Бул дөретиўшилик жумыс бир ҳәптеге шамалас даўам етеди ҳәм усы қысқа ўақыт ишинде эскизлер таярланады, олардан ең жақсысы кейин ала толық спектакль болып, Рус драма театрының репертуарына киреди.
Сондай ўақыя жүз бериўи мүмкин, режиссёрлық лабораторияның нәтийжеси көбирек спектакль болыўы мүмкин. Режиссёрлардан бири Артур Сахаровтың айтыўынша, екинши ҳәм ҳәтте үшинши сахналастырыўдың табысы тән алынған, кейин олар да толық репертуар спектакллерине айланған жағдайлар болған. Режиссёрдың өзи ушын бул бесинши Лаборатория болып есапланады ҳәм Ташкентте ол Томас Стоппардтың "Розенкранц ҳәм Гильденстерн өлди" трагикомедиясынан үзинди сахналастырады.
Шығарма таңлаўда режиссёрлар театр менен пикирлесип, Ташкент сахнасында "Гамлет" атлы шығарма қойылып атырғанын билгеннен соң, Артур Сахаров Стоппардтың белгили шығармасынан үзинди қойыўға қарар етти.
"Бул көбирек Уильям Шекспирдиң классикалық шығармасына усындай альтернатив көз-қарас. Театр репертуарында "Гамлет" бар ҳәм оның даўамын усындай әдеттегидей емес постмодерн көзқарас арқалы көриў қызық болар еди. Том Стоппард - ол бизиң заманласымыз ҳәм оның пьесасы өзиниң интеллектуаллық юморы менен оғада жақсы текст болып, онда қандай да бир көп жанрлылық бар. Әне усындай материал, мениңше, бириншиден, артистлерди анықлаўға жүдә үлкен имканият береди. Бул трагедия-комедия сийрек ушырасатуғын материал, менинше көпшилик оған қол тийгизиўге де қорқады. Лабораторияда болса, эскиз шеңбериндеги сыяқлы, жүрек етиў мүмкин", - деп атап өтти режиссёр.
А.Сахаровтың пикиринше, режиссёрлық лабораториясы аз ўақытта салмақлы нәтийже бериў ўазыйпасы қойылғанда, артистлер, театр цехлары, улыўма театр ушын жүдә пайдалы есапланады.
Бул пикирди Россия Федерациясы ТХА шет елдеги рус театрларын қоллап-қуўатлаў орайының басшысы Константин Горин де қоллап-қуўатлайды. Өзбекстанның МАРДТ имараты еки жылға шамалас оңлаў жағдайында турғанын есапқа алсақ, оның дөретиўшилик жәмәәтиниң усы ўақыт даўамында театр ушын үйреншикли турмысы болмағанын түсиниўге болады. Режиссёрлық лабораториясы болса қайтадан толық дөретиўшилик пенен шуғылланыў, адамлар актёрлық кәсипке кирип атырған өз кәсибине дыққатты қаратыў ушын жақсы имканият болып есапланады.
Театр оңланыўына қарамастан, әлбетте, бир орында турмайды. Усындай шараятта да келеси театр мәўсиминде көрсетемиз деген умит пенен жаңа спектакллердиң репетициялары өткерилмекте. Театрдың әдебий бөлим баслығының жәрдемшиси Регина Казакованың атап өтиўинше, театрда Мольердиң "Дворянлықтағы мешчан", Володинниң "Сүйиклиңизден ажыралмаң" спектакллериниң репетициялары болып өтпекте. Олар үстиндеги жумыслар Режиссёрлық лабораториясы жуўмақланғаннан соң даўам еттириледи, себеби усы күнлери барлық репетиця майданлары ҳәм көпшилик актёрлар бәнт.
Енди бул болажақ премьераларға Лаборатория жуўмақлары бойынша спектакль де қосылады. Константин Горин үмит билдиргениндей, бәлким, ол Өзбекстанның гезектеги МАРДТ театр мәўсимин ашып бериўи мүмкин. Театрда бул ўақытқа шекем ремонт тамамланыўына ҳәмме үмит етпекте.
"Россия театр ғайраткерлери аўқамының Өзбекстан мәмлекетлик академиялық рус драма театры менен бундай бирге ислесиўи, әлбетте, даўам еттириледи. Режиссёрлық лабораториясының жуўмағы бойынша 2026-жылы толық спектакль ислеп шығарылады. Оған шекем биз россиялы қәнигелеримизди жетекши театр бағдарлары, атап айтқанда, актёрлық шеберлиги, сахналық сөйлеў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша бул жерге командировкаға жиберген едик. Бул бирге ислесиўди әлбетте даўам еттириў керек, деп ойлайман", - дейди К.Горин.
Театрдағылар да солай ойлайды, эскиз вариантында болса да, үш жаңа спектакль үстинде ислеў оғада қызықлы ҳәм дөретиўшилик пенен өтпекте. МАРДТ актёрлары, сондай-ақ, режиссёр Софья Овсянникова менен Гоголдың "Вий" шығармасы тийкарында ҳәм Александра Кохан менен Булгаковтың "Жас шыпакердиң жазыўлары" шығармасы тийкарында және еки бөлимди репетиция етпекте.
"Улыўма театр - бул жанлы энергия. Дөретиўшилер командасы тамаша етиўге келген адамлар менен қәлиплестиретуғын жанлы энергия. Соның ушын, ҳеш нәрсеге қарамастан, театр бүгинги күнде де адамларға керек - себеби бул жерде жанлардың сондай бирлесиўи, қаҳарманларға қайғырыў, оларға қол тийгизиў ҳәм буны өзиң менен қандай да бир түрде байланыстырыў имканияты жаратылады", - деп жуўап берди Александра Кохан театрдың қәдири ҳаққындағы сораўға.
Өзбекстанның ең ески театрларынан бириниң сахнасындағы спектакллердиң қайта тиклениўин тамашагөйлер не ушын күтип атырғанының себеплеринен бири де усы.