025 ж.) менен "2025-2027-жылларда республика ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларында ишки қадағалаў системасын буннан былай да жетилистириў" концепциясы тастыйықланды.

    Концепция республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларында ишки қадағалаў системасын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарларын, ўазыйпаларын, орта ҳәм узақ мүддетли келешектеги раўажланыў басқышларын белгилейди.

    Концепцияға бола, ишки қадағалаў системасын раўажландырыў төмендеги бағдарларды өз ишине алады:

    қадағалаў орталығының бир пүтин системасын қәлиплестириў;

    қәўип-қәтерлерди басқарыўдың нәтийжели системасын енгизиў;

    қадағалаў процесслериниң нәтийжелилигин арттырыў;

    мәлимлеме-коммуникация системасын жетилистириў;

    ишки қадағалаў системасын турақлы мониторинг етиў ҳәм есап бериўди буннан былай да беккемлеў.

    Бул тийкарғы бағдарларды төмендеги механизмлер арқалы әмелге асырыў лазым:

    ишки қадағалаў системасын шөлкемлестириўди стандартластырыў мақсетинде нызамшылық тийкарларын жетилистириў;

    ишки қадағалаў системасын шөлкемлестириўди буннан былай да раўажландырыў;

    хызметкерлерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын раўажландырыў.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates