"Росатом" Өзбекстандағы изертлеў реакторын инновациялық ядро жанылғысы менен тәмийинледи

    18 желтоқсан 2025 134

    "Росатом" компаниясының жанылғы бөлими (басқарыў компаниясы - "ТВЕЛ" АЖ) Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ядро физикасы институты менен ВВР-СМ изертлеў реакторы ушын модификацияланған ядро жанылғысын жеткерип бериў бойынша шәртнаманы орынлады.

    Бул қурылма ядро физикасы, радиациялық материалтаныў, активацион анализ, минералларды нурландырыў, медициналық ҳәм санаат мақсетлеринде радиоизотоплар алыўда изертлеўлер алып барыўда қолланылады.

    Новосибирск химиялық концентратлар заводы ("НХКЗ" ЖАБ, "Росатом" жанылғы дивизионы кәрханасы) тәрепинен ислеп шығарылған тығыз уран ҳәм уран-силицид жанылғысы Өзбекстанға бурын жеткерип берилген ИРТ-4М стандарт жанылғы кассеталарына салыстырғанда жоқары тутыныў өзгешеликлерине ийе. Уранның жоқары концентрациясы есабынан реактордың жанылғы кампаниясының даўамлылығы артады.

    Изертлеў реакторы ушын ядро жанылғысын жеткерип бериў "Росатом" ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы тыныш атом тараўындағы кең көлемли бирге ислесиўдиң бир бөлеги болып есапланады.

    2024-жыл май айында қол қойылған Өзбекстанның Жиззақ ўәлаятында Россияның РИТМ-200Н реакторлары менен атом электр станциясын қурыў бойынша шәртнама киши қуўатлылықтағы атом электр станциясын қурыў бойынша дүньядағы биринши экспорт шәртнамасы болды. Сондай-ақ, Россия көринисиндеги үлкен қуўатлылықтағы энергоблокларды қурыў бойынша да жумыс алып барылмақта.

    Көп жыллардан берли "ТВЭЛ" АЖ ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Ядро физикасы институты ядро объектлерин пайдаланыўдан шығарыў ҳәм радиоактив шығындылар менен байланыслы мәселелер бойынша жедел бирге ислесип келмекте. 2019-жылдан баслап Өзбекстан пайтахтында "МИФИ" НМИУ Ташкент филиалы студентлерди оқытпақта.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates