Олардың жазыўынша, өзбек шахматшысы Жавоҳир Синдаров Ҳиндстанның Гоа қаласында болып өткен жарысларда жәҳән кубогиниң ең жас жеңимпазы болды, деп жазбақта "Дунё" МА.
Атап өтилиўинше, Жавоҳир Синдаров шешиўши ойында тай-брейкте Қытай ўәкили Вэй Ини 2,5:1,5 есабында жеңип шықты.
Мағлыўматларға қарағанда, 19 жаслы гроссмейстер 2005-жылы Армения байрағы астында 23 жасында турнирде жеңимпаз болған Левон Аронянның рекордын жеңип шыққан.
Шахматшының табысы Өзбекстан басшысы Шавкат Мирзиёев тәрепинен айрықша атап өтилген. Ол Президентлик олимпиадасының ашылыў мәресиминде сөзин бөлип, спортшыны қутлықлады.
Сондай-ақ, Жавоҳир Синдаров он еки жасында гроссмейстер атағын алғаны, 2022-жылы болса миллий сайланды командамыздың Жәҳән шахмат олимпиадасында жеңимпаз болыўына мүнәсип үлес қосқаны айтылмақта.
Россия ғалаба хабар қураллары, сондай-ақ, 2023-жылы қолға киргизилген Жәҳән кубогиниң алдынғы ийеси норвегиялы Магнус Карлсен болғанын еслетип өтпекте.

